#Поэзия

#Поэзия

Ибрайм Юсупов

ТУСЫҢНАН БИР ЖƏНАН ӨТИП БАРАТЫР


Ағаңның сөзине қулақ сал, бала, 

Бет алысың жаман кетип баратыр.

Зейни пəслик қылмай бир серлеп қара, 

Тусыңнан бир жəнан өтип баратыр...


Билмедим кийгени қандай таўардан

Сын-сымбатын көрип естен аўарман,

Ҳəр басқан қəдеми бир дəртли əрман,

Сен өзиң бил, маған өтип баратыр.


Гөззаллық дүньясы соншелли абат, 

Сулыўларда болар ғайры кəрамат,

Гүлли көйлегинен желпип аромат, 

Жүзи маҳый табан өтип баратыр.


Наданлар ашықлық лəззетин билмес,

Саз-сəўбетти сүймес, ойнайып күлмес,

Соңыра қонып кет деп жалынсаң келмес

Үй тусынан мийман өтип баратыр.


Илҳамым яр болып, келсе əўметим,

Бир тəрийплер едим қəдди-қəўметин, 

Жаслық дəўран тең-тайы жоқ дəўлетиң,

Тез бақпасаң, дəўран өтип баратыр.


Сен болсаң жаныўсыз, гүлханың суўып, 

Уўызда тоймапсаң енеден туўып.

Əкең жетеалмаған дүньяны қуўып

Бир аш көзли надан өтип баратыр.


Инсанда сиз-бизлик ҳəм де мириўбет, 

Көзлериңде нур жоқ, сөзиңде - лəззет,

Муҳаббатың басқа журтқа күйеўлеп, 

Көкиректе əрман кетип баратыр.


Ашық нəзер менен серле, ҳəй, бала!

Жаслық бағы солмайды деп ойлама,

Бəҳəр паслы келди, гүллеп айнала,

Таў басынан думан өтип баратыр.


Кеўил əндийшесин айттым мəзи мен,

Жаслық дəўран болмас өзи-өзинен, 

Көзиңди аш, жуўермек, жуўыр изинен,

Тусыңнан бир жəнан өтип баратыр! 


Москва, декабрь, 1988-жыл.

Report Page