ҚАРАҚУЛАҚ

Илимде, сондай-ақ ата-бабалар турмысында мәлим пышықтың және де бир түри-қарақулақ (туркестанская рысь, латынша фелис линкс исабеллина) деп аталады. Қарақулақ-Орта Азия ҳәм Қазахстанның таўлы районларында жасайды. Басқа түрлери Арқа Америка ҳәм Евразияда, соның ишинде Россияның европа бөлегиниң арқасында, Сибирьде (тундрадан тысқары) ҳәм Узақ Шығыста кең таралған.
Қарақулақ - пышық теклес жыртқыш ҳайўан. Денесиниң узынлығы 82-105 см, қуйрығы 20-31 см, аўырлығы 10-20 кг. Киши турпатлы, мығым, аяқлары узын ҳәм қарыўлы. Шекеси жүнли, қулақ ушлары-пөпекли. Танымалы белгиси-қысқа қуйрықлы, ушы кесик. Қыста жүнлери қалын, жумсақ, реңи-түтин сыяқлы қоңыр - сарғыштан сарғыш-қызылға шекем, арқасы, қапталлары ҳәм аяқлары ала тарғыл.
Қарақулақлар нарт шақалы, ийне жапырақлы қалың тоғайларда ҳәм даўылдан майысқан копалықларда жасағанды жақсы көреди. Сүўда жақсы жүзеди ҳәм тереклер, таўлы тасларға өрмелепте кете береди. Азықлық излеп, әсиресе гөжеклер азайып кетсе узақ жақларға да шығынып кетеди. Сондай-ақ қурғақлық қуслары, түлки, жабайы ийтлер (енотовидная собака) ҳәм басқа да кишкене ҳайўанларды аўлайды. Олжаларын соқпақлар ҳәм суўдың жайпаўытларында аңлып турады, ҳәдден тыс саклық пенен жасырынады ,кейин шапшып бас салады. Қыс айларында қалың қарға көмилип қалған туяқлылар ушын қәўипли.
Шағылысыўы қыстың аяғы ҳәм ерте бәҳәрге туўры келеди. Буўазлылығы 2,5 айға шекем созылады. Бир туўғанда 2-3 бала туўады. (12 күнде көзин ашады). Уясын терек тамыры астындағы иңге, қандеклерге, кишкене жер төле ямаса үңгирлерге салады. Тәрбиясы менен ата-анасының екеўи де шуғылланады. Териси коммерциялық әҳмийетке ийе. Мине, дәўсебен деп атырғаныңыз усы қарақулақ болыўы да мүмкин. Қәйткенде де дәўсебенниң адамнан айныған мақлуқ емес екенлиги белгили болды. Адамнан айныған мақлуқты қарақалпақшада, Ырзабектиң жазғанындай, "гөрбар" деп атайды. (мәселен, пара алыўға тоймаған ямаса улыўма ашкөз адамларға халық ҳәзили-шыны аралас "гөрбар" деген лақап тағады).
Редакция.
Канал👉 @shejireqr