МИЛЛИЙ ОЙЫНЛАР – МИЛЛИЙ МАҚТАНЫШ!

МИЛЛИЙ ОЙЫНЛАР – МИЛЛИЙ МАҚТАНЫШ!

Əмир Темур бағы

Пайтахтымыздағы Əмир Темур бағында Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниң оқыўшылары қатнасында “Миллий ойынлар – миллий мақтаныш!” сүрени астында қарақалпақ миллий балалар ҳәм жас өспиримлер ойынлары бойынша жарыслар шөлкемлестирилди.

Илажда Орай Қарақалпақстан бөлиминиң бас қәнигеси Н.Шынназаров, Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Қ.Нуратдинов, дөретиўшилик мектептиң Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы М.Баймурзаева ҳәм басқалар қатнасты.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёв тәрепинен халқымыздың, әсиресе өсип киятырған жас әўладтың руўхый дүньясын байытыў, оларды миллий қәдриятлар руўхында тәрбиялаў ҳәм усы арқалы физикалық ҳәм руўхый жақтан саламат инсанлар етип камалға жеткериў бағдарында көлемли илажлар алып барылмақта.

Өйткени, турмысымызға Интернет, мәлимлеме технологияларының кең ен жайыўы келешек әўладларды усы бағдарда тәрбиялаў мәселерине өзиниң унамсыз тәсирин тийгизип атырғаны бар гәп, әлбетте. Биз қәлейик, қәлемейик бул тармақ перзентлеримизди өз ишине тартып бармақта.

 2022-жылдың 25-май сәнесинде Журтбасшымыз тәрепинен “Этноспорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-259-санлы қарардың қабыл етилиўи усы машқалаларға шешим табыўда оғада әҳмийетли ҳүжжет болды.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен өткен 1 жыл даўамында усы қарардың орынланыўы шеңберинде көлемли дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, бөлимниң тиккелей басламасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы арнаўлы жәмийетлик фонд тәрепинен қаржыландырылған “Миллий ойынлар – миллий мақтаныш!” гранд жойбары шеңберинде қарақалпақ миллий ойынлары изертленип, “Қарақалпақ миллий ойынлары” китабы баспадан шығарылды. Сондай-ақ, социаллық объектлерде улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшылары қатнасында рәң-бәрең ойынлар шөлкемлестирилди, видеокөринислерге жазып алынды, ҒХҚ ҳәм Интернет тармақларында кеңнен үгит-нәсиятланды. Əҳмийетлиси, шөлкемлестирилген бул миллий ойынлар балалардың қызығыўшылығын арттырды. Бүгинги өткерилип атырған илаж да усы дөретиўшилик жумыслардың даўамы болып табылады.

Қарақалпақ халқы өзиниң бай мәдений мийрасларына, әдебияты, мәденият ҳәм көркем өнерине, сондай-ақ, 100 томнан аслам фолькларына ийе. Солардың ишинде, этноспорт, миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынлары өзиниң рәңбәреңлиги ҳәм басқа халықларда сийрек гезлесиў өзгешелиги менен айрықша орын ийелейди.

Илаждың соңғы бөлиминде балалар топарларға бөлинген ҳалда “Жасырынбақ”, “Ат-ешек”, “Ҳәңшер-ҳәңшер”, “Ортаға түспек”, “Қол урмақ” ҳәм “Теппек” ойынлары бойынша беллесиўге түсип, өзлери менен бирге, жыйналғанларға бир дүнья заўық бағышлады. Бир-биринен қызықлы миллий ойын ҳәрекетлери ҳәм ондағы қызықлы мәўритлер Əмир Темур бағын балалардың шадлы күлкилерине бөледи.

–Бүгинги сабақтан бос ўақтымыз жүдә мазмунлы өтпекте, дейди дөретиўшилик мектептиң 8-клас оқыўшысы З.Камалова. –Неге дегенде, биз бүгиги илаж арқалы қарақалпақ миллий ойынларының көпшилиги ҳақкында мағлыўматларға ийе болдық ҳәм әҳмийетлиси өзлеримиз ойнап, жоқары руўхый заўық алдық. Соның менен бирге, келесиде бос ўақытларымызда басқа да миллий ойынларды ойнап, олардың қатарын еле де көбейтиўди режелестиргенбиз. Барлық теңлеслеримди бос ўақытларында қарақалпақ миллий балалар ойынларын ойнаўға шақырып қаламан.

Ойын жуўмағына бола белсене қатнасқанлар ҳәм жеңимпаз топарлар Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен диплом, ҳүрмет жарлық, әдебий китаплар гүлдәстеси ҳәм спорт қураллары менен сыйлықланды.

 

                                                                              Ч.ЕЛМУРАТОВ.

 



Report Page