Ө

Ө

Ө


Өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысы қандай болыўы керек?

 

Өзиңизге мәлим, Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан
Республикасы Өзин-өзи басқарыў уйымлары, МПЖ ҳаққындағы нызамынларында аўыллық,
мәкан пуқаралар жыйыны ўәкилликлерине ҳәдден тыс ўазыйпалар берилген, лекин сыр
емес, бул нызам талапларындағы ўәкилликлерди басым көпшилик МПЖ, АПЖ
баслықлары, көплеген лаўазымлы шахслар билмейди яки билсе де билмегенге салады.
Хош МПЖ, АПЖ уйымлары өзлериниң ўазыйпаларын орынлап атыр ма?  

Мәселен, Өзбекстан Республикасы “Өзин-өзи басқарыў уйымлары
ҳаққында”ғы нызамының 3-статьясында МПЖ, АПЖ органларын бийғәрез уйым делинген,
4-статьяда болса олардың жумысына мәмлекетлик басқарыў органлары ҳәм басқа да
лаўазымлы шахслар араласыўға ҳақысы жоқ делинген.

 

НЫЗАМНЫҢ КЕРИСИНШЕ ӘМЕЛ ЕТИЎИ

Нызамның 11-статьясында ишки ислер органлары таяныш
пунктлериниң ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бойынша есабатын еситеди,
жергиликли ҳәкимият басшыларының есабатларын еситеди. Пуқаралар жыйынларының
есабаты бойынша протоколларын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине
жибереди.  Нызамның усы жери жүдә шырайлы
шығарылған, лекин сыр емес, бул нызам талабы керисинше орынланып МПЖ, АПЖ уйым
басшылары тиккелей ҳәкимниң хызметкерине айланып, оларды жыл он еки ай атызда
жүргенлигин көремиз.

 

ЎӘКИЛЛИГИ

Қоршаған орталықты қорғаў, әтираптың санитария жағдайы,
оны абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша өз аймағында
жайласқан мәкеме, кәрхана, шөлкем басшыларының есабатын тыңлайды ҳәм қарар
қабыл етеди. Кем тәмийнленген шаңарақларға жәрдемлер бериў, олардың үйлерин
ремонтлап бериў, коммунал төлемлерин төлеўге жәрдем етиў көрсетилген.

Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары,
коммерциялық банклер, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм басқа да
мәкемелер менен биргеликте  кем
тәмийнленген шаңарақлардың үйинде жасаўшы жаслардың тойларын өткериўде
материаллық жәрдемлер бериў; 
Исбилерменлик субъектлерине, сондай-ақ, шаңарақлық исбилерменлерге
кредитлер алыўда кепил болыў  белгиленген.

 

ЖӘМИЙЕТШИЛИК ҚАДАҒАЛАЎ

 

Дерлик барлық мәкеме, кәрхана, шөлкемлерде нызам
ҳүжжетлериниң орынланыўы бойынша жәмийетшилик қадағалаўды әмелге асырады.

 

ҚАРАР ҚАБЫЛ ЕТИЎ

 

Нызамның 19-статьясында МПЖ, АПЖ уйымлары аймағында
жасаўшы пуқаралар, юридик шахслар ҳәм олардың лаўазымлы шахслары ушын орынлаў
мәжбүрий делинген.

 

ПУҚАРАЛАР МӘПИН ГӨЗЛЕЎ

 

МПЖ, АПЖ органлары пуқаралардың мәпин қорғап
мәмлекетлик басқарыў уйымларына судларға мүрәжат етеди.

 

ҚАҒАЗ ЖҮЗИНДЕГИ ҲӘРЕКЕТ

 

МПЖ, АПЖ органында бир нешше комиссиялар жумыс ислейди.
Атап айтқанда, жарастырыў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық,  социаллық қоллап-қуўатлаў, ҳаял-қызлар менен
ислесиў, ержетпеген ҳәм спорт ислери бойынша, исбилерменлик иси ҳәм шаңарақлық
бизнести раўажландырыў бойынша, экология ҳәм қоршаған орталықты қадағалаў,
абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша, жәмийетшилик қадағалаў ҳәм
тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў бойынша комиссиялар ислеп тур. Тән алыў керек,
басым көпшилик жағдайда бул жумысларды ислеў айланып келгенде МПЖ, АПЖ баслығы
ҳәм хаткери мойнында қалады себеби комиссия ағзалары тек жәмийетлик тәртипте
ислейди оларға ис ҳақы төленбейди. Өзиңиз ойланып көриң, бул комиссия жумысы
турақлы түрде ислейди, егер ис ҳақы төлемесе ким жанкүйерлик етип жумыс ислеўи
мүмкин?

Нызамда көрсетилген талаплар орынланбай атырғанлығының
бирден-бир себеби, бириншиден МПЖ, АПЖ баслықларында юристконсульт штат бирлиги
жоқ, бул лаўазым шәртли түрде болыўы керек, себеби биз нызам тәрепинен МПЖ, АПЖ
уйымларына берилген ўәкилликлердиң айрымларына тоқтап өттик. МПЖ, АПЖ
уйымларының жумысы нызамда көрсетилгениндей болыўы ушын кеминде жети-сегиз штат
бирлиги болыўы керек, сол ушын МПЖ, АПЖ уйымларының материаллық базасын
беккемлеў әсиресе оларды автотранспорт қураллары менен тәмийинлеў шәрт.

 

“Ел хызметинде” газетасы Бас редакторы

Дәўлетмурат Тәжимуратов



































































 

Report Page