УЗАҚ МӘНЗИЛЛЕРГЕ ЖОЛ АЛҒАН ИНСАН
Өзбекстан Республикасы өз ғәрезсизлигин алғаннан соӊ елимизге жаӊаланыў самалы есип, биринши гезекте инсан қәдири, келешек әўладларға жоқары дәрежеде тәлим-тәрбия бериўге айрықша итибар қаратыла баслады.
Әсиресе, сол ўақытта маман педагог кадрларды таярлаў әҳмийетли ўазыйпалардыӊ бирине айланды. Өткен жылларға нәзер аўадаратуғын болсақ, тараўда бурын мисли көрилмеген жетискенликлер жүз берди, шет тиллерди үйрениўге қаратылған үлкен илажлар нәтийжесинде елимиз жаслары дүньяның ең раўажланған мәмлекетлериниң абырайлы оқыў орынларында билим ала баслады. Тараў системасы түп-тийкарынан реформаланып, билимлендириўдиң заманагөй стандартлары енгизилди. Онда шет тиллерди терең оқытыў заман талабына айланды. Бүгингилиги бәриңизге белгили, ҳәтте 1-класс оқыўшысы да шет тилде сөйлеўге умтылады.
Əлбетте, билимлендириў тараўындағы бул табыслар өз-өзинен болған жоқ. Бул жетискенликлердиң артында өзиниң үлкен тәжирийбесине ийе болған педагог, илимпаз, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлердиң пидайы мийнетлери жатыр.
Сизге сөз етпекши болған инсан – Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери, пидайы инсан, уллы устаз, белгили алым, жәмийетлик искер, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Татлымурат Атамуратов мине, усындай инсанлардың бири болып табылады.
Ол 1948-жылдың 13-апрель сәнесинде Қараөзек районында дүньяға келди. Ата-анасы Жумамурат Атамуратов ҳәм Оразбике Генжемуратова аўыл аймақта үлкен абырайға ийе болып, Жумамурат ата көп жыллар даўамында финанс-экономика мәкемелеринде басшы лаўазымларда ҳадал хызмет ислеген.
«Өлим ҳақ, дүнья ялғаншы», дегениндей Татлымурат жаңа ғана 2 жасқа толғанда Жумамурат ата өмирлик жолдасы Оразбикени соңғы мәнзилге шығарып салып, нәресте жаслай анасынан айырылды. Жумамурат ата соған бола, баласы Татлымураттың жүзин тѳмен қаратпастан, қатарынан кем қылмай тәрбиялап, оған барлық шараятларды жаратып, перзентиниң жоқары мағлыўматлы болыўын әрман ететуғын еди. Əлбетте итибар өз нәтийжесин берди. Талапшаң ҳәм қатарынан алық өспирим улыўма орта билим бериў мектебинде айрықша баҳалар менен оқып, мектепти табыслы тамамлады. Рус тилин терең меңгерип, сол тилдеги әдебиятлар бойынша өз билимин, пикирлеў шеңберин кеңейтип бара берди.
Нәтийжеде ол 1966-жылы сол ўақыттағы аўқамның пайтахты Москва қаласындағы Москва мәмлекетлик педагогика институтының күндизги бѳлимине ҳүжжетлерин тапсырып, кириў имтиханларын жақсы баҳаларға тапсырып, институттың босағасынан студент сыпатында қәдем қойды.
1971-жылы усы институттың рус тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы қәнигелигин ийелеп, аўылға ақ жүзли абырайлы болып оралды. Сол жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтында оқытыўшылық кәсибин баслайды. Арадан сәл өтпей Нөкистеги устазлары Москва мәмлекетлик педагогика институтында айрықша баҳалар менен питкерген жас кадрға алған билимлерине, илим сырларын үйренип, илимий-изертлеў жумысларын даўам етиўин усыныс етеди. Ол әкесине бул ойларды айтқанда Жумамурат ата ҳақ жол тилеп, баласын Москва қаласына атландырып жиберди. Жас илимпаз сол жылы Миклуха Маклай атындағы пүткил союзлық пәнлер академиясы, этнография институның аспирантурасына кирип, жаңа бағдарда аўқамның белгили алымлары Бурынғы аўқам Илимлер акалемиясының хабаршы ағзасы ҳам мәмлекетлик сыйлықтың лаўреаты Т.А.Жданко, басшылығында илимий жумысын баслап жиберди ҳәм 1976-жылы аспирантураны табыслы тамамлап, тарийх илимлериниң кандидаты дәрежесине ийе болды.
