Республикалық хирургиялық ангионеврология қәнигелескен орайының Қарақалпақстан филиалы ашылды!

Республикалық хирургиялық ангионеврология қәнигелескен орайының Қарақалпақстан филиалы ашылды!

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети

Қәнигелестирилген медициналық хызметлерди шетки аймақларға жеткериў бойынша мәмлекетимиз басшысының тийисли пәрман ҳәм қарарлары тийкарында Республикалық хирургиялық ангионеврология қәнигелескен орайының Қарақалпақстан филиалы ашылды. 

Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – созылмалы бас мий қан айланысы жетиспеўшилиги кеселликлери бойынша орынларда халыққа жоқары маманлы қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў, кеселликлерди аймақлар бойынша терең үйренип анализ етиў ҳәм аймақлардың өзгешеликлеринен келип шығып, кеселликлердиң профилактикасы, диагностикасы ҳәм емлеўдиң заманагөй усылларын орынларда әмелиятқа енгизиў болып табылады. Сондай-ақ, кеселликлерди реабилитация етиў ис-илажларын өткериў ҳәм күшейтиў, Орайдың маман қәнигелери тәрепинен көшпели консультациялар, шеберлик сабақлары ҳәм семинарларын, жоқары технологиялы хирургиялық әмелиятларды турақлы түрде әмелге асырыў болып есапланады.

2021-жыл 11-июнь күни О.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайы базасында усы филиалдың ашылыў мәресими болып өтип, оған Республикалық хирургиялық ангионеврология қәнигелескен орайы директоры, Өзбекстан ҳәм Россия илимлер академиясы академиги, м.и.д., профессор Шавкат Ибрагимович Каримов, ҚР Денсаўлықты сақлаў министри Мурад Исмаилович Қурбанов ҳәм филиалдың медицина хызметкерлери қатнасты. Ашылыў мәресиминде Республикалық хирургиялық ангионеврология қәнигелескен орайы ҳәм ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги ортасында меморандумға қол қойылды.

«Президентимиз Ш.Мирзиёевтың басламасы менен Өзбекстанның барлық аймақларында Ташкент қаласындағы қәнигелестирилген медициналық орайлардың филиаллары ашылыўы нәзерде тутылған. Мине усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстанда бизиң орайымыздың филиалы ашылмақта. Алдағы ўазыйпаларымыз 5 жылға мөлшерленген жол картасы тийкарында қурамалы ҳәм нәзик болған бас мий қан айланысы кеселликлери бойынша мағлыўматларды биринши гезекте Қарақалпақстандағы қәнигелерге жеткериў, келешекте қурамалы операцияларды әмелге асырыўда наўқасларды Ташкент қаласына жибериў ямаса бизиң орайдың қәнигелери Нөкиске келип операцияларды өткериў, жергиликли шыпакерлердиң маманлығын асырыў бойынша орайымызда оқыў курсларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, илим менен шуғылланыўды қәлеген ҳәрбир қәнигеге жәрдем бериў болып есапланады. Қулласы, бул ис-ҳәрекетлеримиз, режелеримиз қағазда қалып қоймай, әмелде қолланылыўы тийис», – дейди Республикалық хирургиялық ангионеврология қәнигелескен орайы директоры, академик Шавкат Каримов.

Ашылыў мәресими даўамында мийманлар филиалда жаратылған шараятларды көзден өткерди. Сондай-ақ, үлкемиздиң биринши шыпакери болған О.Халмуратов атындағы музей менен жақыннан танысты.


ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети

Report Page