ӨЗБЕКСТАН МУСЫЛМАНЛАРЫ БАСҚАРМАСЫ УЛАМАЛАР КЕҢЕСИ МҮРӘЖАТЫ

ӨЗБЕКСТАН МУСЫЛМАНЛАРЫ БАСҚАРМАСЫ УЛАМАЛАР КЕҢЕСИ МҮРӘЖАТЫ

Paziylet.uz

Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.


Аллаҳ таалаға шексиз ҳамдлар болсын, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламға кәмил салаўат ҳәм сәлемлеримиз болсын.


Ҳүрметли жерлеслер!

Аллаҳға шүкир, гөззал үлкемизде ҳәр таңды тынышлық пенен қарсы алып атырмыз. Усы уллы неъмат себепли, ҳәр тараўда жеңислер, раўажланыўлар болып атыр, неъматлар күннен күнге зыяда болып бармақта. Бул журтта инсан әзиз, оның қәдири жоқары екени, өзиниң өмирде орнын таўып бармақта. Әсиресе, социал қорғаўға мүтәжлер, нәгиранлығы болған инсанлар, кәмбағал шаңарақларға турақлы ғамхорлық көрсетип келинбекте.


Ҳеш бир гүмансыз, ақырғы жылларда кем тәминленген, бағыўшысын жоғалтқан, жәрдемге мүтәж пуқаралар менен мәнзилли ислеў бойынша нызамлы тыйкарлар жаратылды.


Сиз әзиз жерлеслеримизге мүрәжат қылар екенбиз, соны айрықша атап өтемиз, социаллық корғаў мәселесинде Президентимизге хызметке таяр болыў бәршемиз умтылып атырған пәраўан келешек, перзентлеримиздиң бахытлы болыўын тәмийинлеўдиң ең зәрүр шарти болып табылады.


Ислам дининде мүтәжлерге жәрдем бериў, физикалық мүмкиншилиги шекленген инсанларға қайыр-сақаўат көрсетиў мискинлердиң жағдайынан хабар алыў ең саўаплы әмеллерден есапланады. Мүбәрек динимиз қайыр-сақаўатқа буйырар екен, оны өз орнына жумсаўды буйырады. Мүтәж инсанлардың ҳақына қыянет етиў болса аўыр гүна болып есапланады.


Журтымызда Социаллық қорғаў миллий агентлиги дүзилиўи халқымыз кеўлиндеги ийгиликли ис болды. Агентлик аўыр социал жағдайға түскен ҳәм түсиў қәўипи болған халық пенен мәнзилли ислеп атырғаны, садақаларын өз ийелерине жеткизип атырғаны халқымызды миннетдар етпекте, кеўиллерине қуўаныш үлеспекте. Әлбетте, мине усындай меҳирге мүтәж инсанлардың дуўасы менен журтымыз және де абат болады.


Ҳүрметли жерлеслер!


Жаратқанға шүкир, тәрбияның тыйкары болған мектепке, жасларды билимли етиўге мәмлекетимиз тәрепинен турақлы итибар қаратылып атыр. Тазадан жаңа мектеплер, бағшалар қурылып атыр. Журтымызда орта есапта жылына 1 миллион бала туўылып атыр. Бул дегени, жети жылдан кейин бир неше мың мектепке мүтәжлик пайда болады. Солай екен, сақаўатлы адамларымыз мектеп қурыў ямаса ремонтлаў жумысларына да үлкен итибар қаратыўын усыныс етемиз. Билим мәканы болған тәлим сарайларын қурыў, абаданластырыў саўабы уллы әмеллерден есапланады. Соның менен бирге, тәлим мекемелери студент ҳәм оқыўшыларды материаллық тәрептен тәмийинлеў, олардың контракт – шәртнамаларын төлеп бериў, оқыў қурал ҳәм сабақлықларын алып бериў саўабы турақлы жазылып туратуғын ағып турыўшы садақа болады.


Әзиз ўатанласлар!