Республика басшылары, Ѳзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы министрлиги, жаңадан шѳлкемлестирилген Нѳкис мәмлекетлик университетиниң ректоры академик Ч.Абдиров жас кандидаттың илимий педагогикалық потенциалын есапқа алып, оқыў орнының романа-герман филологиясы факультети деканы лаўазымына тайынлайды. Бул жерде ол муғаллим ҳәм профессорлардың билим бериў нәтийжелигин арттырыў, әсиресе, илимге қызығыўшы жас қәнигелерди аспирантураға, оқытыўшыларды доктарантураға оқытып, олардың илимий дәрежесин кѳтериўге, сондай-ақ, студент жаслардың тәлим-тәрбиясына айрықша итибар берди.
1985-жылы орта буўындағы кәсипке ийе қәнигелерди таярлаўға айрықша итибар берилип турған бир дәўирде Республика басшылары менен жоқары ҳәм орта билим бериў министрлиги оның талапшаң, уқыплы басшы екенлигин есапқа алып, Нѳкис қурылыс техникумына директор етип тайынлайды. Бул жерде жәмәәттиң жемисли жумысы нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасына жетик, билимли қурылысшы қәнигелигине ийе жасларды оқытып, тәрбиялайды. Сол дәўирде усы техникумда оқып, билим алған бир қанша инсанлардың аймақта қаншадан-қанша қурылыс имаратларын қурып питкерип, халқымызға инам еткенлериниң гүўасымыз. Т.Атамуратов 1985-1990-жылларда Нѳкис қурылыс техникумы директоры лаўазымында ислеп турған дәўирде усы техникумның базасында Ташкент политехника институтының жаңа бир бѳлимин шѳлкемлестирип, усы факультетте халқымызға белгили қурылысшы қәнигелерди таярлап барыўда жигерлилик көрсетип, бир ўақыттың ѳзинде еки пайдалы ўазыйпаны атқарды. Нәтйжеде ол Ѳзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта билим бериў министрлиги тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы техникумлары директорлар кеңесиниң баслығы етип сайланды.
Билимлендириў тараўының пидайысы, илимпаз ҳәм талапшаң басшы усылай халқымыздың, Ел-басшыларының нәзерине түсип, жаңадан-жаңа жуўапкершиликли лаўазымларға бағдар алып барды. Қарақалпақстан Республикасы басшылары Ѳзбекстан Республикасы билимлендириў министрлиги менен келисе отырып, 1990-жылы Т.Атамуратовты Қарақалпақстан Республикасы Билимлендириў министри лаўазымына тайынлады.
Жасы үлкен министр лаўазымына кирисиўден-ақ, өз мойнына қатаң түрде тараўды раўажландырыў, соның ишинде, билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, ең әҳмийетлиси, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, орта билим бериў мектеплеринде шет тиллерин тереңлестирип оқытыўды жолға қойыў сыяқлы ийгиликли ҳәм соның менен бирге, машақатлы ўазыйпаларды әмелге асырыў жүгин жүкледи ҳәм избе-излекте гөзлеген мәнзиллерине мәрдана жетип бара берди.
