КӨЙЛЕК ЎАҚЫЯСЫ

КӨЙЛЕК ЎАҚЫЯСЫ

Юморлық гүрриң
Чаржаў Елмуратов

Баҳадыр бирнеше күннен берли ҳаялы Гүлсараны танымай қалды. Ешейинде арзымаған нәрсеге «кел, урысайық» деп туратуғын ҳаялдан наўа қалмаған. Күйеўиниң иши-баўырына кирип баратыр. Жийи-жийи жумыстан сәл кешлеў келсе қабақ шытатуғын ол бүгинлиги оған ҳеш мәни бермей шаабазының әтирапында пәрмана. Айтпай-ақ кийимлер утюгленип, аяқ кийимлер майланып жылтырап тур.

Ҳаялына кеўли толған күйеўи « я алла, бул қандай қүдирет, көз тиймесин, ақырын берсин» деп қойды жатар пайтында өзине өзи.

Буның себебин азанғы шай пайытында билип алды.

— Папасы, сизде гәпим бар еди,–деди кесени аўзына апара бергенде.

— Мен бир баслығың ба едим, руқсат сорағандай, не гәп, айта берсе, шабазым-аў— деди Баҳадыр күлимсиреп.

— Ана, не-ғо, хабарың бар сиңлимниң тойына да азмаз ўақыт қалды.

— Хош, хош не болыпты, киши бажаға той саўғасын әлле қашан алып қойдық, я бир кемшилиги бар маs— сорады кеўлинде ҳеш нәрсе жоқ күйеўи.

— Яғ-аў, саўғасынан кеўлим тоқ — деди Гүлсара бармақларын айқастырып.

— Онда не дейсең?

— Ана Гүлара әжапамның бизнесмен қоңсысы бар ғой, сол шет елден импортный көйлеклер әкелипти.

— Әкелеғойсын, оның менен бизиң не шатағымыз бар, — деди Баҳадыр қолындағы шай кесени столға қойып.

— Кеше әжапам менен бирге көрип қайтып едик. Дым жақсы екен. Тойда жаңа көйлек кийип жүрсем деп нийет етип едим,— деди Гүлсара сыпайылық пенен.

— Көйлек!? — деди күйеўиниң түри бирден өзгерип.

— Аўа, Баҳадыр шет елдики екен, алағояйын я!

— Жақында емес пе, көйлектен жыр шығарып, алып тынғаның, — деди күйеўи ашыўланып.

— Жақында емес, үш-төрт ай болып қалды-ғо, ағасы — деди Гүлсара да ҳәзиржуўаплық етип.

— Сиз ҳаяллар ай сайын отырыспаға, кийим алыўға тоймайды екенсиз-дә. Әй нашарлар-әй, нашарлар! Усы менғой қашан жаңа кийим алғанымды билмеймен, — деди Баҳадыр ашыўланып қабағы жаўылып. — Сизлер көйлекке тоясыз баs

— Мырзағаның тойында костюм-шалбар алдыңызғо, шаабазым, умыттыңыз ба? — еслеткен болды Гүлсара.

— Алсам не болыпты, оннан берли үш жыл өтти. Болды, басымды көп қатырма, көйлек-пөйлегиңди билмеймен, — Баҳадыр шалта орнынан турды.

Онша қаныңқырамаған азанғы шайдан соң балалар бақшаға, ерли-зайыплылар жумысларына жөнелди…

Жумыстан кешлеў келген Баҳадыр бүгин де ҳаялын танымай қалды. Кешеги ашық жүз, жарқыраған қуяш орнын енди қара булт қаплап алған. Шай-аўқат та әдеттеги ўақтында таяр емес. Гүлсара жүзин терис қаратып телевизор алдында сериал көриў менен бәнт… Буның себебин түсинген Баҳадыр үндемеди. «Қәне, қай жерге шекем барар екенсең. Мени райымнан қайтарыўдың зор усылын таўыпсаң өзиңше» деп ойласа да ҳаялына сыр бермеди.

Жумысында отырған Баҳадыр қыял сүрди «Бир көйлекти деп соншама үйдиң берекетин қашырса қалай болғаныs Ең кишкене сиңлисиниң тойы. Әй, усы рет те айтқаны бола қойсын. Садағасы кетейин ақшаның, алақойғанда болмайтуғынбеди…» Тосаттан келген қоңыраў оның ойларын бөлип жиберди. Қәйин әжапасы Гүлара оны кешки аўқатқа мирәт етти. Буған бир жағынан қуўанып кетти. Бажасы менен сөйлесип кеўил жазады, оның үстине ҳаялының жүзиндеги бултты да серпип таслаўға қолай пайыт. «Әжапасы көпти көрген, сиңлисине түсиндирген шығар. Болмаса неге шақырар еди», деп қам ойлаған екен. Бажа қайда, алыс районда хызмет сапарында екен. Еки апалы-сиңлили әлле қандай кийимлерди ортаға алып «өсек қалта»ның аўзын ашып атырғанының үстине келди.

