...

Сәўирдиӊ ығал ҳаўасы жаӊа ғана көгертип баслаған майсаларды Ҳасмез туяқлары менен женшип өтер еди. Орманда еле көгерип үлгерместен женшилген гүллер, шөп-шарларға қайта жан ендирип, бойын тиклетиўди мақсет еткендей бултлар көз жасын төге баслады. Бәлким орманға гүл, тәбиятқа нур ендирмекши болған қара топырақ жемислериниӊ удайы бүлгинши туяқлар тәрепинен езгилениўине төзим бере алмағанлықтан…
Ҳасмез шәмензарлықты тоз-тоз етип атырған ўақытта, арқасына тама баслаған ыссы булт көз жасларын сезди. Ийис сезиў ағзасы болмағанлықтан, денесине елп еткен өлпеӊ самал да тәсир етер еди, түклери кирпи тикенлериндей шаншылып, ығаллықтан ылайланып қатқан арқасындағы топырақ ерий баслаўы мәттал, туяқларына қалтыратпа тийди. Көз жаслар тамшылаўын жеделлестирди, ал Ҳасмез болса ҳаўлыға шапты да, өзин асты геўек ғарры еменге қарай урды. Көз жаслар жамғырға, жамғыр нөсерге айлана баслаған сайын, қорқыўы артып барды. Сол пурсатта ол орманда өзи тыйым сала алмайтуғын нәрселердиӊ бар екенин, қүдиретли ҳәм жаўыз ҳәдийселердиӊ де жүз бериўи мүмкинлигин аӊлады. Жамғыр бир демде қуйылдырып жаўғаны менен, тыныўы тез болды. Усы ҳәдийседен соӊ Ҳасмез қәўип неден екенлигин түсинди. Геўектен сыртқа шығыўға қорқты, жаӊа таӊ атқанша сол жерди паналап жатты.
II
Қуяш төбеге келген ўақытта оянған Ҳасмез кеӊ далаға атлығып шықты. Қыр дөгерекке суқ нәзери менен қарап турып, бир нәрсени көзи шалды. Шәмензарлықтыӊ шетрегиндеги қамыстыӊ жапырағында шық киби илинип турған жамғыр тамшылары еди ол. Туяқлары жерди ләрземге келтирерликтей пәт пенен ҳәрекетленди де, шақлары менен қамысты дүкти. Жаўын тамшылары топыраққа шашырап сиӊип кетти. Ерлик ислегендей өз исинен рәҳәтленип турғанында, және бир нәрсе оныӊ ғәзебин келтирди. Бул туяқ излериндей ойықта жыйналып қалған жаўынныӊ қалғынды суўы еди. Сур жыланды басқылағандай етип бирде қалғынды суўды жан-жаққа шашыратты, бирде көмди, көз ашып жумғанша топыраққа қарысып кеткен суўдан тамшы да қалмады.
II
Бираз ўақыт тоғайға тынышлық шөкти, ғәзеп жалын киби атлығып шыққан Ҳасмездиӊ көзлери сәл суўыйын дегенинде, онша узақ болмаған жерден гүрсилдеген даўыс келди. Бул кешеги жаўыннан соӊ астынғы топырақлары унырап қулаған төбешиктиӊ даўысы еди. Төбешик бийигирек болғанлықтан, топырақлары Ҳасмездиӊ бойынан еки қулаш бәлент болып үйилди. Бирақ орман ийесиниң дыққатын тартқан бул емес, төбешиктиӊ жан баўырынан ағып атырған булақ суўы еди. Булақ әдеўир жерге жол салып үлгерген, жаўыннан кейин төбешиктиӊ топырақлары унырап баслаған ўақытта-ақ жарықлыққа шығып ағып баслаған болыўы итимал. Ҳасмездиӊ делебеси қозып, ишинде кек қуйынлады. Суўдың сағасына атлығып барып, туяқлары менен басқылай баслады, деген менен булақ ағыўдан тоқтамады. Ҳәрекетлери пуш болған соӊ, булақ көзин тас пенен жаўды. Булақ жол салып кеткен суў изи бойлап ҳәрекетленди, суў бираз жерге шекем жеткен екен. Ол тикенекли ҳәм таслы соқпақлардан аққан суўларды туяқлары менен женшип барар еди. Жол узайған сайын күш-жигери тек бир нәрсеге – суўды женшиўге жумсалды. Ҳәлсиреп узақ жол жүрген соӊ, мәнзилге жетип келди. Алдында көк ушан теӊиз турар еди, өзин бирдем де услап турмастан, тик жарлыққа қарай ырғыды. Суў ишинде туяқларын, басын жан-жаққа ҳәрекетлендирип, суўды азғана тербелиске келтирди. Ҳасмез бул менен шекленип қалмай, еле де тереӊирекке сүӊгиди ҳәм қол-аяқларын ҳәр тәрепке жулқып, өӊмеӊлеп, суўды аз да болса шайпалтты, барған сайын тынысы тарылып атырғанын сезсе де, ҳәрекетлерин тоқтатпады, денесин ҳәрекетлендириўге де димары қалмаған еди, еӊ соӊғы күшин жыйып, туяқларын әсте қыймылдата турып, пүткиллей ҳәрекеттен тоқтады.
15.12-20.12.21
Муса Жиенбаев «Перфекционистлер» телеграм каналы ағзасы.