Атап айтқанда, тез арада республикамыздың мектепке шекемги тәрбия, улыўма орта билим бериў мектеплери, кәсип-өнер ҳәм мектептен тыс мәкемелеринде материаллық техникалық базаны беккемлеў, жаңадан қурыў ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Соның менен бирге билимлендириўдиң мазмуны, тәрбияның әҳмийетине айрықша итибар қаратылды. Ѳзбекстан Республикасы кѳлеминде ѳткерилген пән олимпиадалары, спорт жарыслары, кѳргизбелерге муғаллимлер, тәрбияшылар ҳәм оқыўшылар белсене қатнасып, сыйлы орынларды ийелей баслады. Ѳзбекстан Республикасы Билимлендириў министрилиги тәрепинен биринши мәрте мектепке шекемги мәкеме тәрбияшылары арасында ѳткерилген жарыста Нѳкис қаласынан 34-санлы мектепке шекемги билим бериў мәкемеси тәрбияшысы Гүлбәҳәр Сапарова ҳәм Қоңырат районынан математик Қолдыбай Оспановлар сыйлы биринши орынды ийеледи. Бундай мысалларды кѳплеп келтириўге болады. Муғаллимлердиң билимин жетистириў, қәнигелигин арттырыў, қайта таярлаў бағдарында айтарлықтай жаңалықлар енгизилип, билимлендириўдиң сапасын арттырыў бағдарында пайдалы шешим қабылланғанын кѳрсетти.
Заманлас ағамыздың министрлик дәўириндеги және бир өзиншелиги сонда ол Қарақалпақстан Республикасының билимлендириў сапасына Ѳзбекстан ҳәм пүткил дүньялық педагогикадағы жаңалықларды енгизиўге, соның ишинде, Республика билимлендириў мәкемелеринде шет тиллерин оқытыўды кеңнен енгизиўге умтылды. Себеби, тәжирийбели басшы сонда жаңа ғана өз ғәрезсизлигине ерисип, дәслепки басқышларды баслап атырған Өзбекстан Республикасының буннан былай раўажланыўында, сырт еллер менен социаллық-экономикалық байланыслары оғада жоқары әҳмийетке ийе екенин, бул бағдарда жақын келешекте мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў уйымларына, улыўма кең жәмийетшилигимизге шет тиллерди терең меңгерген қәнигелердиң керек болатуғынын терең аңлаған еди. Мине, усы мақсетлерде ол тынымсыз изленисте болды, шет тили педагог кадрларын изледи ҳәм олардың потенциалын үйрениў максетинде ҳәтте жеке сабақларға қатнасты. Бул педагоглардың ишинде, инглис тилин терең меңгерген тәжирийбели педагог Л.И. Лагазидзе Министрге жүдә мақул келди. Солай етип, 1992-жылдың 8-декабрь сәнесинде Оның басламасы менен Л.И.Лагазидзе басшылығында Нөкис қаласында шет тиллерди тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген «Прогресс» тил үйрениў орайы шөлкемлестирилди ҳәм бул тараўдағы ең әҳмийетли тарийхый ўақыялардың бири болды, десек асыра айтпаған боламыз.
Неге дегенде, бул орайдың шөлкемлестирилиўи сол жылларда тек ғана Өзбекстан көлеминдеги жаңалық болып қалмастан, бир неше сырт мәмлекетлердиң де дыққат итибарын өзине тартты. Пикиримизди 1997-жылда Американың ең ири басылымларының бири болған – «NEW YORK TIMES» газетасында «Инглис тилин терең үйретиўдеги жоқары шеклер» атамасы менен жәрияланған мақала айқын дәлиллейди. Онда жаңа орай ҳақкында кеңнен сөз етиледи. Мине, усы жылдың өзинде тараўдағы бул жетискенлик Журтбасшымыз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, Т.Атамуратовтың «Дўстлик» ордени менен сыйлықланғанын атап өтиў орынлы.
Əҳмийетлиси, бул орай Министрдиң қоллап-қуўатлаўы және Л.И. Лагазидзениң шебер педагогикалық билимлери нәтийжесинде тез арада үлкен абырайға ийе болды. Мектеп оқыўшылары жоқары мағлыўматқа ийе болмай турып-ақ, Өзбекстан көлеминдеги шет ел бирге ислесиў кәрханаларында және сырт мәмлекетлердеги «Коко-кола» сыяқлы ири компанияларда әмелият өтеди. Ҳәтте, олардың көпшилиги жумысқа шақырылды, оқыўшылар ҳаққындағы миннетдаршылық хатлары болса, қардай борады. Себеби, Лагазидзе балаларға тек ғана тил үйретип қоймастан, әдеп-икрамлылық қағыйдалары, этика, эстетиканы да терең уқтырар еди. Бул процесс даўамлы болып, әйне пайытта орайда билим алған көпшилик кадрлар дүньяның ең ири тармақлық компанияларында ислеп атырғанына гүўамыз.
