Президентликке талабанлар неше процент даўыс топлағаны мәлим етилди

Президентликке талабанлар неше процент даўыс топлағаны мәлим етилди

@saylaw_2021

Өзбекстан Экологиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Нарзулла Наимович Обломуродов – 4,1 процент;

Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Мақсуда Азизовна Ворисова – 6,6 процент;

Өзбекстан Либераль-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Шавкат Миромонович Мирзиёев – 80,1 процент;

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Алишер Келдиевич Қодиров – 5,5 процент;

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан Баҳром Абдураҳимович Абдуҳалимов – 3,4 процент.

Сайлаўшылар дизимине киргизилген 20 миллион 158 мың 907 сайлаўшыдан Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында сырт еллерде даўыс берген ўатанласларымыз бенен қосып есаплағанда 16 миллион 212 мың 343 сайлаўшы қатнасты. Бул сайлаўшылардың улыўма санының 80,4 процентинен көп болып табылады.

421 мың 176 сайлаўшы усы жылдың 14-октябрьден 20-октябрьге шекем өткерилген мүддетинен алдын даўыс бериў имканиятынан пайдаланды.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Report Page