Енди жоқары оқыў орынларындағы ҳәр бир топарда жаслар лидерлери жумыс алып барады
Күни кеше, Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Абатбай Данияров басшылығында жоқары оқыў орынларында жаслар сиясатын әмелге асырыўды жеделлестириўге бағышланған мәжилис болып өтти.
Мәжилиске жоқары оқыў орынларындағы жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректорлары (директор орынбасарлары) ҳәм Халық билимлендириў министрлиги ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте жоқары оқыў орынларында жумыс алып барып атырған тюторлардың жумысларын муўапықластырыў ҳәм оқыў орынларындағы ҳәр бир топарда жаслар лидерлерин сайлаў бойынша әҳмийетли усыныслар берилди.
- Буннан былай, жоқары оқыў орынларындағы ҳәр бир топарда жаслар лидерлери сайланады ҳәм олар жаслар сиясатын әмелге асырыўда жәрдем көрсетеди. Сондай-ақ, лидерлер жоқары оқыў орынларында нәтийжели илажлар шөлкемлестириў ҳәм студентлер жатақханасында жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге бағдарланған жойбарларды әмелге асырады, - дейди А.Данияров.