***

***
Томас Штраухен Гринденбург Виртеге
I
Жуўырып баратырып қалдырған пәнжелериниӊ излерин қуйылдырып жаўып атырған жаўын тамшылары жуўып кетер еди. Муссон болмағаны менен, ҳәрқандай қарыўлы жанды шаршататуғын салмақлы тамшылары бар бул жамғырдыӊ. Не болғанда да бир пурсат еглениўге болмайды – қуўғыншылар жетип алыўы мүмкин. Түнде жүриў күтә қәўипли болған бул орманда бирде-бир жанныӊ қыймылдысы сезилмейди, өйткени нөсер аралас уйтқыған самалы бар бундай ҳаўа райында олар я уяларында, я үӊгирлерде, кем дегенде қалыӊ путаны паналап жатқан болыўы керек. Тынымсыз жаўып турған тамшылар Ҳүрбарыстыӊ динкесин қуртыў менен бирге, қанлы жараларын жуўып, тетиклендирер еди. Мүйешлери бамбуктан исленип, тикенли тоқыма жиплер менен беккемленген қәпести бузып шығыў аӊсат болған жоқ, ийинлери, арқалары, қоллары тилинген еди.
II
Таӊ ата баслаған мәҳәлде тоғайдағы барлық жәниўарлар Дуб Ана майданына жыйнала баслады. Еле қуяш нурлары түсип үлгермеген дуб жапырақларындағы тамшылар өз гөззаллығы менен гүбелеклерди өзине тартты. Келген мийманларды генже Арысланныӊ өзи дизимге алып тур. Ғарры Пил өз ҳаялы Жираф пенен келген ўақытта, Сыртлан ҳәм арыў Жейран да бириншилерден болып келген еди. Олардыӊ изинде жас жубайлар Таўысхан ҳәм Маймыл таз көринди. Нар Бүркит болса ҳаялы Кептергүл менен әллеқашан төменги шақалардыӊ бирин қонақлаған еди. Қуяш төбеге көтерилген сайын Дуб Ана жас келиншектей шырайлана, шәмензарлыққа қойыў саясын төге баслады.
III
Түн бойы тынбастан жуўырып, бирнеше километрди артта қалдырған болса да, ажағаларынан қәўипсингенликтен бе, ҳәрекетлениўден тоқтамады. Деген менен жаўыннан соӊ жер де ылайланып, аяқларына жабысқан батпақлар қәдемлерин аўырластырды, буған қоса еле питпеген жаралары да тәсир ете баслады. Диңкеси қурып, адым атыўында ғайбарлық жоғалып, сүрниге баслады, бул жүриси узаққа созылмай, төбешиктен аўнап түсип, сылдырлап ағып турған сарқырама суўларыныӊ жағасына кулады. Ҳүрбарыс өзин дүньядағы еӊ әззи жәниўардай сезди, ҳәрқандай жыртқыш келип, оны биймәлел баўызлап таслай алар еди. Көзлери ашық болса да, жуўырыўдан ҳәм жарақаттыӊ себебинен шаршаған денеси қыймылсыз жатар еди. Бул аянышлы аўҳалы еӊ биринши аӊындағы кийикти есине түсирди. Ол ўақытта қандай қарыўлы еди. Жаўырынынан тислеп алған кийиги бирнеше минут изинен қуўыўға мәжбүр етти. Барған сайын туяқлары қалтырап, аяқларын оӊлы баса алмай жуўырып баратырған кийик Ҳүрбарыс ушын еле жүриўди де үйренбеген ылақ сыяқлы еди. Ақыры жаўырынынан аққан қан ҳал-дәрманын қуртты да, жерге жығылды. Ҳүрбарыс болса бас ушына барып, дыққат пенен нәзер салып турды, жатқан жеринде аяқларын соӊғы рет қозғалтып, орнынан турыўға күш таба алмай, әсте өлип атырған кийиктиӊ көзлеринде еле жасаўға деген үмит бардай сезилди. Ҳүрбарыстыӊ қыялын онша узақ болмаған жерден еситилген ашшы даўыс бузды – бул ажағасыныӊ даўысы еди.
IV
Айбарыс ағасы Арысланныӊ минезин жақсы билер еди. Оған айтыўға батыллығы жетпеди, өз жанына қаст етиўге де жүреги даўамады. Дерлик бир ярым күннен берли кирпик айқастырмады, ой-қыялы алағада, жүрегиндеги қорқынышы қызын елеге шекем услап келе алмаған балаларына деген ғәзеп ушқынын тутандырып атырған болса, аналық муҳаббаты улларыныӊ келмеўиниӊ, қызыныӊ қолға түспеўиниӊ тәрепдары еди. Күйеў жигит Сағал көк ҳәм жолдасларыныӊ келиўине бираз ўақыт бар еди, сонлықтан соӊғы демге шекем күтиўди мақул көрди.
V
Ҳүрбарыс бул аўҳалы менен енди узаққа бара алмайтуғынлығын түсинди. Даўыслар болса және де жақынырақтан еситилер еди. Үмитсиз қыяллар өз қоршаўына алып, сөниў алдында турған руўҳына атқан таӊ жулдыз болып нур шашты. Көз ушында жайлар көринди. Аўҳалы қаншелли аўыр болса да, сол үйлерге шекем жетип алыўға шамасы келетуғынлығын ишинен сезинип турар еди. Бул рет жүдә жақыннан еситилген даўысқа нәзер салды ҳәм ажағаларын көрди. Олар төбешиктиӊ үстинде еди. Ҳүрбарыс бар күш-жигери менен өлими алдынан еӊ соӊғы соққысын бериўге атланған жыртқыштай алға умтылды. Ажағалары төбешиктен түсеменге шекем, бираз жерди изде қалдырып үлгерген еди. Үйлер таман жақынласқан сайын кеўлин бир ғәлетий қорқыныш жаўлай баслады. Шама менен еки жүз метрлик аралық қалғанда, барлығы есине тўсти, ол жерди таныды, бул ажапасы атып өлтирилген Аӊшылар аўылы еди. Жүрегиндеги қорқыў артқа шегиниўге ийтермелесе, изине жетиў алдында турған ажағалары ҳәм ар-намысы алға талпындырар еди. Таӊ жаӊа ғана атып киятырғанлықтан адамлар еле уйқыда. Аўылға бирнеше адым қалғанда Ҳүрбарыс айбатлы даўысы менен ақыра баслады. Аўыл ишине кирип келгенде ет түршигерлик сеслерди шығарды. Үйлердиӊ ортасында тоқтаўы мәттал, қолларына мылтық ҳәм жаба услаған еки ер адам ҳәм бир нашар көринис берди, Ҳүрбарыс ақырыўын тоқтатпады, ажағалары болса аўылға кириўге жүрек ете алмай, пута артында гүзетип турды. Бирнеше минут ишинде гүллан аўыл жыйналды, бирақ негедур ҳешкимниӊ таӊ азан менен журтты оятып, өзиниӊ ерси ҳәрекетлери менен адамлардыӊ ортасында ақырып атырған барысты өлтиргиси келмеди, еӊ соӊында ғарры мерген наганын туўырлап, оқ көширди…
2022-жыл, 12-январ ҳәм 8-февраль аралығы.
Муса Жиенбаев «Перфекционистлер» телеграм каналы ағзасы.