Қонақ асы әжик-гүжик желинди. Кеше ҳеш нәрсе болмағандай ҳаялы буған пәйик болып отырды.

— Ўақыт әлле мәҳәл болып қалды, енди бизлер турсақ, — деди күйеў бала, Гүлсараға «қайтатуғын ўақыт болды» дегендей тамағын қырынып.

— Қайтайықты қой, күйеў бала, балларыңның жанында жатып қалаберсең-о,– деди әжапасы.

— Жүре берейик, азмаз жазыў-сызыўларым бар еди, — деди Баҳадыр наразылығын билдирип.

— Яқшы өзиң билесең, қарсы болмасаң Гүлсара қала берсин, балаларың да уйқылап қалып еди.

— Мейли, — деди Баҳадыр ҳаялының жибискенине кеўли толып.

— Айпақшы, ҳаялыңның көйлеги қутлы болсын! Екеўимиз де бир реңдегисинен алдық, — деди қәйин әжапасы күлимсиреп көйлеклерди нусқап көрсетип.

Бул жыллы қатнастың төркинин енди түсинген Баҳадыр биресе көйлекке, биресе ҳаялына мәнили тигилди де қәлесин-қәлемесин «қутлы болсын»ын айтып кийимлерин кийе баслады.

Апа-сиңлилилер Баҳадырдың «қой-қой»ына қарсылығына қарамай қолына бир пакет нан-баўырсақ пенен бирге «мине, көрдиң бе?» дегендей етип оның үстине Гүлсараның жаңа көйлегин де тығыстырды.

«Ҳәссений, мәккарлар!». Баҳадыр қолында пакет көшениң басында машинадан түсер екен, «Азмаз кеўлиме қарағанда ийемен-ғо. Ҳийлекерлик жолына өткени адамға батады екен-дә» деди ишинен.

Үй дәрўазына жақынлаған жерде қол телефонына жақын жорасы Қошқарбайдан қоңыраў келип қалды. Қолындағы пакетин дәрўаза есигине сүйеп, мисли образға кирип, сәўбетти даўам еттириў мақсетинде көшедеги терек тәрепке жүрди. Жорасы да бәдик емес пе, Баҳадырды әри-бери теңселдирип ярым саатлар шамасында «яқшы онда» деп қызыл кнопканы зорға басты. Қулпты ашып пакетке қол созған Баҳадыр турған орнында қатып қалды. Пакет орнында жоқ еди. Жүреги дүрсилдеп жан-әтирапқа жалтаңлады. Түн тып-тыныш, жақын жерде тири жан көринбейди.

«Әстаўпыралла, жин бе, шайтан ба? Көз бенен қастың арасында қаяққа кетеди бул бәле?», деп қайта-қайта дөгерегине қарағышлады. «Нан-баўырсақ ҳеш гәп, обал болмаса болды, көйлекти айтсаңо, көйлекти. Ким алыўы мүмкин, неге мен сезбей қалдым! Эҳ, телефонның усындайда зыяны да бар-дә! Ҳәсc, сени ме, Қошқар, түйирли бир гәпиң жоқ. қоңыраў ететуғын ўақытты тапқаныңды қара». Усындай ушы-қайыры жоқ гүманлар менен үй әтирапын гезген Баҳадыр жерге шашылған баўырсақларты тапты. «Демек, пакетти ийт сүйреп кеткен, — деген ой басына сап ете қалды. — Пакетти таппасам болмайды! Хош, сонда оңбаған сол ийтти қаяқтан табаман!». Бийтақатланған Баҳадырдың басы қатып қалды. Анда-санда үйдиң алдындағы жем шелекти айланшықлайтуғын ийтлер де көринбейди. Ақыры бир шешимге келди. Көше бойлап ийти бар үйлерге кирип шығыўы…

Бирақ, ийт ийесине не дейменs «Бизиң ҳаялдың жаңа көйлегин ийтиң тартып әкелген жоқ па?», – деймен бе?, деп және ойланды. «Ўай-боў, бул не деген масқарашылық, қудай билсин бул ўақытта қайсы ийт оны нешше илме тесик еткенин. Маған берип жиберип не қылайын деп едиң! Мени қушақлап жатсын деппедиң?» Көйлек киймей, ешкиниң терисин жамылғыр-әй!».

