АДАМ КҮЛДИРГЕНИ УШЫН

АДАМ КҮЛДИРГЕНИ УШЫН

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Шамурат Өтемуратовқа бағышлайман


       Буйрық.

1. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти, Республикалық Бердақ атындағы сыйлықтың лауреаты Шамурат Өтемуратов өзи күлместен, журтты күлдирип ишеклерин аўыртқаны ушын "айыпкер" деп табылсын.

2. Оның өмир тарийхы ҳаққында "әдебий ис" қозғап, илме-қармақ гәплер менен юморлық эссе жазыў маған тапсырылсын.

                Буйрық өзимдики.

"Әдебий ис" қозғаў ҳаққындағы хабарды узын қулақтан еситкен "айыпкер", бир түнниң ишинде гастрольге кетип из жасырды. Сонлықтан, "айыпкер"ди табыўға ғалаба халықлық излеў сааламыз.

ҚЫСҚАША ӨМИР БАЯНЫ:

Ол 1929-жылы жазда, анығырағы әлекке қаўынның алды жүз қызартып, жамбылшаның "базары" қайта баслаған ўақытлары Тахтакөпир районының "Қараой" аўылында Қосыўақ улы Өтемураттың кирейге отырған қақырасында кеңкилдеп күлип дүньяға келген. Оныншы классқа дейин үш мектепте оқып, бир институтты толық, бир институтты шала питкерген.

1955-жылдан бери Үлкен театрдың кишкене хызметкерлериниң бири сыпатында ислейди. Мийнет дәптершесине жумысқа алыў ҳаққында сын менен жазылған бир буйрықтан басқа ҳеш нәрсе жоқ.

 

Усы ўақытқа дейин сахнада өзиниң ырас атын жасырып, еки мың мәртебе молла, бир мың бес жүз мәртебе суўпы, сегиз жүз жигирма бес мәртебе жәдигөй, тағы усы қурақым мәртебе жағымпаз болған. Еки жүз қырық бес мәртебе жортаға өлип, кейин тирилип кеткен. Ийекке жабыстыратуғын сақалынан төрт жүзин, шапанынан бир жүз қырық тоғызын, геўиш-мәсиден еки жүз тоқсан бирин тоздырған.

Үш мәртебе атақ, бир мәртебе кенапаттай сыйлық алған. Ҳәзирше оларды қаяққа жасырып қойғанының мәлими жоқ. Бүгинги күнде ол гастрольдан гастрольға жүрип үйиниң аўқатын үнемлеп сақламақта.

Оның қысқаша өмир баяны усындай.

ҚЫСҚАША БЕЛГИЛЕРИ.

"Айыпкер"диң алдыңғы сегиз тиси тилла, сақалы билинер-билинбес көсе, мурты қара, пешанасында алты жыйрық, көзиниң еки жийегинде үш жыйрықтан, ҳәммеси болып он еки жыйрық бар. Бойы өзимиздиң Нөкисте шығатуғын шифоньерден бир ярым бармақ келте. Оң қулағы қатты ашыўланғанда, шеп қулағы қатты қуўанғанында қыймылдайды. Бирақ, қаўсырылмайды. Шашларының ҳәр он сегиз талынан төртеўи ақ. Суўық түспегенше галстук тақпайды. Жазда аяғына босоножка, қыста ярым қонышлы етик, үстине жағасыз пальто кийеди. Малақайының қулағын түсирмейди. Отырыспаларда қосық айтады, адам басқылайды, лаққышылық етеди, гиржек шертеди, лазгиге ойынға түседи, дизесиниң арасына қысып дәп қағады.

Сондай-ақ, ол паспорттағы атынан басқа да атлар менен сахнаға шығып, Дарымбет ғарры, Шыраз молла, Қутым суўпы, Мәтирза өжет, Әлмендер ҳәм басқа да онлаған драмалық атлар менен бүркенип жүриўи мүмкин.

Айыпкерди көрген-билген адамлар болса, өзиниң ким екенлиги ҳаққындағы алты нусқадан ибарат нотариус тастыйықлаған ҳүжжетлерин түўеллеп, мениң бос ўақтымды таўып жолықсын.

    Бул иске милиция, прокурор, тергеўши араласпасын.

