НМПИ де нелер болып атыр ?...

НМПИ де нелер болып атыр ?...

@Ziyaevblogi

2020 йилда аттестациядан ўтказиладиган ОТМ ва илмий-тадқиқот муассасалари рўйхати ва ўтказилиш муддати:


Ноябрь:

25. Нукус давлат педагогика институти;                   

26. Қорақалпоқ давлат университети;                   

27. Қорақалпоқ табиий фанлар илмий-тадқиқот институти.


Эслатиб ўтамиз, янги тартибга кўра, аттестация хулосаси 2 кўринишда бўлади: аттестациядан ўтди ва аттестациядан ўтмади. 

Бундан буён “шартли ўтди” деган тушунча бўлмайди, аттестациядан ўтмаган таълим йўналиши ёки мутахассислигига қабул тўхтатилади.


👉@fmadraximova👈


Институттағы бийбастақлық

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы баслығының мәсләҳатшысы, PhD докторы, Феруза Мадрахимова өзиниң телеграм каналында 2020-жылда аттестациядан өткерилетуғын ЖОО ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери дизими ҳәм өткерилиўи мүддети жәриялаған еди. 

Онда берилиўинше Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мәмлекетлик аттестациядан 2020-жылы Ноябрь айында өткерилиўи белгиленген. Бирақ, Институттың туркий тиллер филологиясы қарақалпак тили ҳәм әдебияты қәнигелиги бойынша билим алып атырған студентлери аттестациядан өтиўге таярланып атыр. Таярланса таярлансын, деген менен Ноябрь айындағы сынаққа бүгин-ертең питкеретуғын 4-курс студентлериниң қандай катнасы бар? Олар аррағырақ барғанда август айына шекем институт қурамында болар. Оларға аттестация керек емес. Сонда еки мезгил оқыўды бәнелеп, күнниң екинши ярымында тестке таярланыўға не қәжет? Студентлер арасында балалы аналар, биреўдиң келинлери, оқыўды питкериўге шамалас «өз орнымды табаман» деп жумысқа жайласқанлар ҳәм басқа да түрли жағдайы барлар табылады. Басқа факультетлерда бундай ғаўасат тарқалғанын еситпедик. Бирақ… сондай-сондай болған. Буған жуўапкерлер суп-сулыў етип, бундай жағдай болмағанлығын дәлиллеп береди еле, алдыннан айтып қойып атырғаным. Оғада кулкили жағдай. «Шаш ал десе бөрик ал» дегени усы. Болмаса, аттестацияға қатнасы жоқ 4-курслар таярлық көрип отырмас еди. Әй-, аржағына берсин дейсең.


✍️Жанкүйер Қайырқом

Report Page