Топарымыз мақсети, ўазыйпасы хәм қағыйдалары!

Топарымыз мақсети, ўазыйпасы хәм қағыйдалары!


Топарымыз мақсети халқымыз арасында китапка деген итибарды еле де арттырыў, топарымызда китап сүйер досларымызды санын кобейтиў.

Топарымызда өзиңиз излеп жүрген китапларыңызды сорасаңыз болады ҳәм де баскалар излеп журген топар ағзалары излеген китапларды табыўға өз үлесиңизди косыўыңызды сорап каламыз!


📚 Топарымызда китапты буйыртпа бериў қағыйдалары:


#Заказ - китаптың аты - китаптың авторы

#Zakaz - Kitaptin ati - Avtori 


Изинде жылы ямаса илажи болғанша сүўрети болса бизге излеў жеңил болар еди.

Хабарыңыз бар көплеген китаплар сканерленбеген көп китаплар электрон варианты табылмайды. Лекин биз бул менен шекленбей қолдан келгенше излеп көремиз!


Топарда белсене болыўыңызды шақырып қаламыз!

Топар ағзалары санын арттырыўға, топардың раўажланыўына өз үлесиңизди косыўыңызды шақырып қаламыз!


❌ Ескертип өтемиз төмендегилер топарда кадаған етиледи!


- Флуд (өсек)

- Топар қағыйдасына қатнасы жоқ видеолар, суўретлер, ҳәзиллер, топар мақсетине тийисли болмаған файллар, тарқатпа материаллар ҳәм анимация жибериў,

- Топарда сөгиниў, топар ағзаларына ҳүрметсизлик хәм топар администрациясына қопал мүнәсибетте болыў,

- Басқа топарлар, каналлар силтемесин ҳәм реклама жайластырыў қадаған етиледи. (накрутка даўыс бериў х.т.б)

Админлердинг личкасына жазып китап сорамаe личкада китап таркатылмайды

- ДТМ 

- Тематический план

- ОМК (УМК)

- ТАРБИЯ СААТ

- САБАК ИСЛЕНБЕ

Жокарыдагы кадаганлар ишине топар адмиинистрциясы озгерис киритеди (Уакыт хам келешектеги талапларга карап)

 

✅ Топарда рухсат етиледи (Хош көриледи)


- Белсене қатнасыў,

- Топар ағзаларына электрон китап излесиўге жәрдем бериў, (китап таўып бериў),

- Топар ағзаларының санын көбейтиў,


Бизге түсинбей атырған сораўларыңыз ямаса усыныслар болса топар администрациясына хабарлассаңыз яки болмаса төменде көрсетилген бот арқалы

 - @Kitapxananukusbot хабар жазыўыңызға болады.


Сизге жәрдем бергенимизден қуўанышлымыз! 😊

Report Page