Stihia 2024

Stihia 2024

Kamal Uteniyazov

5-8 июнь күнлери Республикамызда көпшилик ушын әжайып электрон музыка фестивали ретинде танылған бирақ ол илим ҳәм билимлендириў фестивалы да болып есапланатуғын– STIHIA болып өтеди. Ол қатара алты жылдан берли Өзбекстан халқын ҳәм мийманларды халықаралық музыкантлардың өнерлери, өзине тән әжайып орталық, қызықлы лекциялар ҳәм шеберлик сабақлары менен қуўантпақта.

 

Быйыл фестиваль және бир мәрте оның ўатаны болған, бир ўақытлары суўы мәўиж урып турған жаға орнында, ал, ҳәзир гөззал пейзажлы шөл қойны болған – Мойнақтағы «Кемелер қойымшылығында» болып өтеди. Фестиваль мийманлары STIHIA аймағындағы шатыр ҳәм отаў лагерлеринде, сондай-ақ, қонақлар ағымын ынтығып күтип отырған Мойнақ қаласындағы мийманхана ҳәм қонақ үйлеринде болыўы мүмкин.

 

Сондай-ақ, фестиваль шеңберинде дәстүрий тәризде мәмлекетимиз ҳәм дүнья жүзиндеги экологиялық жағдайға бағышланған Stihia N+1 форумы өткериледи. Қәлеўшилер халықаралық қәнигелердиң пикирлерин тыңлаўы, өз пикирлери менен бөлисиўи ҳәм тәбиятты сақлап қалыў ушын ҳәр биримиздиң не ислеўимиз мүмкин екенлигин билип алыўы мүмкин. Сонлықтан да, фестивальды шәртли түрде әҳмийетли ҳәм пайдалы мәдений илаж деп атаў мүмкин, оның мақсети аймағымыздың турақлы экологиялық раўажланыўы болып табылады.

 

Фестивальдың stihia.org веб-сайтынан, сондай-ақ, @stihiafestival Instagram бетинен көбирек мағлыўмат алың ҳәм билетлерди сатып алың.


Report Page