Хабарландырыўлардың бир данасын "ис қағазы"на тиктим де, қалғанларыг клуб, кинотеатр, бәндирги, телеграф ағашларына жазыўын төменге қаратып жабыстырып шықтым. Кейин жазыў столына отырдым. Енди "айыпкер"диң тапжыла алмайтуғын "әззи" таманларын таўып тутыўым керек. Қәне, неден баслайман? Не ушын Республикамыздың пайтахтында туўылмай, Тахтакөпирде туўылған?! Усыдан басласам ба, я бир өзи ҳәм дәп қағып, ҳәм гиржек шертип, ҳәм ойынға түсип, ҳәм адам күлдирип, ҳәм қосық айтып, бес адамның өнерин бир өзи алып қойғанлығынан баслап жиберсем бе екен? Фактлер жаман емес, лекин, қарап турсам булар ҳаққында ең болмаса елли грамм да дәлилге ийе емес екенмен. Бунысыз болмайды!

Тап усы сапары өзимниң неге жигирма тоғызыншы жылы туўылмағаныма наразы болдым. Егер олай болғанда "айыпкер" менен ойнап-өсип, оның бул қуўақышылық көшесине қалай кирип қалғанын, оны бул жолға кимлер ийтермелегенин ҳеш кимнен сорамай билип алған болар едим. Сонда оның тап жақында ғана алты жүз адамның алдында тасырайып турып ислеген "айыбын" мыңқ еткизбей мойнына қойыў да аңсат болар еди.

Ол былай болды. 1986-жылдың бәҳәриндеги қайсы бир екшембисинде театрға адамлар оғыры көп жыйланды. Орталарға түбиретки қойылды. Кейинги алынған мағлыўматларға қарағанда оркестр отыратуғын "шуқанақ"та да отызлаған адам түргеп турып тамаша көрген.

Әне, усы сапары Шамурат үш жүз бирнәрсесинши мәртебе Мәтирза өжет болып сахнаға шығып, адамларды қыран күлки қылған. Ол шығар шықпастан дәслеп муртын қыймылдатты, кейин қулағын. Әсиресе, еки қулағын бирден қурбақаның алқымындай бүлк-бүлк еттирип еди, "лимонад әпер",-деп жылап отырған балларға дейин күлип жиберди. Соң өжетлиги тутқан болып, шашларын сондай тикирейтти дейсең, тақыясы басынан еки см көтерилген шығар. Әйтеўир, шыбынлар тақыяның астынан биймәлел былай-былай өтип турды. Ал, залда болса дуў күлки. Ол өзиниң жол қойған усы кемшилигин сезбей, кем-кем қыза берди. Әпиўайы қылып-ақ айтса болатуғын сөзлерди максималь ноқатқа дейин көтерип, адамларды қалай болса солай күлкиге шақалдырды.

Қуўақышылықтың басы берик көшесине кирип қалған Шамурат, енди ҳәммесин умытып, сахнада белбеўине сүрнигип жығылды. Бул көз-көреки оның өз басымшалығы менен исленди, болмаса, ол сценарияда жоқ еди. Ол буған қарамастан, ҳәтте, усы жерде дым қызық болсын деп, қасақана өзиниң қолын сындырды. Журт күлкиден жатып қалды. Лекин, оларға мийрими түсетуғын Шамурат жоқ, қолы сықырлап сахнада жатып алды....

 

"Ойын түби ҳарам",---деген, ал не болды, жигирма минутқа перде жабылды. "Тез жәрдем" шақырылып, Мәтирза өжеттиң қолына гипс салынды.

Бул жерде оның баслы айыбы, спектакль тамам болмай турып, қолын сындырмаўы керек еди. Ойын тамам болсын, соң үйине барады, сындырама, қояма, мейли, қол өзиники. Ал, буннан хабары жоқ тамашагөйлер "усы жеринде сондай болыўы керек шығар",--деп, оның дәл өзи болғанына күлип атыр, күлип атыр....Әсиресе, жақында соқыр ишек болып операциядан шыққан үш адам шыдай алмай, ишин услаўы менен сыртқа шығып кетти. Ҳәзирше олардың анық адреси жоқ, болмаса, "түсиник хат" жаздырып алыўға болар еди. Айтпақшы, усы жерде тағы бир "жынаят"қа жол қойды. Ол ойынның ақырына дейин бир мәртебе де өзи күлген жоқ. Ең болмаса қолы сынып атырғанда мыйық тартпады...

.....Бир күн, бир түн отырып "әдебий ис" қағазына түсирген мағлыўматым ксы болды. Бәри улыўма гәплер. Анық ҳүжжетлер болмаса Жазыўшылар аўқамы бундай "айыпкер"ди әдебий образлар дизимине киргизиўге руқсат бермейди. Ақыры, ертеңине жумыстан бир мезгил сорап келдим де, түни менен уйқыланбай қалған уйқыларымды түўеллеп, уйқылап алдым.

