Лукойл

Лукойл

Kuchkaroff.S

Россияның «Лукойл» компаниясы Өзбекстанда жаңа углеводород кәнлерин ашыўға үмит билдирмекте. Компания мәмлекет арқа-батыс аймағын үйрениў бойынша келисим тастыйықлаған. Бул ҳаққында «Лукойл» президенти Вагит Алекперов мағлыўматына тийкарланып ТАСС хабар берди, деп жазады «Халқ сўзи онлайн».

«Компания (ўәкиллериниң Өзбекстанға) соңғы сапары ўақтында Қарақалпақстанның үлкен аймағын үйрениў бойынша келисим тастыйықланған еди. Бул Өзбекстанның арқа-батыс бөлеги. Биз келешекте тез пәтлер менен раўажланыўға ийе болыў ушын бул аймақта жаңа табылмалар табамыз деп үмит етемиз», деди Алекперов.

«Лукойл» топары тәрепинен 2018-жыл 33,5 млрд. метр куб газ қазып шығарылды. Бул 2017-жылдағыға қарағанда 16 процент көп. Атап айтқанда, 2018-жылдың төртинши шерегинде бул көрсеткиш 8,9 млрд. метр кубты қурады ҳәм 2017-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 5 процент өсиўге ерисилди.


Report Page