Социяллық тармақларда тарқалған Қонырат районында «Тез жәрдем автомашинасына жол бермеген» деп аталған видео бойынша мағлыўмат

Социяллық тармақларда тарқалған Қонырат районында «Тез жәрдем автомашинасына жол бермеген» деп аталған видео бойынша мағлыўмат

kr iiv

2021 жыл 5 июль күни Қоңырат районы Т.Айбергенов көшесинде Кобальт маркалы автомашина тез жардем автомашинасына жол берместен жолдың қарама-қарсы тәрепинен ҳәрекетленип барған. Нәтийжеде тез жәрдем автомашинасының ҳәрекети бираз ўақыт шекленген. Бул ўақыя бойынша Қоңырат районы Ишки ислер болими жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимшеси хызметкерлери тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылғанында бул қағыйдабузарлықты Қоңырат районы Өрнек АПЖ да жасаўшы 22.01.1996 жыл туўылган М.С исимли пуқара өзине тийисли болған Кобальт маркалы   95Х666GA болған автомашинасында ислегенлиги анықланған. Сол себепли автомашина айдаўшысы М.С ға Жол ҳәрекети қағыйдаларыңың 2-бәнти талапларын бузғанлығы ушын  UZ-20-серялы 95-126481-санлы ҳәкимшилик баяннамасы рәсмийлестирилди. Сол себепли бәрше автомашина басқарыўшыларынан жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел қылыўыңызды сорап қаламыз.  

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ЖҲҚБ баспа сөз хызмети 


Report Page