Мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси тәрепинен халықаралық ҳәм басқа рәсмий илажларда саўға алыў тәртиби белгиленди. 

Мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси тәрепинен халықаралық ҳәм басқа рәсмий илажларда саўға алыў тәртиби белгиленди. 


Мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси тәрепинен хызмет сапарлары, халықаралық ҳәм басқа рәсмий илажлар мүнәсибети менен алыныўы мүмкин болған саўға баҳасы, сондай-ақ оны басқарыў тәртиби ҳаққындағы Реже Әдиллик министрлигинен мәмлекетлик дизимнен өткерилди (дизим саны – 3425, 13.03.2023-ж.).

Режеге көре, мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси Өзбекстан Республикасынан тысқарыдағы хызмет сапарлары, халықаралық ҳәм басқа рәсмий илажлар, Өзбекстанда өткерилетуғын халықаралық ҳәм басқа рәсмий илажларда саўға алыўы мүмкин.  

 

Өзбекстандағы басқа хызмет сапарларында саўға алыўы мүмкин емес.

 Мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси алатуғын саўға төмендеги талапларға жуўап бериўи керек:

 ▫️миллий нызамшылығымызда қадаған етилмеген затлар болыўы;

▫️саўға халықаралық ҳәм басқа рәсмий илажларда ықтыярлы түрде берилген  болыўы;

▫️саўға ашық-айдын қабыл етилиўи;

▫️мәмлекетлик уйымның абырайына зыян жеткермеўи;

▫️мәплер тоқнасыўы ямаса коррупциялық факторды келтирип шығармаўы.

 

Мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси саўғаны илаждан келгеннен кейин

3 жумыс күнинде хожалық бөлимине береди ҳәм бунда акт дүзиледи.

 

Саўғаның баҳасы анық болмаса, хожалық бөлими оны баҳалайды ҳәм оның баҳасы БЕМның 4 есесинен (1,2 млн сумнан) көп болмаса, саўға Мәмлекетлик пуқаралық хызметшисине бериледи.

 

Саўғаның баҳасы БЕМның 4 есесинен көп болса, ол финанс-экономика бөлими тәрепинен мәмлекетлик уйым балансына кирим қылынады ҳәмде мәмлекетлик уйымның мүтәжлиги ушын пайдаланылады.

 

Тез жарамсыз жағдайға келиўши саўғалар (гүл, кондитер өнимлери), сондай-ақ канцелярия топламлары (календарь, буклет, пластмассалы ручка, күнделик ҳәм блокнот) саўға ретинде рәсмийлестирилмейди ҳәмде усы саўғалар мәмлекетлик пуқаралық хызметшисинде қалдырылады.

 

❗️Усы реже талаплары бәрше мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери ушын мәжбүрий есапланады.

 

Каналға жалғаныў 👇👇👇

@ARGOS_QR


Report Page