ҚАРАҚАЛПАҚ АТАМАСЫ ҚАЯҚТАН ПАЙДА БОЛҒАН?

ҚАРАҚАЛПАҚ АТАМАСЫ ҚАЯҚТАН ПАЙДА БОЛҒАН?


Сирия. Мечет Омейядов. Раззақ Баба тәлим алған дәргәй.

Шынында да, көпшиликти ойландырып киятырған сораў. Оны парсылар - «кулях сиях», түриклер-«қара папақлар», славянлар-«черные клобуки» (қара бөриклилер), Бердақ шайыр-«қара ғулпақ», классик жазыўшымыз Т.Қайыпбергенов- «матам қалпағы» сөзлеринен алынған деп үйретеди. Басқа да вариантлары аз емес . Бирақ, айланып келгенде түби бир, адам кийетуғын бас кийимге келип тақалатуғын түсиник.

 Солай болса да, орталық түсиник- ҳәзирше совет илимпазларының Бухара ханлығы архив ҳүжжетлеринен табылған дерекке сүйене отырып, қарақалпақлардың ҳәзирги аты менен тарийх саҳнасына шыға баслаўы 1598-жылдан, Сырдәрьяның орта ағысынан басланған деген илимий жуўмақ әтирапында жәмленген. Бирақ, қарақалпақлардың ел сыпатында дүньяға таныла баслаўы орта әсирлердеги парсы шайыры ҳәм ойшылы Әбдирахман Жәмийдиң (1414-92) бир қатар поэзиялық шығармаларынан, византиялы император Жетинши Константин Багрянородныйдың (905-959) «Империяны басқарыў туўралы» мийнетинен мәлим болыўынша, бул түсиниктен әлле қалай бурынғы заманларда пайда болган екен. Оның үстине, классик шайырымыздың тарийхый поэмасына мәни берилип оқылса, атаманың елди исламластырыў заманларында пайда болған түсиник екенин аңғарыў қыйын емес ҳәм бул жаңа түсиник халқымыздың өмир жасын және де тогыз әсирге созыўға мүмкиншилик береди. 


Әнес, Мәлик екки киши.

Пайғамбарның саҳабасы.

Әнес қазақның бабасы,

Шундын Алаш болған екән.


Мәликниң уғлыдур Разы ҳақ,

Яшлығында қойды қулфақ.

Кийгән екән қара қалфақ.

Шундын қалфақ болған екән.


     Бердақ. «Шежире».5,6.      


Туўры, бул шайыр бабамыздың ҳәзирги кәсиплеслери сыяқлы ядтан тоқыған фантазиясы емес.Ал, заманының оқымыслы уламаларынан алған ҳәм сол заманның адамларына ортақ түсиник болыўы керек. Демек, «қарақалпақ» атамасы елди исламластырыў барысында усы түсиниклер негизинде пайда болған, ислам тарийхына усы тәқилетте енген, ал қалған атамалар болса усы ислердиң логикалық даўамы ғана. Тилекке қарсы, Араб Халифатлығы (661-1258) архивлерине кириў мүмкиншилиги болмағанлықтан, оны шайыр бабамыздан қалған мәдений мийрас негизинде шамалап түсиниўге ҳәрекет қыламыз.

Халқымызда ерте заманлардан қалған бир гәп бар. «Қәйткенде де, жердиң ийеси- қыпшақлар» деген. Шынында да, қыпшақлар, соның ишинде қанлыларда жеримиздиң әййем заманлардан берли отырықшы халқы , хөжейинлери. Шежиремиздеги басқа руўлар (қытай, қоңырат, маңғыт, кенегес, мүйтен) олардың қатарына соңғы заманларда сырттан келип қосылған қәўимлер.

 Мәселен, әййемги қыпшақлар түсинигине Волга ҳәм Едил дәрьялары бойларындағы татар, башқуртлардан тартып, қазақ, қарақалпақ, таўлы алтай, шор, енисей қырғызлары, тува, яқут халықларының түп-бабалары тутасы менен киреди. Ал, қаңлылар болса, буннан кеминде еки мың жыл арыда қытай жылнамаларына, ҳиндлердиң «Махабхарата» дәстанына- уллы юэчжилер (шығыс түркистанлы қаңлылар), қангуйлер (ферғана алабы қаңлылары) ҳәм янцайлар (араллы қанлылар) атлары менен кирген. Мине, усы халықлардың бир бөлеги болған әййемги жерлеслеримиз исламға дейинги тарийхында Ахаманийлер династиясы, грек-бактриясы ҳәм олардың мийрасхорлары, гуннлар империясы, Түрик Қағанаты заманларын басларынан кеширген.

