“БИЗ БИРГЕМИЗ!” ЖОЙБАРЫ

“БИЗ БИРГЕМИЗ!” ЖОЙБАРЫ

ИСАТАЙ АЛДАБЕРГЕНОВ – Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бөлим баслығы

Республикада ғәрезсизлик жылларында халықтың социаллық мүтәж қатламларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў барысында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Нәгиранлардың турмыс дәрежеси ҳәм сапасын асырыўға, пенсия тәмийнаты ҳәм социаллық мәдет системасын жетилистириўге, системалы саламатластырыўды шөлкемлестириў ҳәмде кеселликлерди емлеўдиң заманагөй усылларынан пайдаланыўды кеңейттириўге бағдарланған бир қатар мәмлекетлик дәстүрлери қабыл етилди.

Мәмлекетимизде кекселер, пенсионерлер, нәгиранлар ҳәм имканияты шекленген балаларға медициналық-социаллық жәрдемди шөлкемлестириў системасы жаратылды.

Халықтың мүтәж қатламларын мәнзилли социаллық қорғаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан бири ретинде белгиленген.

Кекселер ҳәм нәгиранларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жәнеде жетилистириўдиң баслы ўазыйпалары етип нәгиранларды анық мәнзилли социаллық қорғаўды күшейттириў, оларға көрсетилетуғын үй-жай тутыныў ҳәмде басқа жасаў шәраятларын жақсылаўға бағдарланған материаллық жәрдемди кеңейттириў, нәгиранларды емлеў, системалы саламатластырыўды шөлкемлестириў, профилактика илажларын кеңейттириў, көриў ҳәм еситиў органлары, ҳәрекет-таяныш системасы кеселликлерин ҳәмде жүрек-қан тамыр кеселликлерин емлеўдиң заманагөй усыллары менен қамтып алыў ҳәм олардан пайдаланыў жолы менен оларға көрсетилетуғын медициналық-социаллық жәрдем дәрежеси ҳәм сапасын асырыў, нәгиранларды сапалы жәрдемши ҳәм техник реабилитация қураллары менен тәмийинлеў дәрежесин асырыў, оларды медициналық-социаллық реабилитация етиў шараларын көриў, медициналық-социаллық мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў мәмлекетлик сиясатының тийкарғы баслы бағдарларынан бири етип белгиленген.     

Мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы жөнелислерден бири болған күшли социаллық сиясат жүритиўдиң әмелдеги көриниси сыпатында Әдиллик министрлиги тийисли шөлкемлер менен биргеликте нәўбеттеги қайырқомлық акциясына старт берди. 

Усы жылдың 25-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги басламасы менен Өзбекстан нәгиранлар жәмийети ҳәм оның аймақлық бөлимшелери менен биргеликте карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда, “Биз биргемиз!” жойбары шеңберинде Нөкис қаласы
ҳәм Кегейли районындағы бир қатар нәгиранлағы болған шахслардың аҳўалынан хабар алынып, 3 нәгиранлық арбашалары өз ийелерине тапсырылып, министрлик хызметкерлериниң есабынан қайыр-сақаўат сыпатында бир қатар азық-аўқат өнимлеринен тийисли жәрдемлер көрсетилди.

Усы жойбардан гөзленген тийкарғы мақсет нәгиранлығы болған шахсларды жәмийетимизде өз орынларын табыўларына көмеклесиў, олардың кеўилин көтериў ҳәмде жәмийетимиздиң ажыралмас ҳәм итибарға лайық бөлеги екенлигин көрсетип бериўден ибарат.



Report Page