МОТИВАЦИЯ

МОТИВАЦИЯ


 (магистрлерге) Бозатаў фестивалында өнер көрсетип 50 млн сўм утып алған жеңимпаз "жақсы мотивация болды" деди тележурналистке берген интервьюсинде. Шынында да 50, 30, ҳәтте 15 млн сўмды тегин емес, ал проценти менен кредит, қарызға алыў бозатаўлы "Темир дәптер", "Ҳаяллар дәптери", "Жаслар дәптери"не кирген жумыссызлар ушын үлкен "мотивация" болыўы мүмкин еди. Сонда мәнисин биреў билсе, биреў биле бермейтуғын "мотивация" дегенниң өзи не?

Мотивация-тил байлығымызға жаңадан кирип киятырған түсиник. Түбири,фр-ша - "мотиф", лат-ша "мовео", яғный "ҳәрекетке келтиремен" сөзинен алынған. Мотив сөзи төрт түрли мәниде қолланылады. а) нама, б) себеп, бәне, в) дәлил, тийкар, ҳәм г) әдебиятта теманың бир бөлеги, тийкарғы мотиви.

Мотивлер дегенде, психологияда, адамды бир ис ислеўге ийтермелеў түсиниледи. Мотивация (мәжбүрлеў) болса - адамлар менен бирге ҳайўанлардың да жеке (ашлық, шөллеў ҳ.т.б.) ҳәм топарлық (туқым-теберрикке ғамхорлық ҳ.т.б.) талапларын қанаатландырыўға мәжбүрлеў түсиниледи. Толығырақ түсиникти философия оқытыўшысынан алың!


Канал👉 @shejireqr

Report Page