Ғәплетте қалмаң! Бараат түни: ырысқылар бөлистириледи, тәғдирлер белгиленеди, гүналар кешириледи

Ғәплетте қалмаң! Бараат түни: ырысқылар бөлистириледи, тәғдирлер белгиленеди, гүналар кешириледи

Paziylet.uz


Еслетпе! Бул жылғы бараат түни 24 февраль шемби күнинен 25 февраль екшембиге өтер түнине туўры келмекте, иншааллаҳ.


Бараат сөзи қандай мәнини билдиреди?

"Бараат" сөзи араб тилинде "азат болыў", "утысқа ерисиў" деген мәнилерди билдиреди. Бул түнниң бундай аталыўына себеп, онда Аллаҳ тааланың мийрими ҳәм кеңшилиги менен есапсыз инсанлар дозақтан қутылады.


Бараат түни қандай түн?

Айша анамыз разыяллаҳу анҳа айтады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам меннен: «Ҳәй Айша бул түнниң қандай түн екенин билесең бе?», – деп сорады. Мен: «Аллаҳ ҳәм Оның Расули билиўширек!» дедим. «Бул Шаъбан айының он бесинши түни. Аллаҳ азза ўа жалла бул түнде бенделерине мийрим нәзери менен қарайды ҳәм мағфират тилегенлерди мағфират қылады, кеңшилик сорағанларға Өзиниң кеңшилигин жаўдыратуғын түн. Бирақ, кеўлинде мусылманларға кеги бар адамларды қалай болса солай қалдырады», деди (Имам Байҳақий рәўияты).


Бараат түнинде гүналар мағфират қылынады

Ҳәзирети Әбиў Бәкир Сыддық разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады: "Аллаҳ таала шаъбанның он бесинши түни дүнья аспанына түседи ҳәм Аллаҳға ширк келтирген ҳәм қәлбинде кек бар адамнан басқа бәршени мағфират қылады" (Имам Байҳақый рәўияты).


Бул түнде адамлар дозақтан азат қылынады.

      Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: Жәбрайыл алайҳиссалам мениң алдыма келип: “Бул Шаъбанның он бесинши түни. Аллаҳ таала бул түнде көп адамларды дозақтан азат етеди. Олардың саны Кәлб қәўими қойларының жүнлеринен де артық болады. Тек бул түнде Аллаҳға ширк келтирген, кекшил ҳәм туўысқанлық қатнасықларын үзиўши, изарын(менменлик пенен) тобығынан пәске түсирип жүриўши, ата-анасына ақ болыўшы ҳәм хамр ишиўшилерге раҳмат нәзери менен қарамайды”, – деди. (Имам Байҳақий рәўияты) 

    Бул түнде дуўалар қабыл болады.

     Усман ибн Әбул Асс разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: "Қашан Шаъбанның он бесинши түни болса, (Аллаҳ таала тәрепинен) бир нидә қылыўшы нидә қылады: “мағфират сораўшы бар ма, Мен оны мағфират қыламан! Сораўшы бар ма, Мен оған беремен”, – дейди. Сол ўақытта ким сораса, оған бериледи. Зинакар ҳаял ҳәм мушриктен басқа". 


Бул түн қандай әмеллерди орынлаў керек?

1. Қуфтан ҳәм таң намазын жәмәәт пенен оқың;

2. Тәўбе ҳәм истиғфар айтыўға итибарлы болың;

3. Өзиңиз ҳәм барлық үммет ушын қайырлы дуўалар қылың;

4. Қолдан келгенше көбирек зикирлер, нәпил ибадатлар, Қуран тиләўат қылың;

5. Имкан тапсаңыз Шаъбанның он бесинши күни ораза тутың. 


      Әлий разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: “Қашан Шаъбанның он бесинши түни болса, оның түнин уйқысыз өткериң, күндизиниң оразасын тутың. Себеби, сонда Аллаҳ қуяш батыў пайытында дүнья аспанына түседи ҳәм таң атқанша: “Қәне, истиғфар айтыўшы бар ма, оны мағфират қыламан. Қәне, ырысқы сораўшы бар ма, оған ырысқы беремен. Қәне, қыйыншылыққа ушыраған бар ма, оған жеңиллик беремен. Қәне, пәлен, пәлен” (дейди) – деди. (Ибн Мажа рәўияты) 


      Бул түнди уйқысыз өткергенге жәннет ўәжиб болады.

      Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким бес түнди уйқысыз өткерсе, жәннет оған ўәжиб болады – тәрўия, арафа, қурбанлық, фитр ҳәм Шаъбанның он бесинши түни”, – деди.

 

Аллаҳ бул айда қалыс нийетлер менен қылатуғын барлық әмеллеримизди қабыл етсин. Өзи дуўаларды әмелге асырыўшы ҳәм гүналарды мағфират қылыўшы.


Report Page