Өкинишлиси, тойлар, шаңарақлык байрамлар, марҳумларды еслеў, ҳаж ҳәм умраға барып-келиўшилерди күтип алыўға арналған жыйынлар, оларда бир-биринен өтип түсетуғын, ким озарға, рияға, ысырапқа толы ислер халқымыздың үлкен машқалаларынан бири болып келмекте.

Усы орында, илимлилер, жасы үлкен аталар ҳәм кемпир-апалар, нураныйларға айтар сөзимиз, келиң, биргеликте журтымыз халқына, әсиресе, жоқарыдағы киби ысырапгершилик ҳәм дәбдебе қылып атырғанларға түсиндириў жумысларын көбейтейик, бул сыяқлы иллетлерди биргеликте жоқ қылайық. Аллаҳ таала берген мал-дүньяны ысырап қылыў – үлкен гүна екенин уқтырайық! Буның орнына тапқанларымызды саўаплы ислерге сарплап, жетим-жесир, нашар, мүтәжлерге жәрдем берейик, сонда, үлкен саўапқа ийе боламыз, иншааллаҳ!


Қәдирли уламалар ҳәм имам-устазлар!


Социаллық қорғаў бойынша Журтбасшымыздың басламасын қоллап-қуўатлаған ҳалда, бизлер – дин хызметкерлери төмендеги 7 ўазыйпаны әмелге асырыўды белгилеп алмақтамыз:


Биринши, уламалар ҳәм имам-хатиблер "Қайыр-сақаўат – кеўиллерге қуўаныш үлеседи" ураны астында үгит-нәсиятлаў жумысларын кең көлемде әмелге асырыў.

Екинши, ҳәр бир орайлық мешит 5 мүтәж шаңарақты аталыққа алып, олардың перзентлерин оқыў курсларында оқытыўы, кәсип-өнерге үйретиўи ҳәм турақлы дәраматқа ийе болыўына көмеклесиў.

Үшинши, ҳәр бир район-қала бас имам-хатиблери аймағындағы кеминде 1 мектепти қәўендерлер жәрдеминде ремонтлаў жумысларына жәрдем көрсетиў.

Төртинши, "Вақф" қайырқомлық жәмийетлик фонды Социаллық қорғаў миллий агентлиги менен бирге ислесип мәмлекетимиз бойынша кем тәмийинленген шаңарақ перзентлери болған 200 жасты кәсипке үйретиў ҳәм жумыс пенен бәнт қылыў.

Бесинши, "Вақф" қайырқомлық жәмийетлик фонды "Инсан" социаллық хызметлер орайы менен бирге ислесип физикалық имканияты шекленген балаларға 50 спорт арабашасы ҳәм басқа реабилитация нәрселерин алып берип, олардың емлениўине көмеклесиў.

Алтыншы, мешит имам-хатиблери қәўендерлерди жәрдеминде "Мийирманлық", "Сақаўат", "Мүриўбет" үйлерине ҳәм мийнет ветеранларына материаллық жәрдемлер көрсетиў жумысларын шөлкемлестириў.

Жетинши, имам-хатиблер тәрепинен той-мерекелердеги ысырапгершилик, умра зыяратынан қайтқаннан кейин ҳәр түрли хожакөрсин мәресимлерди шөлкемлестириўдей иллетлердиң алдын алыў жүзесинен үгит-нәсиятлаў жумысларын әмелге асырыў.


Әзиз жерлеслер!


Қайырлы ҳәм саўаплы иске үлес қосқан, жетим-жесирдиң басын сыйпаған адамның әмел дәптерине қыяметке дейин ағып турыўша садақа саўабы тоқтамастан жазылып турыўын, бундай адам халық ишинде, ел арасында бәрқулла ҳүрмет-иззетте болыўын умытпайық!

Аллаҳ таала ийгиликли ислеримизди Өзи сыйлықласын, әмийн!


Өзбекстан мусылманлары басқармасы Уламалар Кеңеси баслығы,

муфтий Шайх Нуриддин ХОЛИҚНАЗАР

Ташкент қаласы 

2024-жыл 26-декабрь

Report Page