«Әмиўдәрья»ның 3-саны жарық кɵрди

«Әмиўдәрья»ның 3-саны жарық кɵрди

Қарақалпақстан Республикасының көркем-әдебият, сын ҳәм жәмийетлик ой-пикир журналы – «Әмиўдәрья»ның 2021-жылдағы 3-саны жарық …

Қарақалпақстан Республикасының көркем-әдебият, сын ҳәм жәмийетлик ой-пикир журналы – «Әмиўдәрья»ның 2021-жылдағы 3-саны жарық көрди. 

«Драматургия» рубрикасы менен басланған журналдың бет ашарында Сизиң нәзериңизге Ѳзбекстан Қаҳарманы, Халық шайыры Абдулла Ариповтың «Саҳыпқыран» поэтикалық драмасының жуўмақлаўшы бɵлими усынылмақта.

 «Проза» рубрикасында болса Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызановтың «Муваракшина» қыссасының жуўмағын ҳәм филология илимлериниң кандидаты, доцент, марҳум Ю.Әлимбетовтың «Ойда жоқ ўақыя» атлы повестин оқып танысыўыңызға болады.

Жуналдың бул санынан «Әдебият. Тарийх. Публицистика» рубрикасы да орын алған болып, онда С.Баҳадырова (Филология илимлериниң докторы, профессор ҳәм Қарақалпақстанға хызмет кɵрсеткен илим ғайраткери)ның «Айдынлар, айдынлар, шалқыр айдынлар», Ж.Ҳәкимниязовтың «Ɵтмишке жан берген археолог», Ж.Есенов (Филолгия илимлериниң кандидаты, доцент)тың «Ɵткир ойлы сыншы» ҳәм Б.Нурабыллаевтың «Мемуарлық шығармалар – тарийхый дәрек сыпатында» атлы шығармалары орын алған.

Журнал бетлеринен орын алған «Түкийзибан» рубрикасы менен нәзериңизге усынылып атырған Ж.Шамуратов аўдармасындағы белгили ɵзбек жазыўшысы Нартоқта Қылыш қәлемине тийисли «Дɵҳмет» романы Сиз оқыўшыларды бийпарқ қалдырмайтуғыны, сɵзсиз.

Гезектеги «Мийрас» рубрикасында С.Әмирланның «Айтымақларда айға сыйыныў менен байланыслы исенимлердиң сәўлелениўи», Қарақалпақстан халық шайыры Н.Тɵрешованың  белгили марҳума шайыра М.Жуманазарованың ɵмири ҳәм дɵретиўшилигине бағышланған «Әй әзийз халқымның әзийз уллары!...» атамасындағы дɵретпелери менен бирге М.Жуманазарованың қәлемине тийисли дүркин қосықлар жәрияланбақта.

Сондай-ақ, журналдың бәнт басарынан шыпакер А.Палўаныязов авторлығында марҳум Медицина илимлерниң докторы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген шыпакер, жоқары категориялы хирург А. Ещановтың естелигине бағышланған «Ɵмир китабына ҳүсни-хат болдыңыз» атлы арнаў қосық орын алған.

Әдеттегидей редакция жәмәәтиниң журнал муқабаларынан да нәтийжели пайдалана билгенин көриўимизге болады. Онда быйыл туўылғанына 80 жыл толып атырған әдебиятшы-сыншы алым, Филология илимлериниң кандидаты Камал Ҳудайбергеновтың портрети ҳәм художник А.Раджабовтың дөретпелери менен танысыўыңыз мүмкин.


Жуўмақлап айтқанда «Әмиўдәрья» журналының 2021-жылғы 3-санында жәрияланған жоқарыда атап өтилген шығармалар көпшилик оқыўшылардың дийдинен шығады, – деп ойлаймыз.

 

Ч.Елмуратов,

журналист.

Канал: @charjau_elmuratov




Report Page