ГЕМАТОЛОГИЯ ТАРАЎЫНДА БИРГЕ ИСЛЕСИЎЛЕР ӨЗ НӘТИЙЖЕСИН БЕРМЕКТЕ

ГЕМАТОЛОГИЯ ТАРАЎЫНДА БИРГЕ ИСЛЕСИЎЛЕР ӨЗ НӘТИЙЖЕСИН БЕРМЕКТЕ

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети

Гематология тараўының ҳәзирги күндеги ең тийкарғы ўазыйпасы халыққа көрсетилип атырған гематологиялық хызметтиң сапасын жақсылаў ҳәм наўқасларға түрли тәмийнат дәрежесинде жәрдем бериўден ибарат. Сонлықтан, ҳәзир пүткил дүньяда актуал болған онкогематологиялық, яғный ақ қан кеселликлерин диагностикалаў ҳәм емлеўде ең жоқары технологиялық методларды қоллаў бойынша Өзбекстанның барлық ўәлаятларында усы методларды турмысқа, тәжирийбеге енгизиў режеси дүзилген. Усы мүнәсибет пенен Ташкент қаласындағы Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий-әмелий медицина орайы қәнигелери дәслепки қәдемин Қарақалпақстан Республикасынан баслады.

ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң бас гематологы Казакбаева Ҳамида Муҳаммадовна, Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий-әмелий орайы директорының илимий ислер бойынша орынбасары Махмудова Азиза Жумановна, усы орайдың илимий ислер бойынша қәнигеси Ирина Сергеева ҳәм «Гемофилия» фондының Өзбекстандағы белсенди волонтёрлари О.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайының Гематология бөлиминде болып, ол жерде емленип атырған наўқасларды медициналық тексериўден өткерди ҳәм диагнозлары менен танысты.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 84 наўқас созылмалы миелолейкоз диагнозы менен аўырған болып, орайдан келген қәнигелер оларды ҳәр қутысы 2000$ АҚШ доллары деп баҳаланған «glivec» деп аталыўшы Америка Қурама Штатларының «Asistencia a pacientes» программасы арқалы келетуғын қайыр-сақаўат бағдарындағы таблетка дәриси менен 100% тәмийинледи. Бул емниң ең жақсы тәреплеринен бири наўқас бул емди емлеўхана шараятында емес, ал үй шараятында шаңарағынан, жумыс орнынан ажыралмаған ҳалда қабыл етеди. Дәриниң ишиў режимлери бойынша жергиликли шыпакерлер ҳәм наўқаслар менен үш күн даўамында тренинг-сабақлар өтиледи.

Сондай-ақ, лабораторияда молекуляр-генетикалық анализлер менен ислейтуғын жергиликли врач-лаборантлардың дизими дүзилип, оларды усы жылдың ақырына шекем Республикалық қәнигелестирилген гематология илимий-әмелий медицина орайында жоқары технологиялы генетикалық усылда анализлер ететуғын қәнигелер сыпатында таярлаў ҳәм маманлығын асырыў режелестирилген.

Әлбетте, Қарақалпақстанда гематология тараўында әмелге асырылып атырған мине усындай илажлар нәтийжесинде созылмалы миелолейкоз диагнозы менен аўырған наўқаслар тез күнде тиклениў ҳалатына өтеди ҳәм турмысында және жақсы күнлер басланады.

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети


👉👉👉  @qrdssm




Report Page