Қаҳарманымыздың жоқарыдағыдай үлгили ҳәм жемисли мийнет жолы оны 1997-жылда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, социаллық мәселелер комплексиниң баслығы лаўазымына жетелеп келди. Заманласымыз усы лаўазымда ислеген жыллары да елимизде тәлим-тәрбия, медицина, илим, миллий қәдриятларымыз бенен тарийхымызды терең үйрениў, көркем өнер ҳәм мәденият, әдебияттың раўажланыўына ғамхорлық етиў бағдарында салмақлы жумысларды алып барды.
Неге дегенде, ҳүрметли устаз сол ўақытта билимлендириў ҳәм руўхый-ағартыўшылық, басқарыўшылық саласындағы жемисли мийнети менен Ѳзбекстан Республикасының Ғәрезсизлигин беккемлеўде пидакерлик мийнет етип атырған, және журтымыздың ийгиликли басламаларын қоллап-қуўатлаўда шын кеўилден хызмет ислеп атырған ѳзбек ҳәм қарақалпақ халқының бирлигин, елимиздеги ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң дослығын беккемлеўде кѳзге кѳринген руўхый-ағартыўшы сыпатында халық ҳүрметине ерискен еди.
Мине, оның сол жыллардағы басламаларының бири – халқымыздың XIX әсирде жасап өткен уллы сөз зергерлери Əжинияз Қосыбай улы ҳәм Бердақ Ғарғабай улының 170 жыллық юбилейлерин Өзбекстан Республика көлеминде жоқары дәрежеде шөлкемлестириў еди. Татлымурат ағаның шебер шөлкемлестириўшилик потенциалы арқалы юбилейлердиң күтилгенинен де жоқары дәрежеде өткерилгенине кең жәмийетшилигимиз гүўалық береди. Усы орында әйне пайытта тиккелей Президент Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен Ҳүкиметимиз тәрепинен уллы шайырлардың 200 жыллық юбилейлерин кең түрде белгилеў илажлары көрилип атырғанын атап өтиў орынлы.
Бәримизге белгили, 2000-2002-жыллар Қарақалпақстан тарийхында оғада ауыр жыллар болды. Дәриялар менен каналларымызда суў тамтарыслы болып, алыс аўыллардағы халық посыў дәрежесине келди. Соның ишинде, Қаракалпақстанның арқасындағы ең шетки район Тахтакөпирге бул жағдай әдеўир тәсир етти. Халық материаллық ҳәм руўхый жақтан жәрдемге мүтәж болды. Сол ўақтағы Ел басшылары ҳәр тәреплеме өлшеп шешим еткен ҳалда Т.Атамуратовтың кишипейиллигине қарамастан оны район ҳәкими лаўазымына тайынлады. Онысызда халқымызда «аўыздағы суў ишер, аяқтағы уў ишер» деген гәп бар емес пе! Суўсызлықтан дийқан-фермерлер шарасыз қалған, жумыссызлық хәўиж алып, район халқының айырым шаңарақлары қоңсы еллерге көшә-көш болып атырған бул жылларда халықтың аўзын бириктирип услап турыўдың өзи мүшкил еди. Тәжирийбели басшы Ўатанласымыз Тахтакөпир халқын усы қыйын қыстаўлы жыллардан да аман-есен алып шыққанына гүўамыз...
