Мағлыўмат дәслеп тастыйықлансын, соң жәриялансын!

    Мағлыўмат дәслеп тастыйықлансын, соң жәриялансын!


2020-жыл 30-июнь күни @Kar24uz каналы тәрепинен Қарақалпақстанда вирустан қайтыс болған бир пуқараның Нөкис районы турғыны екенлиги ҳаққында мағлыўмат жәрияланған еди.

Бул бойынша Нөкис районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети рәсмий мағлыўмат береди.

Нөкис районы аймағында жайласқан реабилитация орайындағы «COVID-19» инфекциясына шалынған наўқасларды емлеў ушын арналған стационарға 2020-жыл 27-июнь күни аўыр аўҳалда алып келинген наўқаста өткерилген интенсив емлеў шараларына қарамастан, өткир дем алыў ҳәм жүрек жетиспеўшилиги ақыбетинде, 2020-жылдың 29-июнь күни азанғы ўақытта қайтыс болған.

Мағлыўмат ушын, 07.09.1985-жылы туўылған пуқара Т.Д.Ж усы күнге шекем Нөкис қаласы, А.Абдиреймов көшеси, номерсиз жайда жасап келген. Нөкис район аймағының турғыны емес.



Соңғы жылларда Интернетте жалған хабарлардың саны көбейди. Егер биз бул тийкарсыз жаңалықларды басқалар менен бөлисетуғын болсақ, адамлардың надурыс хабар (fake news) тийкарында қарар қабыл етиўлерине себепши боламыз.


Нөкис районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети




Report Page