#Пенсия

#Пенсия



2019-жыл 1-январьдан баслап мектеп хызметшилерине – пенсия толық төленеди.


Бул Президенттиң 2018-жыл 5-сентябрьдеги «Халық тәлимин басқарыў системасын жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрманында нәзерде тутылған.

Ҳәзир ислеўши пенсионерлер оларға тайынланған пенсияның 50%тин алады. Ислеўши пенсионерлерге пенсия төлеў тәртиби ҳаққындағы нызамда келтирилген айырым тайпадағы шахслар буған кирмейди.

Енди 2019-жыл 1-январьдан баслап улыўма билим бериў мәкемелери хызметшилери болған пенсионерлер олардың қатарына кирди. Бунда шәрт киритилмекте – олардың бул мәкемелердеги искерлиги тийкарғы жумыс орны есапланыўы лазым. Енгизилип атырған норма бир қанша өзине жараса қәсийетке ийе. Яғный:

а) бул жеңилликтен пайдаланатуғын хызметшилер тайпасы көрсетилмеген. Түсиниўимизше, тек ғана мектептеги педагоглар емес, ал барлық хызметшилер ҳаққында сөз етилмекте;

б) алдынғы женлликлерди усыныў жағдайларынан парқлы түрде, мектептеги жумыс пенсионердиң бирден-бир емес, ал тийкарғы жумыс орны болыўы керек. Солай етип, мектеп хызметшилери болған пенсионерлерге және қай жердедур орынласлық тийкарда ислеўге рухсат бериледи, деп шамалаў мүмкин.

Соның менен бирге, бюджеттен тысқары Пенсия фонды 2018-жыл 1-октябрьден баслап барлық ислеўши пенсионерлерге толық пенсия төлеў басламасы менен шыққан. Сол себепли улыўма билим бериў мәкемелеринде ислеўши пенсионерлер 01.01.2019-жылдан алдын 100% пенсия алыўлары итималы бар, деп жазадыnorma.uz.

 

Аўдарма: makan.uz


Report Page