Ол биринши гезекте аўыл хожалығы өнимлерин жетилистириўде жердиң ығаллығын сақлап туратуғын техникалар менен усылларды қолланыў үстинде бас қатырды. Усы мақсетте жергиликли аўыл хожалығы тараўының ғайраткерлерин, Өзбекстан көлеминдеги белгили илимпазларды Тахтакөпирге жәмлестирип, еринбестен күни-түни машқалаға шешим изледи. «Ийгиликли ислерге Алла-таала яр болады!», дегендей тез де суўсызлық жағдайда да аўыл хожалығы өнимлерин жетилистириў жоллары ашыла баслады. Таң қаларлық тәрепи сонда, суўдың мол ўақтында биринши болмаған Тахтакөпир сол жылғы қырманда Республикада Пахта жетилистириў бойынша мәмлекетлик режени бириншилерден болып орынланды. Ҳәким ағамыз ҳәтте, Қаратереңниң қурыған ултанындағы ығаллықтан да нәтийжели пайдаланып, сол майданда мол бийдай қырманын да жаратты. Қострубада болса, палыз өнимлеринен – қаўын-ғарбыз жетистирилди. Өзиңизге белгили, әйне пайытта елимизде електр энергиясын тежеў ҳәм энергияның қайта тиклениўши тәбийғый ресурсларынан пайдаланыў бағдарында көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Узақты көре алатуғын, талапшаң жасы үлкенимиз 2002-жылдың өзинде Тахтакөпирли бир топар шарўаларға қуяш нуры менен қуўатланыўшы қуяш панеллерин орнатып берди.
Əлбетте, бул қыйын шараяттан шығып кетиў жолларында Ҳәким ағамызға ийинлес болған Тахтакөпирли дийқан-фермерлер – Ағытай Əдилов, Сәрсенбай Сейтназаров ҳәм басқа да бир қатар мийнеткеш инсанлардың үлеси бар. Мине, усы жыллардағы әдиўли мийнетлери ушын А.Адилов Өзбекстан Қаҳарманы, С.Сейтназаров 2008-жылда Өзбекстан көлеминде «Ең жақсы фермер» атанып, Президент саўғасы – жеңил автомашина менен сыйлықланғанын ҳәм соңғылығында ол да Қаҳарман атағы менен сыйлықланғанын атап өтиў орынлы.
Улыўма алғанда, бул күнлер ҳәзир тарийх. Бирақ, сол суўсызлық жылларда Тахтакөпирде аўыл-хожалығы өнимлерин жетилистириў, пахта жетилистириў режесин бириншилерден болып орынлаў, ең тийкарғысы еле де посып кетиў алдында турған жергиликли халықтың аўызбиршилигин сақлап, дийдиленген турмыс шараятында услап турыўдың өзи, бүгин ойланып қарасам, бул да бир қаҳарманлық...
Ол әне, усындай пиыдайылық мийнетлери нәтийжесинде район ҳәкими сыпатында жумыс алып барған даўирлеринде, яғный 2001-2008-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары районлық кеңесиниң депутатлары болып сайланды.
Жасы үлкен 2008-жылы мийнет дем алысына шығыўына қарамастан буннан соңғы жылларда да ҳеш тыным билмеди. Себеби, өткен мәмлекетлик ҳәкимият басқарыў уйымларындағы мийнет жолы оны илим, билимлендириў тараўынан бираз узақластырып қойғандай еди. Əйне пайытта ол нағыз шәкирт таярлайтуғын, билимлендириў тараўына еле де үлес қосатуғын шағында еди.
Усы мақсетте ол 2009-2021-жыллар аралығында Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў институтында ректор ҳәм «социаллық-экономикалық илимлер методикасы» кафедрасының профессоры лаўазымларында жемисли жумыс алып барды.
Ҳүрметли ағамыз бүгинги күнде Ѳзбекстан Республикасы Руўхый-ағартыўшылық орайының Қарақалпақстан Республикасы бѳлиминиң баслығы лаўазымында ѳзиниң бай тәжирийбесине сүйенип, руўхый-раўажланыў жолында аянбай мийнет етпекте.
