#Lifestyle

#Lifestyle


Психологлар: Социаллық тармақлар адамларды жүдә жалғыз ҳәм бахытсыз етпекте.

 


Социаллық тармақлардан пайдаланып ўақыт өткериў тек ғана ўақыт жумсаў емес, ал психика ушын да қәўипли есапланады. Порталлар түрли машқалаларға себеп болыўы мүмкин, мысалы, инсан қәўетерленип, жалғызлықты күшлирек сезе баслайды, делинген med-heal.ru сайтында.

Соның менен бирге, социаллық тармақларда ўақыт өткериўди жақсы көретуғын адамлар өзин жетерлише баҳалай алмайды. Буннан сондай жуўмақ келип шығады, ҳәттеки саламат адамда да ментал саламатлық пенен байланыслы машқалалар пайда болыўы мүмкин.

Депрессив ҳалатқа мейиллиги болған инсан ушын болса бул ҳақыйқый машқала. «Бүгин биз таң қаларлық парадоксти бақлап атырмыз: тийкарында адамларды бирлестириўи керек болған социаллық тармақлар оларды жүдә жалғыз ҳәм бахытсыз етпекте. Бул мәселени толығырақ үйрениў керек, әлбетте, бирақ социаллық тармақлардың унамсыз тәсирин бүгинниң өзинде де көриў мүмкин», - дейди изертлеў авторларының бири, Пенсильвания университети алымы Мелисса Хант.

 

Аўдарма: makan.uz


Report Page