Форекс Базарын Не Көбирек Ҳәрекетке Келтиреди?

Форекс Базарын Не Көбирек Ҳәрекетке Келтиреди?

@ForexClub_Nukus

•2022-жыл 07-июнь

Валюта базары, (соның менен бирге, форекс базары деп те аталады) дүнядағы ең ири финанслық базар ҳәм ең тербелиўшеңлердиң бири болып табылады. Саўда, туризм, инвестициялар ҳәм коммерциялық мақсетлерде бир миллий валютаны басқасына конвертация қылыў процесине кең көлемли факторлар тәсир көрсетеди. Ҳәптеде бес күн, күни-түни ашық, форекс базары жүдә тез пәт пенен раўажланып, оның орташа саўда көлеми күнине 6,6 триллион долларға баҳаланған.

 Форекс базарындағы валюта жуплықлары

  Форекс базары түрли валюта жуплығын сатып алыў, сатыў, алмастырыў ҳәм спекуляция қылыў имканиятын береди. Барлық базарлар сыяқлы, валюта базары да талап ҳәм усыныстың өз-ара тәсирине тәсир етеди. Егер, мысалы, трейдер бир валютаның күши басқасына салыстырғанда кушейиўи ҳәм талаптың асыўына гүман қылмаса, олар бул валюта жуплығын сатып алады. Керисинше, егер олар ҳәлсизлениўине исенсе, сатады.

EUR/USD, USD/JPY, GBP/USD ҳәм USD/CHF сыяқлы тийкарғы валюта жуплықларынан тысқары, басқа көплеген киши жуплықлар, екзотикалық жуплықлар ҳәм регионлық жуплықлар бар. Егер трейдерлар тек атақлы валюталарға әмел етиўлери шәрт болмаса -да, олар итибарға алыў ушын жақсы басланыў ноқаты болып табылады.

Валюталардың өзгериўине тәсир етиўши факторлар түрлише болып, бул мақалада ең әҳмийетлилери көрип шығылады. Оларды анықлаў, жойтыўларды минимал дәрежеде устап турыў менен бирге, билимли ҳәм пайдалы Форекс қарарларын қабыллаўдың гилти болып табылады.

 Форекс базарына не көбирек тәсир етеди?

  Валюта курсының өзгериўин басқаратуғын анық факторлар комплекси жоқлығы себепли, биз түпкиликлилерин үш группаға ажыратыўымыз мүмкин:

 •        Экономикалық факторлар

 •        Халық аралық саўданың тәсири

 •        Глобал ҳәдийселер, атап айтқанда, геосиясий ҳәдийселер ҳәм тәбийғий апатлар

 Экономикалық факторлар

Валютаның айырбаслаў курсына биринши нәўбетте тийисли экономиканың жағдайы тәсир етеди, ол әмелдеги ўақыялар нәтийжесинде тез өзгериўи мүмкин. Мәмлекеттиң экономикалық көрсеткишлерине тыйкарланып, валюта курслары көтериледи ямаса түседи. Экономикалық саламатлық мәмлекеттиң жалпы ишки өними (ЖИӨ), жумыссызлық ҳәм инфляция дәрежеси, соның менен бирге, шет ел инвестициялар көлеми сыяқлы басқа зәрүрли факторлар менен беккем байланыслы.

  ЖИӨ - мәлим бир дәўирде мәмлекетте ислеп шығарылған барлық өним ҳәм хызметлердиң базар мəнисиниң көрсеткиши болып табылады. Бул мәмлекеттиң экономикалық көрсеткишлери ушын тийкар есапланады. Инфляцияға келсек, инфляция дәрежеси төмен болған мәмлекетлер күшлилеў сатып алыў қәбилетине ийе; сол себепли инфляция дәрежеси жоқары болған мәмлекетлерге қарағанда күшли валюта. Жумыссызлық дәрежесиниң төменлигиде күшли сатып алыў қәбилетине жәрдем береди.

 Халық аралық саўда

Форекс базарына тәсир етиўши тағы бир зәрүрли фактор халық аралық саўда болып табылады. Мәмлекетлер ортасындағы саўда балансы валюта курсларына тиккелей тәсир етеди. Мәмлекет ислеп шығарып атырған өним ямаса хызметлерге талап қаншеллилик жоқары болса, оның валютасы соншалық жоқары баҳаланады.

Мысал ушын, қарыйдарлар Жаңа Зеландиядан товарлар сатып алыў ушын өз қаржларын Жаңа Зеландия долларына (NZD) айландырыўлары керек. Сонлықтан, Жаңа Зеландия долларына болған жоқары талап оның мəнисине унамлы тәсир етеди. Керисинше, мәмлекетте сатып алынған шет ел товарлардың көплиги оның валютасына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин.

 Глобал ўақыялар

Сыртқы сиясаттиң тәсири ҳәм түрли әҳмийетли геосиясий ўақыяларды итибардан шетте қалдырмаў керек. Бундай ҳәдийселерге сайлаўлар, референдумлар ҳәм әскерий ўақыялар мысал болыўы мүмкин. Урыста актив қатнасып атырған мәмлекетлер тынышлықтағы мәмлекетлерге қарағанда көбирек валюта тербелислерин бастан кеширеди. Керисинше, сиясий турақлы мәмлекетлер тәбийий көбирек шет ел инвестицияларды тартады, бул болса өз гезегинде инфляцияны төменлетиў ҳәм валюталарын беккемлеўге жәрдем береди.

Инсан факторынан тысқары, тәбийғий апатлардың әҳмийети ҳәм олардың мәмлекет пуқаралары ҳәм инфраструктурасына тиккелей тәсирин де атап өтиўимиз керек. Аңсатлық пенен шамалаў мүмкин, суў тасқынлары, дүбелейлер(торнадо) ҳәм жер силкиниўлер сыяқлы тәбийғий апатлар да миллий валютаның қәдирсизлениўине алып келеди.

 Жуўмақлаўшы пикирлер

Түрли факторлардың өсиўи ямаса азайыўы мәлим бир валюта мəнисине сезилерли тәсир көрсетеди. Сол себепли, түрли экономикалық факторлар ҳәм соңғы жаңалықлардан хабары болып, глобал экономикалар қандай байланыслылығын жақсы түсинип, Форекс мүмкиншиликлерин анықлаў ҳәм саўда етиў ушын ең уйқас ўақтын анықлаў аңсатлаў болады.

 

@ForexClub_Nukus

Report Page