  Ели бирдиң-тәғдири, салт-дәстүри бир болары анық. Солай екен, сол заманлардағы түрик-моңғол тиллес халықлардың тас төбеден кең жаўырынға ғулпақ жиберип қойыў дәстури-араллы қыпшақлар ҳәм қанлыларға да ортақ болыўы тәбийғый. Себеби, ғулпақ қойыў- жас әўладты жаўынгерлик руҳта тәрбиялаўда тәрбиялық әҳмийетке ийе дәстур. Сол себепли, ата-аналар жаслайынан улларына айдар, қызларының шекелерине салбыратып, тулымшақ қойдырып өсирген.

Бердақ шайырдың поэмасынан пәмлениўинше, араб басқыншыларына унамай қалған түркий жасаў тәризлеринен бири де, усы-ғулпақ қойыў дәстури болған көринеди.Тарийхый дереклерге қарағанда, Халифаттың уммавийлер династиясы (661-750) хызметиндеги хорасанлы әмир Қутайба ибн Муслим басшылығындағы ислам ләшкерлери тарийхтың 712-714-жылларында Аўғаныстан менен Пакистанның бир бөлегин, Ферғана алабы ҳәм Самарқанд әтирапын өзлерине бағындырады Арадан көп өтпей ески Марыдан жолға шыққан сол әскербасы қол астындағы ислам ләшкерлери Әмиўдәрьяны кешип өтеди, Бухара, соңынан-Таразды жаўлап алады, ол жерлерге өзлериниң найыпларын (орынбасарларын) тайынлайды.

Тил байлыққа «қара бөрикли», «қызыл бөрикли» ( қазақлардың дулат, суўан руўлары бабалары), «ала бөрикли» (қырғызлардың бабалары болыўы керек) атамаларының енисиўи де әйне усы заманлардан басланған. Бирақ, ҳәзирги реформаторлардай жоқарының тәртиби менен буйрық түринде емес, ал исендириў, үлги көрсетиў, алдын ала кадр таярлаў арқалы, онда да мәмлекетлик суўпышылық тәлийматы  (суфизм) шеңберинде асықпай әмелге асырған. Суфизмниң өзи ,баска дереклерге қараганда, көшпели халықлар турмысын исламластырыў барысында турмыслық зәрурликтен келип шыққан жаңа тәлиймат ҳәм олар туўралы алдымызда кеңирек тоқтап өтемиз.

 Енди, тарийхый поэмадағы «қара бөриклилер» (араллы қыпшақлар ҳәм қаңлылар) ҳәм «қызыл бөриклилер»ге «мурындық аталық» қылған Әнес ҳәм Мәлик исимли «екки киши»ге келсек, оларда аңызлық адамлар емес, ал әкели-балалы тарийхый тулғалар болып шықты. Ислам таныўшы москвалы алым, академик Г.Керимовтиң анықлаўынша, Малик ибн Анес (713-795) араблардың Медина қаласында туўылған ҳәм жасап өткен. Шәрият нызамларына тийкар салған ҳадис жыйнаў ислерине белсене қатнасып, ат шығарған. Шәрият нызам күшине кирместен алдыңғы заманларда юридикалық мәселелерди шешиўде қазылар ушын «Аль-Муватта» («Ҳәммеге түсиникли») қолланба китабын жазып шыққан. 

Солай етип, исламдағы төрт юридикалық мектептиң бири болған- маликийлер ағымына (мазҳабына) тийкар салған. Демек, жаўлап алынған еллериндеги түриклердиң «ғулпақ қойыў» дәстүрин басларына арнаўлы буйыртпа менен қой терисинен тигилген «қара бөрик» ҳәм «қызыл бөрик» пенен алмастырыў идеясы да усы кисиден шыққан. Бирақ, идея жоқарыда айтқанымыздай зорлық көрсетиў жолы менен емес, ал араллылардың тоғыз жасқа толған сайланды балаларын дин орайына әкетип, оқытыў, араб имласында саўат аштырыў, дүнья танымын исламый руҳта қәлиплестириў, ер жете келе информациялық түсиник жумысларын алып барыў ушын еллерине қайтарыў жоллары менен әмелге асырылған.

Басқаша айтқанда, тарийхый поэмадағы Разы ҳақ (Раззақ Баба)-араллы қыпшақлар ҳәм қаңлылар ишинен араблар елине барып тәлим алған, «ғулпақ қойыў» дәстуринен ўаз кешип, басына «қара бөрик» кийип қайтқан дәслепки «қаралфақ», қарақалпақлардан шыққан дәслепки мусылман ағартыўшысы болған. Усы жағдайға бола, Қубла Арал бойлары ислам дүньясы еллерине «қалфактың ели» аты менен кеңнен танымалы болып кеткен.Илимпазлардың ҳәр қыйлы тиллерде ҳәр қыйлы бағдарда тартысып киятырған лингвистикалық мәселесиниң төркининде де усы сюжетлик көринис жатқан қусайды.


Каналға ағза болыў @shejireqr

Report Page