Өткен 2021-2022 ҳәм 2023-жылдың усы дәўирине нәзер таслайтуғын болсақ, Қарақалпақстан Республикасында руўхый-ағартыўшылық жумыслар тәсиршеңлигин буннан былай да арттырыў бағдарында көлемли жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик мәкеме-шөлкемлер менен бирге ислесиў жолға қойылып, ҳәр бир кеңсеге мәнаўият кирип барды. Талантлы жас дөретиўшилердиң дөретпелери баспа жүзин көрип, оларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў бойынша бир неше таңлаўлар шөлкемлестирилди. Халқымыз әсиресе, өсип киятырған жас әўладлар арасында китапқумарлықты кең ен жайдырыў бойынша нәтийжели жумыслар алып барылды. Усы ийгиликли дөретиўшилик илажлардың нәтийжесинде Елликқала районы «Ең үлгили район ҳәм қала» таңлаўында, пүткил Өзбекстандағы 206 район ишинен сыйлы биринши орынға ийе болып, Президент саўғасы «Дамас» автомашинасы менен сыйлықланды. Сондай-ақ, тиккелей Республикалық бөлим баслығының басламасы менен шөлкемлестирилген «Ең үлгили үгит-нәсиятшы» республикалық таңлаўында Нөкис районы 19-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы Г.Ибрагимова Өзбекстандағы 10 мыңнан аслам мектеплердиң арасында сыйлы екинши орынды жеңип алыўға миясар болды. Бул сыяқлы жетискенликлер буннан былай да даўам етпекте.
Сыр емес, буннан 4-5 жыл алдын халқымыздың көпшилик қатламы руўхыйлық, мәнаўият деген сөздиң мәнисин онша аңғарматуғын еди. Ҳәтте, бул мәкемениң қай жерде екенин, оның функциялық ўазыйпалары нелерден ибарат екенин де билмейтуғын еди.
Мениң пикиримше жәмийетшилигимиз мәнаўиятты соңғы 2-3 жылда тәжирийбели басшы, идеолог Т.Атамуратовтың халқымызды, әсиресе келешек әўладлардың руўхый дүньясын байытыўдағы унамлы дөретиўшилик мийнетлери арқалы терең аңлап атырғандай....
Ҳақыйқатында да пидайы устаздың дөретиўшилик мийнет жолы бәримизге өрнек болады. Бул ҳаққында Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың жеке өзи де жыллы сөзлерин билдирген еди. Мысалы, Журтбасышымыз Қарақалпақстан Республикасына болған сапарында, Қарақалпақстан Республикасы зыялылары, халық хожалығы тараўының белсендилери, жаслар ҳәм нуранийлер менен болып өткен ушырасыўында Т.Атамуратовты талапшаң, көп жыллық мийнет ҳәм турмыс тәжирийбесине ийе мийнет ветераны, деп тилге алғанын айрықша атап өтиў орынлы.
Усы орында көп жыллық тәжирийбеге ийе, алға қойған ийгиликли мақсетлеринен ҳеш тайынбайтуғын, талапшаң, мийнетсүйгиш, пидайы ҳәм көкиреги Ана-Ўатан деп сайрап турған ҳақыйқый ел перзентиниң басып өткен өмир жолынан бүгинги келешек әўладлар ҳәр тәреплеме үлги алса, екен деймен.
Қаҳарманымыз ҳәзирги ўақытта тәжирийбели устаз, жәмийетлик искер, сүйикли яр, ардақлы ата. Өмирлик жолдасы Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген Халық билимлендириў хызметкери Улжамал Нурымбетова да бир неше жыл жас ѳспиримлерге тәлим-тәрбия берип келген әдиўли устаз.
«Маънавият фидойиси» ҳәм «Биринши дәрежели мийнет ветераны» кѳкирек белгилериниң ийеси, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген Халық билимлендириў хызметкери Т.Атамуратов ѳзиниң мийнет сүйгишлиги, туўры сѳзлилиги, талапшаңлығы, кѳп жыллық мийнет ҳәм турмыс тәжирийбеге ийе болғанлығы нәтийжесинде халқымыздың арасында үлкен абырайға ийе инсан.
Устазымыз Татлымурат аға жетпистиң бесеўин қарсы алып атырған бир ўақытта, ақсақалымызға беккем денсаўлық, шаңарағына аманлық, перзентлерине бахыт, ийгиликли ислеринде күш-қуўат ҳәм ғайрат тилеймен. 75 жасыңыз қутлы мүбәрек болсын!
Бегдулла Султанов,
Қарақалпақстан Республикасына
мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери