Қызыл аймаққа кирген районларда сессиялар жуýмақланды

Қызыл аймаққа кирген районларда сессиялар жуýмақланды


Қарақалпақстан Республикасында ең төмен көрсеткишке ийе уш район қызыл
аймаққа кирген районлар деп есапланды. Районлардағы 4 сектор баслықлары өз қәте-кемшилигин
мойынлап сессияда халық сайлаған депутатлар алдында халықтан кеширим сорап,
жиберилген кемшиликлерли таллап жуўмақ шығарып, келешектеги жумысларды режелестирип
ойласып алыўы керек еди. Бул ойласықта депутатлардан жаңа басламалар, жаңа
режелер күтилген еди.

Өз қәте-кемшиликлеринен дурыс жуўмақ шығарып ели-халқы ушын жан
күйдириўлерди Шоманай районында өткерилген сессияда көрдик. Депутатлардың
белсендилиги көзимизди қуўандырды. Нөкис районы сессиясында депутатлар
М.Қойшыбаев ҳәм З.Керимзатовтан тысқары бирден-бир депутат шығып сөйлеп,
пикир-усыныс, я сораўлар бермегенлигин көрип таң қалған едик. Ал енди Тақыятас
районында болса бирде-бир депутат қызыл аймаққа киргенлигинен уялып болса да
сөзге шықпады. Избе-из изленислер арқалы сары, жасыл аймаққа кириў ушын жаңаша
ислеў бойынша билдирилген режелерге пикир де билдирмеди. Усыныс та айтпады.
Сораў да бермеди.

Бул сиз исенип Халық депутаты етип сайлаған депутатларыңыздың жағдайы.

Ҳүрметли Халық депутатларын сайлаған сайлаўшылар! Жақында Сиз исенген
депутатлардың халық ушын жанкүйерлиги бойынша мақаланы усынамыз. Оқып бир пикирге
келиў ықтыярын өзиңизге қалдырамыз.

 















 

Report Page