Карантин қағыйдаларын бузған ҳәкимият ўәкили жәриймаға тартылды!!!

Карантин қағыйдаларын бузған ҳәкимият ўәкили жәриймаға тартылды!!!


http://qqses.uz/2393.html

Кѳпшилик дүнья мәмлекетлеринде COVID-19 коронавирус инфекциясы пандемиясы бойынша қурамалы эпидемиологиялық жағдай бүгинги күнге шекем сақланып қалмақта. Соныӊ менен бир қатарда кеселлениўшилик саныныӊ артыўы менен усы кеселлик ақыбетинде кѳпшилик пуқаралардыӊ биймезгил дүньядан кѳз жумыўларына да себеп болмақта.

Дүнья мәмлекетлери тәжирийбесинен келип шығып, Республикамызда енгизилген карантин шеклеўлери нәтийжесинде ҳалқ арасында коронавирус инфекциясы кеселлигиниӊ кеӊ турде тарқалыўын шеклеўге ҳәмде жуқпалы кеселликти белги шеӊбер ишинде қолға алыўға ерисилди. Деген менен айрым пуқаралар тәрепинен әмелдеги карантин қағыйдаларына бойсынбаслық ҳәмде усыныӊ ақыбетинде басқа пуқараларды да жуқпалы кеселлик пенен зәрерлендирип, кеселлик тарқатыўшы дереклерине айланып қалып атырғанлық жағдайлары ушыраспақта.

Атап айтқанда, усы жылдыӊ 9-февраль куни Тақыятас районы ҳәкимлиги қәнийгеси У.Ф. коронавирус инфекциясы менен кеселленгенлиги себепли үй карантининде болыўы шәртлигине қарамастан социаллық әҳмийеттеги мекеме болған Тақыятас районы «Балалар үйи»не хызмет ўазыйпасы жүзесинен барғанлығы ҳәмде усыныӊ ақыбетинде «Балалар үйи» тәрбияланыўшыларынан 4 баланыӊ кеселлениўине себепши болғанлығы анықланды. Анықланған жағдай жүзесинен Тақыятас районы ҳәкимлиги қәнийгеси бола турып карантин қағыйдаларын қопал түрде бузған жуўапкер У.Ф.ға қарата ҳақимшилик ҳуқуқбузарлық иси қозғатылып, еӊ кем ис ҳаққыныӊ 20 (жигирма) есеси муғдарында жәрийма шарасы қолланылды.

Ҳүрметли пуқаралар! 

Жоқардағы кеўилсиз жағдайлардыӊ алдын-алыў мақсетинде Сизлерден әмелдеги карантин қағыйдаларына қатаӊ түрде әмел қылыўларыӊызды сораймыз.

Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы.


Report Page