Дыққат, Таңлаў!

Дыққат, Таңлаў!


Ҳүрметли ҳәўескер бақсылар ҳәм бақсышылық көркем өнериниң ықласпентлери!

Сиз бақсышылық өнерине кирип киятырған ҳәўескер бақсы сыпатында Республикалық көлемде өз талантыңызды сыннан өткериўди қәлейсиз бе?

Олай болса, Сизде имканият бар!

Республика Руўҳыйлық ҳǝм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бѳлими Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте:

Қарақалпақстан Республикасындағы жас бақсылардың дөретиўшилигин қоллап-қуўатлаў арқалы миллий көркем-өнеримизди, соның ишинде, бақсышылық өнерин буннан былай да раўажландырыў ҳәм  оны келеси әўладқа сап ҳалында жеткериў, тараўда қәлиплескен дөретиўшилик мектеплердиң өзине тән атқарыў усылларын жүзеге шығарыў,

«Устаз-шәкирт» дәстүрлерин даўам еттириў, жаслардың миллий қәдириятларымызға тән болған қызығыўшылығын және де арттырыў, талантлы жас атқарыўшыларды излеп табыў және оларға әмелий жәрдемлер бериў ҳәм олардыӊ дөретиўшилигин кеӊ түрде үгит-нәсиятлаў мақсетинде Республикамыздағы улыўма орта билим бериў мектеплеринде билим алып атырған 12-16 жас аралығындағы ҳәўескер ул ҳәм қыз бақсылар қатнасындағы “ЖӘҲӘН МАҒАН ҲӘЎЕС ПЕНЕН ҚАРАСЫН!” сүрени астындағы Республикалық ҳәўескер бақсылар таңлаўын жәриялайды.

 

Таӊлаўдыӊ Нөкис қалалық ҳәм районлық басқышлары март айыныӊ

25-31-сәнелери аралығында болып өтеди.

Ҳәўескер бақсылар таӊлаўдыӊ биринши басқышында қатнасыў ушын Орайдың Нөкис қалалық ҳәм районлық бөлимлеринде шөлкемлестирилген Дөретиўшилик жумысшы топар қурамына метрика (паспорт) нусқасы ҳәм

2 дана жеке фото-сүўретин тапсырыўы шәрт.

Нөкис калалық ҳәм районлық басқышларда сыйлы биринши орынды ийелеген жәми 17 ҳәўескер бақсылар 2022-жылдың 11-апрель сәнесинде Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында болып өтетуғын Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама алады.

Хош, таӊлаўдың шәртлери қандай? Олар төмендегише:

Ҳәр бир қатнасыўшыдан белгиленген 4 минут ўақыт ишинде «Бесперде», «Келте налыш», «Гал-галай», «Гөр қыз», «Арыўхан», «Хожа бала» ҳәм «Налыш» атлы қарақалпақ халық нама-қосықларын және өз қәлеўи менен бир нама-қосық атқарыўы талап етиледи.

Таңлаў жеңимпазлары Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң арнаўлы дипломлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

Ҳүрметли ҳәўескер бақсылар ҳәм бақсышылық көркем өнериниң ықласпентлери!

Бәриңизди “ЖӘҲӘН МАҒАН ҲӘЎЕС ПЕНЕН ҚАРАСЫН!” сүрени астындағы Республикалық ҳәўескер бақсылар таңлаўына белсене қатнасыўға шақырып қаламыз!

Қосымша мағлыўматларды Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң телеграм тармағындағы @QR_Ruwxiyliq рәсмий каналы ҳәм (61) 224-12-61 ҳәм 224-13-21 телефон номерлери арқалы алыўыңызға болады.

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq



Report Page