О

О

О

ОРАҚШЫЛАР
– БЕК, БЕКЛЕР – ОРАҚШЫ, ЕЛДИ БАСҚАРАР УРЫ ҲӘМ ҚАРАҚШЫ…

 

 

       «Ўақты келип...» деп басланатуғын бул нақыл ҳәммеге де тийисли емес. Бирақ жәмийетимиз соған баратырғандай (бул жеке пикирим).

      Халқымызда «саўатлының саўатсызға иси түспесин» деген гәп бар. Тилекке қарсы басым көпшилик мәмлекетлик басқарыў
уйымларында пуқаралардың мүрәжатлары бир уйымнан екинши уйымға тийкарсыз түрде,
меннен кеткенше ийесине жеткенше дегендей ысырып салыў менен пуқаралардың сергизданлығына, мәмлекет басшыларына
деген исенимниң жоғалыўына себепши болып атырған фактлер жүдә көп.

 


КӨЗАБАҒА ӨТКЕРИЛИП АТЫРҒАН КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎЛАР

 

       Жақында Өзбекстан Республикасы
мәмлекетлик басқарыў, ҳуқық қорғаў уйымлары басшылары келип, Қарақалпақстан
бойлап пуқаралардың мүрәжатларын қабыллады. Мен усы мапазды үйренген
едим. Басшылар соныда билип қойың, бундай көзабаға қабыллаў өткерип халық ушын
жан күйдирип ислеп атырған президентимизди халыққа жаман көрсетип атырсызлар.

       Бул қуры жазылған дөҳмет емес – факт,
мен өз атымнан  бирде-бир басшыға жеке мәпим ушын арза жазбадым. Мысал ушын, Өзбекстан Республикасынан келген басшыларға
пуқаралар не деген үмитлер менен Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық,
Ҳәкимшилик, Жынаят ислери бойынша судларының апеллияция, кассация басқышларында
көрилген ислерден наразы болып Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығының
1-орынбасарына мүрәжат етти. Бирақ олардың сол мүрәжатларына Қарақалпақстан
Республикасындағы суд баслықларынан жуўаплар келди.

       Усы орында сораў туўылады
бул басшылар, ҳәр бир мүрәжат артында инсан тәғдири турғанлығын билерме екен? Негизи
кодекс талабына көре жоқары уйымға төменги турыўшы уйым үстинен жазылған арза
сол төменги уйымға көрип шығыў ушын жоллаўға нызамда жол қойылмайды делинген.

       «Балық басынан ширийди»
дегендей нызамды аяғының астына басып отырған айырым ҳәмелдарлардың бундай
нызам бузыўшылықлары билинбей кете береди. Себеби, нызамның нызам талапларында
орынланыўын өзлери қадағалайды. Өзи бий, өзи хожа олар өзлериниң нызам
талапларын бузып отырғанын билсе де билдирмеўге тырысады. Болмаса төменги
уйымлардан унамлы шешилмей президент мәсләҳәтшиниң қабыллаўына шекем шешилмей
келип «машқаланың сол жердиң өзинде унамлы шешилди» деп ғалаба хабар қураллары
арқалы еле питпеген жумысы ушын миннетдаршылық билдирип мақтатып сөйлетиўи жүдә
уят ҳәдийсе. Негизи жергиликли басшылар бундай машқалаларды сол дәрежеге
апарғанына уялыў керек. Олар «машқала сол жердиң өзинде унамлы шешилетуғын»
болса не ушын усы көшпели қабыллаўға шекем унамлы шешпеди?!

Президент мәсләҳәтшиси орынбасары А.Усманов пуқараларды қабыллаған
ўақытта қала ҳәкими П.Төрешовтың А.Усмановқа берген ўәдесине исенген пуқара
Г.Қалбаева «машқаласы сол жердиң өзинде унамлы шешилген» жер мәселеси бойынша
Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан-24 телеканаллары арқалы машқаламыз шешилди,
ҳуқықымыз тикленди ҳүрметли президентимизге рахмет, деп миннетдаршылық
билдирген еди. Ал ҳақыйқатында бул машқала дерлик үш жылдан берли шешилмей
жалған ўәделер менен созылып киятыр. Бундай мысалларды санасақ санап таўыса
алмайсаң.

 

ЖАР ЖАҒАСЫНДА ТУРҒАН ТАРАЎ

 

       Редакция тәрепинен ҳәзирги ўақытта билимлендириў
тараўы басшылары үстинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси,
билимлендириў министрлиги, прокуратура уйымына жазып-жазып шаршаған бир неше пуқаралардың
мүрәжатын үйренип шығып «ҳәссеней» деўден басқа шарамыз жоқ. Әпиўайы мысал, журтбасымыз барлық мәмлекетлик
уйымларға юрисконсульт штат бирлигин бекитип берди, бирақ пуқаралардың
мүрәжатларын билимлендириў, медицина тараўларында ҳуқықтаныў тараўына
жақынласпайтуғын басқа тараў қәнигелери үйренип шығып қалай болса солай жуўап берип,
өзлеринше жуўмақ берген. Бул жуўмаққа, Министрлер Кеңеси, прокуратура органы да бийпарўа қараған. Мүрәжат бойынша үйренгенимизде Нөкис қаласы халық билимлендириў бөлими
және де бир неше орта мектеплерде көрип шаш
ағаратуғын дәрежеде нызам бузыўшылықларға гүўа болып жағамызды усладық.
Бул жерде
де Өзбекстан Республикасының тең
ҳуқықлы пуқаралары теңсизликтиң
қурбаны болып атырғанлығы мәлим
болды.

      Тексериў жуўмағы тез арада ашық-айдын жәрияланады.

 

  Дәўлетмурат
ТӘЖИМУРАТОВ

@el_xizmetinde

 

        

           

 























































 

Report Page