Усындай бир-бирине қарама-қарсы ойларға шырматылған Баҳадыр илажсыздан ийти бар бир қоңсысының есигин қақты.

— Не көйлек инишек, бизиң Ақтырнақ ҳаялыңның көйлегин не қылсын. Жыллы қора, астына қалың көрпеше төсеп қойыппан, — деди қоңсысы Әскербай Баҳадырдың жарасына дуз сеўип. Баҳадыр қоңсысына артықша гәп айтпастан изине ғырра айланып, және бир қоңсысының есигин қақты.

«Жолы болған жигиттиң, жеңгеси шығар алдынан», дегендей тойдан кешлетип келген Темирхан тап гүмандар ийти менен сөйлесип-ақ отырған екен.

— Дениң дурыс па, Баҳадыр! Мениң ийтим көше қаңғырып тамақ излемейди. Және не дейди, қаяқтағы шүберек… Ийт сениң шүберегиңди не қылсын, гөш дегениңде де бир жөн еди, — деди хожейинниң ғәзеби қайнап.

— Аға, енди не деген менен ийт ғой. Көшеде ийис алып сүйреп келмеди ме, деп атырғаным ғой, — деп түсиндирген болды Баҳадыр жумсақлық пенен.

— Ҳей бала, не деп турсаң өзи, турған жериңде аўзыңды бузып жиберейин бе? — Темирхан орнынан турасала Баҳадырдың жағасына асылды. Сырттағы шаўқымды еситкен ҳаялы Шынар иштен жуўырып шықты.

— Ҳәй, ҳей ағасы, не болып қалды?

— Мениң ийтим сеннен ақыллы, — деп гижинди Темирхан.

— Ағасы, қойың, қоңсы-қобадан уятты, қәйним, елестирме

қудалықтан келип едик, ағаң бираз шаршаған, буның менен айтыспай кете ғой,— деди Шынар Баҳадырға жалынышлы түрде. Темирханның қолынан зорға жаздырылып жерге жығылған Баҳадыр дәрҳал өзин оңлап алды да көшеге қарай атылды…

Сыртта бираз өзин тынышландырған Баҳадыр болып өткен масқарашылыққа, көйлекке қолын бир силтеп үйине кирип кетти…

Ертеңине азан менен Баҳадырдың үйине қоңсысы Темирхан ҳаялы Шынар менен кирип келди. Дастурхан әтирапындағы азмаз аман-есенликтен соң Темирхан.

— Иним, кеше бизден бир қәтелик өтипти. Кеширим сорап келип отырман, — деди төмен қарап.

— Яғ-аў аға, өзим де биймезгил барған екенмен, қашшан умытып кеттим, айып өзимде, қысынбаң,— деди Баҳадыр басын қасып.

— Көйлекти таптың ба?— деди Шынар күлимсиреп.

— Яқ жеңгей, келиниңе буйырмаған шығар. Бас аман болса илажы болар,— деди кишипейиллик пенен Баҳадыр.

Шынар Темирхан менен сырлы көз-қарас қылып мыйық тартты да,

— Сүйиншиңди бере бер,— деп қойнынан көйлекти шығарды. — Мине аманатың.

Баҳадырдың жүзинде күлки пайда болды.

— Нан-баўырсағың бизиң Лайкаға буйырған екен-дә,— деди Темирхан ўа-ҳа-ҳалап күлип.

— Үйде ҳеш ким болмаған соң ийт пақыр аш болған ғой. Сениң пакетиңди кетегине сүйреп әкелипти. Нанды шашып жепти-дә, көйлекке тиймепти. Бар гәп усы.

— Зыяны жоқ, жеңге, өзим де сәл итибарсызлық етип едим, — деди Баҳадыр күлкисин баса алмай.

Ҳеш нәрседен бийхабар, иштеги ала-ғаўыр күлкиден ҳайран болып балалары менен Гүлсара кирип келгенде, ортадағы күлки әбден ҳәўижге минди.

— Гүлсара, усы бажаның тойына мен де көйлек алсам қалай болар екен-ә! — деди Баҳадыр күлкиниң мәнисине түсинип ҳаялына қарап.

— Алағойың, ағасы, душпан көзи, әжапамның қоңсысында сизлер ушын да көйлек бар екен,— деди ол да күлимсиреп.

— Буны бизиң ийт еситпесин,— деди Темирхан аға да гәпке араласып. — Бизиң Лайка ерлер көйлегин қайтып бермейди.

Ортада және дуў күлки көтерилди.




Report Page