#Sport

#Sport


Хош хабар: Бекзад Бермуханов Азия чемпионы

 


Усы жылдың 7-9-сентябрь күнлери аралығында Қазақстан Республикасы Атыраў қаласында 2001-2003-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында спорттың «Таэквондо — ВТФ» түри бойынша I ашық Азия чемпионаты болып өтти. Чемпионатқа жәми 15 мәмлекеттен 500ге шамалас спортшылар қатнасқан болса, Қарақалпақстан Республикасынан жәми 13 спортшы қатнасып қайтты.


Бул спортшылар арасында Шымбай районындағы Балалар-өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшысы Бекзад Бермуханов 1-орынды ийелеп, алтын медал ҳәм саўғалар менен сыйлықланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги хабар берди.

Бекзадтың бул табысқа ерисиўинде тренери Уктам Утамуратовтың мийнетлери айрықша.


Report Page