​​Еки ҳәм оннан артық перзенти төлемли шәртнама тийкарында оқып атырған шаңарақларға жеңилликли кредитлер ажыратылады

​​Еки ҳәм оннан артық перзенти төлемли шәртнама тийкарында оқып атырған шаңарақларға жеңилликли кредитлер ажыратылады

Сапура Темирханова

​​Министрлер Кабинетиниң еки ҳәм оннан артық перзентлери төлемли шәртнама тийкарында оқып атырған шаңарақларға республика коммерция банклери тәрепинен жеңилликли тәлим кредитлери бериў ҳаққындағы қарары жәмийетшилик додалаўы ушын дағаза етилди.


 ✔️ Қарарға муўапық: 


Тәлим кредитлери республикада искерлик көрсетип атырған барлық жоқары оқыў орынлары — мәмлекетлик, мәмлекетлик емес, қоспа тәлим бағдарламалары ҳәм шет ел мәмлекетлериниң жоқары оқыў орынлары филиалларында төлемли шәртнама тийкарында оқып атырған Өзбекстан пуқараларына, олардың ата-аналары ямаса қәўендерлерине бериледи; 


Кредит процентлери кредит ажыратылғаннан кейинги айдың 1-сәнесинен баслап айма-ай төленеди, тийкарғы қарыз болса студенттиң оқыўы рәсмий таўсылғаннан кейин, үш ай өткеннен соң төлеў басланады; 


Тәлим кредити, оқыў дәўирин есапқа алған жағдайда, бакалавр ушын 15 жыл, магистр ушын 10 жылға шекем болған мүддетке бериледи.


Қарар жойбары менен усы силтеме арқалы танысыўыңыз ҳәм және де толық жетилистириў ушын өз пикирлериңизди қалдырыўыңыз мүмкин.

Сапура Темирханова

Report Page