Көшпели қабыллаўларда жаслар бәнтлигин тәмийинлеў даўам етпекте
Сапура Темирханова17-февраль күни Мойнақ районында жасларды қоллап-қуӯатлаӯ, олардың машқалаларын үйрениӯ ҳəм əмелге асырыӯ мақсетинде 4 сектор басшылары тәрепинен ушырасыў болды.
- Бүгинги күнде жумыссыз ҳəм машқаласы бар болған жаслар «Жаслар дəптери»не киритилип, 2021-жылда жаслар менен ислеӯде 7 жөнелис, 69 бөлимнен ибарат ис-илажлар бағдарламасы ислеп шығылды – дейди, район ҳəкиминиң орынбасары Б.Меңлибеков өз баянатында.
Онда:
"Жайҳун" МПЖ турғыны Мажит Сипатдинов балық шарўашылығы бойынша исбилерменлигин басламақшы, ол ушын сарыпланған банк кредити ҳәм басқа да сораўларына банк қәнигелери тәрепинен ҳуқықый жуўаплар алды.
Халқымызға хызмет ететуғын студия жумысын басламақшы болған "Таллыөзек" МПЖ турғыны Қуўаныш Төрегазиевқа Өзбекстан акционерлик коммерциялық Халық банки Мойнақ филиалы тәрепинен кредит ажыратылатуғын болды.
Китапхана ашыўда жер ажыратыў мәселеси бойынша мүрәжат еткен "Арал" МПЖда жасаўшы Қ.Қойшыбаевқа районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен 11-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине жоллама берилди. Илаж даўамында бундай жолламаға 20 жас ийе болды.
3-сектор баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 22-сентябрьдеги 6065-санлы Пəрманына тийкар 16 жасқа толған пуқараларға ID - карталарын салтанатлы түрде тапсырды.
Буннан басқа және мүрәжат еткен 5 жасқа кредит ажыратылатуғын болды.
Солай етип, өткизилген көшпели қабыллаў мойнақлы жаслар турмысына өзгерис ҳәм жаңалық киргизиўи менен әҳмийетли болды.
Репортёр: Сапура Темирханова