КЕКСЕЛЕР ҲӘР ҚАШАН ИТИБАРДА

КЕКСЕЛЕР ҲӘР ҚАШАН ИТИБАРДА

#Кекселер ҳәптелиги

 

Бүгин кексе әўлад ўәкиллерине болған итибар ҳәр қашанғыдан да күшли.

Ҳәр қандай журттың ҳақыйқый байлығы-усы диярда жасап атырған кең пейил, мәрт, көп ғана қыйыншылық ҳәм сынаўларды басынан кеширген, жақсылықты ҳеш қашан умытпайтуғын халқында деп түсинемен.

Инсаният урыс бәлеси ҳәм тынышлығымыздың қәдирин терең аңлап жетти. Ҳәзир қайсы кексе жасы үлкенлеримиздиң сөзин тыңласақ, олар өзлериниң өткен өмири даўамында көрген ашаршылық, жетпесинлик, әдалатсызлық, тәшўишли заманларын айтып, көзлерине ериксиз жас алады. Басы мың тасқа тийген кекселеримиз елимиздиң бүгингидей тынышлығын, еркинлигин көрип, оның қәдирине жетип жасаў кереклигин уқтырады. Себеби бул халқымыздың әсирлер бойы әрман еткен тилеги еди. Мине усындай ата-бабаларымыздың басынан өткерген қыйыншылықларын жасларымызға жеткериў, олар баслаған уллы ислердиң даўашылары болыўға тәрбиялаў бүгин ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз.


 Ɵзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 16-сентябрьдеги тийисли баянламасына тийкарланып, усы жылдың 4-10-октябрь күнлери “Кекселерди қәдирлеў, оларға ҳүрмет кɵрсетиў – халқымызға тән ийгиликли пазыйлет” идеясы астында елмиздиң барлық аймақларында “Кекселер ҳәптелиги” ɵткерилиўи режелестирилген еди. Усы мүнәсибет пенен бүгин Тахтакөпир районындағы "Тахтакөпир" посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде кекселер менен ушырасыў өткерилди.Оған усы аймақта жасаўшы нураныйлар мирәт етилди.

Ушырасыў барысында сөзге шыққан аталарымыз өзлериниң басып өткен өмир жоллары, қыйыншылықларын бүгинги дәўир менен салыстырып, ҳәзиргидей бахытлы заманның несип еткенин шексиз мақтаныш етти. 

-Сизлердей бала дәўиримизде бир ўақытлары бизлер айнасы жоқ, қапысы жоқ мектеплерде билим алғанбыз. Бүгингидей мүмкиншилик бизиң заманымызда ҳеш қашан болмаған. Соның ушын да ҳәр нәрсениң өз ўақтында қәдирине жетип, соннан пайдаланыўға әдетлениң.

Мен сиз жаслардың арасынан келешекте уллы жаратыўшылар, илимпазлар, докторлар шығыўын күтемен,-дейди нураный Ж.Аманшаев.

Ушырасыўға районлық "Мәҳәлле" ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы М.Щербеков қатнасты ҳәм өзиниң баҳалы пикирлери менен шығып сөйледи.

Ушырасыў негизинде нураныйларымыз мектеп оқыўшылары менен шахмат-шашка ойнап, мазмунлы дем алды. Сондай-ақ, оқыўшылардың руўхый-мәдений билимин еле де беккемлеў мақсетинде мектеп китапханасында дөңгелек стол әтирапында сәўбетлесиў өткерилди.

 

 Усындай бабаларымыздың бизге инам еткен тынышлығымыздың арқасында ҳәр қандай халық абадан келешекке қарай адым атады. Тынышлық бар жерде қут-берекет болады, ертеңги күнге болған исеним артады.

  

 М.ИЗИМБЕТОВА 

Тахтакөпир районы 3-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебиниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы


Report Page