«Не жаналық?» Ислам Тлепов анық биледи!

«Не жаналық?» Ислам Тлепов анық биледи!

Алена АМИНОВА 

Ислам Тлеповтиң “Не жаңалық?” деген сораӯға жуўабы тайын. Себеби, оның усы атамадағы телеграмм каналында 100 мыңнан аслам ағзалары бар. Жаңалықлар менен бөлисиӯ ушын ол турақлы түрде мәмлекет ҳәм дүньяда жүз берип атырған ӯақыялардан хабардар болыӯға ҳәрекет етеди. Қарақалпақстан пайтахты Нөкис қаласыннан дерлик 100 километр узақлықта жайласқан Қанлыкөл районындағы “Бостан” аӯыл пуқаралар жыйынында интернет тармағына жалғаныӯда ҳеш қандай машқала жоқ.

 Ислам ҳәзир 24 жаста. Ол балалығында басынан өткерген кеселликтен соң майып болып қалды. Aлты жасында оқыӯ ҳәм жазыӯды үйренди, мектеп программасын үйде өзлестирди. Ислам балалығынан хабар технологияларына қызығады. Соннан болса керек, үш жыл алдан досты Ақылбек Турсынбеков пенен бирге жаңалықлар каналын жаратыӯға қарар етти. Оның ушын тек смартфон ҳәм интернетге кириӯ керек еди. Бул оған машқала болмады. Себеби, Ислам усы екеӯи менен қашаннан берли тил табысқан еди.

 Басында жазылыӯшылар оғада еди. Бирақ, Ислам буннан түскинликке түспестен, оқыўшылардың дийдинен шығатуғын материаллар таярлаў үстинде бас қатырды. Тынымсыз ҳәрекет өз нәтийжесин берди.

 Ол бүгинги күнде өз каналы ушын басқа дереклерде жарияланған хабарларды өзбек тилинен қарақалпақ тилине аӯдарма ислейди. Сондай-ақ,  өзи де мақала жазады ҳәм ағзалар турақлы түрде оның менен мағлыӯмат бөлиседи. Aналитиканы болса, оның республика көлеминдеги илажларда қатнасатуғын досты Ақылбек Турсынбеков таярлайды.

“Не жаңалық?” каналында күнине ҳәр түрдеги 15 ке шекем жаңалықлар пайда болады. Исламның жумыс кестеси бир өлшемде емес.

 Ɵзиң унатқан жумыс пенен шуғылланыӯ текғана заӯық емес, ал дәрамат та келтиреди. Реклама беретуғынлар оның менен тығыз бирге ислеспекте. Неге дегенде, оның жаңалықлар каналы Қарақалпақстандағы басқа көплеген жаңалық тармакларынан бир неше есе алдында.

 Район хәкимшилиги жигиттиң дөретиўшилик күш-ғайратын қоллап-қуӯатламақта. Ҳәкимниң сыйлығы - заманагөй ноутбук болып, Ислам оннан веб-сайтлар және социаллық роликлер жаратыӯда пайдаланыӯды режелестирмекте.

 Исламның пикирине көре, ИТ саласында ислеӯ аңсат. Алған билимлери оған өмирде өзин табыӯға ҳәм кеселлигин умытыӯға жәрдем берди.

 Ислам үлкен ҳәм миймандос шаңарақта үлкейген. Ата-анасы Жамурат Aяпов ҳәм Aрзыгул Узақова 4 перзентин жоқары ғамҳорлықта тәрбиялаған. Ислам мудамы излениӯшең, ашықкеӯил, инилерине ҳәм қарындасларына өрнек болады. Ислам дүнья өзгерип атыр ҳәм адамлар да теңдей өзгериӯи керек дейди. Сондағана раӯажланыӯ ҳәм жәмийетлик турмыстың орайында қалыӯ ҳәм адамларға пайда келтириӯ мүмкин. Бизиң қаҳарманымыз буны жүдә жақсы атқарады ҳәм келешек ушын мақсет ҳәм режелер әмелдегидей болғанында, ол әлбетте көтеринки кеӯилде болады.

Алена АМИНОВА 




Report Page