ЕЛ ТИЛЕГИ ОРЫНЛАНДЫ

ЕЛ ТИЛЕГИ ОРЫНЛАНДЫ

Сапура ТУРДЫБЕКОВА

ЕЛ ТИЛЕГИ ОРЫНЛАНДЫ

Халық арасынан бизге жетип келген əййемги аңызларда айтылыўынша, ертеде бир данышпаннан «Дүньяда ең саўаплы ҳəм халыққа пайдалы ислер қайсылар?» деп сораған екен. Сонда ол ақсақал ойланып турып, сақалын сыйпалап: «Шөлге суў шығарған, суўсызға қудық қазған, қараңғыға шырақ жаққан ҳəм халық жүретуғын жолды тегислеп, көпир салған адамның саўабы ҳеш қашан үзилмейди. Жол дүзелсе, жол салынса – журт раўажланады», - деп жуўап берген екен.

Шынында да, жол – экономиканың артериясы, аўыл-аймақтың шырайы ҳəм халықтың кеўил хошлығының тийкарғы көриниси деп екиленбей айта аламыз. Соңғы жыллары елимиздиң көплеген орынларында, ҳəтте, шетки аўыллық жерлерде де май топырақ борпаңы шығып, тозыўы жеткен жоллар оңланбақта. Куўанарлысы, пуқаралар жаўынлы күнлердеги батпақлардан арылып, автомашиналарда қыйналмай жүрип, аўыры жеңилленип атыр.

Солар қатары Хожели районындағы «Сүўенли» мəҳəллесинде жасаўшы турғынлардың да кеўлинде жолға байланыслы бир тəшўиш бас көтеретуғын еди. Бул мəҳəлледеги еки аймақты тутастырып турған, узынлығы 2,5 километрлик орайлық жолдың мүшкил ҳалы халықтың күнделикли қатнаўына үлкен қолайсызлық туўдырып келген. Айтайын дегенимиз, бул жол тек ғана қапталындағы турақ жайлар ушын емес, ал, күнине еки жарым мыңнан аслам пуқара асығатуғын, жеңил автокѳлик ҳəм автобуслар қатнайтуғын əҳмийетли жөнелис есапланған. Əсиресе, бəҳəрги ҳəм гүзги жаўын-шашында жолдың ылайға айланып, ҳəрекет ушын жарамсыз ҳалға келиўи мектепке асыққан перзентлеримиз бенен жумысшылардың қатнаўын қыйынластыратуғыны сыр болмаса керек?!

Ўақыт деген, халықтың азабы, елдиң тилеги жуўапсыз қалмады. Əмелий ислер, халық пенен дийдарласыўлар ҳəм анық ис-ҳəрекетлер əлбетте, өз нəтийжесин берди. Тийкарғысы, үстимиздеги жылдың 24-май күни Исбилерменлер ҳəрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының «Халық пенен бирге» улыўма миллий бағдарламасы шеңберинде шөлкемлестирилген көшпели қабыллаўда сүўенлилилер усы көп жыллық машқаланы ашық-айдын көтерип шықты. Бул мүрəжат итибардан шетте қалмай, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Гүлжан Халмуратованың басламасы менен жуўапкер шөлкемлер ҳəм депутатлардан ибарат исши топар дүзилди. Олар кабинетте отырып емес, тиккелей орынға шығып, машқаланы үйренди. Жəне де айта кететуғын нəрсе, қуры сөз бенен емес, анық ҳəрекет пенен жумыс басланып, жолды оңлаў ҳəм халыққа қолайлы шараят жаратыў бойынша илажлар белгиленди.

Ең əҳмийетлиси, депутат Гүлжан Халмуратованың басламасы ҳəм мəҳəлле турғынларының аўызбиршилиги арқасында ишки жолларды оңлаў ҳəм асфальтлаў жойбары «Басламалы бюджет» процесинде халықтың қызғын қоллап-қуўатлаўы менен жеңимпаз деп табылды. Шынында да, бул елдиң өз келешегине, өз аймағына болған жуўапкершилиги ҳəм басламасының анық жеңиси еди. Буннан соң жолда қурылыс-оңлаў жумыслары қызғын пəтте алып барылып, жолға қум-щебень араласпасы төселди, тегисленди ҳəм заманагөй қара қапламалы асфальт төсеў жумыслары толық əмелге асырылды.

Жуўмақлап айтқанда, бүгин сүўенлилилердиң қуўанышында шек жоқ. 2,5 километрлик орайлық жол толық оңланып, тегис ҳəм сапалы асфальт қапламасы менен қапланды. Енди бул жерде жөнелис автобуслары белгиленген кесте бойынша емин-еркин қатнап, еки жарым мыңнан аслам турғынның күнлик қатнаўы ушын қолайлы, қəўипсиз ҳəм заманагөй шараят жаратылды.

«Сүўенли» мəҳəллесиндеги бул өзине тəн нəтийже халықтың мүрəжатларын орнына шыққан ҳалда үйрениў, жуўапкерлер менен биргеликте анық илажларды белгилеў ҳəм нəтийжеге кирисиўге қаратылған депутатлық жумыстың реал көриниси болып есапланады. Аңызларда айтылғанындай, саўаплы ис өз орнын тапты: «Халық пенен бирге» бағдарламасы шеңберинде билдирилген мүрəжат анық инфраструктура жойбарына айланып, бүгин сүўенлилилердиң күнделикли турмысында өз сəўлесин тапқаны ҳəммемизди қуўантады.

Сапура ТУРДЫБЕКОВА, арнаўлы хабаршымыз.

Report Page