Бүгин бирақ басым таза. Қустай жеңилмен, жумысты да енди басқаша жол менен баслаў ушын азан менен театрға келдим. Келсем, ҳеш ким жоқ. Босқа отырмайын деп қараўыл ғаррыны гәпке салдым. Әсиресе, актёрлар ҳаққында қытығына тийип едим, ғаррының гәп қалтасының баўы шешилип кетти. Маған ким ҳаққындағы мағлыўматтың керегин билгендей, яр дегеннен Шамураттың постегин қақты. Оның бир юасына отызлаған рольди алып жүргенин, гастрольге кеткенде ҳаялы Орынгүлди үйинде қалдырып кететуғынын, үш мәрте ҳүрметли атақ алғанда басқаларыңа аўыссын демегени, сахнаға шыққанда пердениң артынан сыбырлап жәрдем берип туратуғын суфлёрди "керек емес" деп кеўлине тийгени, қулласы, оның өзи билетуғын "әззи" таманларынан дымын қоймады. Маған керегиниң өзи сол емес пе?!

 

Усы сөйлесиўлер менен саат он болғанын да сезбей қалыппыз. Бир ўақытта актёрлар да избе-из "ассалаўма әлейкумлап" келе баслады. Пурсаттан пайдаланып, Шамурат ҳаққында сөз баслаўым сол, олар да "зорға жүрген" болса керек, турған-турған жеринде бир ярым гәптен шығарысып, минезлеме жазып берди.

МИНЕЗЛЕМЕ.

Бериледи усы минезлеме өтлесип кеткен комик Шамурат Өтемуратовқа. Ол өзиниң мийнет жолын буннан отыз жыл бурын театрымыздың репертуарындағы атақлы спектакльлердиң ушқынып турған рольлерин атқарыўдан баслады. Бирақ, ол арадан бир жыл өтнр-өтпестен Ташкенттеги декадаға қатнасып, онда тамашагөйлерден көбирек шапалақ алғаны ушын "хызмет көрсеткен артист" деген ҳүрметли атақты өзинен 5-6 көйлек бурын тоздырғанларға қарамай алып қойды.

Өтемуратовтың және бир таманы, оның басы көбирек  япон магнит лентасына усайды. Мәселен, оны ярым ақшамда оятып алып, буннан жигирма жыл алдын қойылған "Пирқаққан"нан, я "Аўырыў тислер"ден монолог айтып бер де, зуўлатып қоя береди. Ямаса сондай етип "Қызлар ҳәзили"нен сораң, я "Жан қызлар"дан сораң, тап керек десең сахнаға қойылмаған "Ревизор"дағы Хлестаковтың сөзин үтирине дейин санап береди.

Булар мейли, жаслығында яд болып қалған болсын, тап ҳәзир де оның сол қәсийети: Роль берилди ме тамам, басқалардан он бес күн бурын сөзин ядлап алып, қалған жағында Айтжан менен шахмат ойнап отырады. Лекин, басқаларға сөз ядласпайды, ал, олардың пайына көз алартып қарайды. Мәселен, өзине реплика беретуғын актёрлардың ҳәмме тексти қәлеген ўақытта буның тилиниң ушында турады. Буны биз талай мәртебе репетиция ўақтында сезип қалдық ҳәм бетине айттық.

Жолдас Өтемуратов гейде сахнада сөзин умытып қалған ўақытларында да ойланып турмай, текстке уқсас гәп таўып айтып жибереди. Бул надурыс, ҳәзир жәриялылық дәўири. Умыттың ба, айт расыңды, "умытып турман" де. Ядыңа түскенше тамашагөйлер сыртқа шығып, темеки-пемеки шегип келсин, қала берсе буфетимизде де саўда болады. Усындай нуқсанлар оның ролди атқарыў ҳәрекетинде де ушырасады. Сахнаға шықса Шамурат екенин ядынан шығарып жибереди. Мәселен, "Келинлер қозғалаңы"нан кейин бир-еки саатқа дейин Шамурат десең үндемейди де,  "Бақый уста" деп шақырсақ, "ләббай" деп қоя береди.

Улыўма, бундай бирди-жарым кемшиликлерине кеширим менен қаралса, ислесиўге болатуғын актёр.....

Усы минезлемени ротация жолы менен көбейттирип алғаннан кейин, көп узамай "айыпкер"ден өз қолы менен жазылған еки хаты қолыма келип түсти.  Жаман емес, ис жүрисип киятыр.

МУРАТБАЙ НЫЗАНОВ.

Шығармаларының көп томлығы, 4-том, 46-51-бетлер.




Report Page