#Экономика.

#Экономика.


2019-ЖЫЛ БЮДЖЕТНАМАСЫДЕПУТАТЛАР ТӘРЕПИНЕН ҚЫЗҒЫН ДОДАЛАНДЫ


2018-жыл 17-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар Өзбекстан Республикасының 2019-жылғы Мәмлекетлик бюджет, мәмлекетлик мақсетли қорларының бюджетлери және салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларын көрип шықты.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.Қўчқоров баянат жасады.

Дәслеп парламент төменги палатасының барлық комитетлери, сиясий партиялар фракциялары ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекетиниң депутатлар топарының мәжилислеринде усы мәселениң дәслепки додалаўлары өткерилген еди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен усынылған  2019-жылғы Бюджетнама Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тастыйықланған 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген баслы ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң 96-статьясының қағыйдаларына муўапық ислеп шығылып, парламентке киргизилген.

Елдиң бас финанслық ҳүжжетин усыныў әмелиятында биринши мәрте 2019-2021-жыллары елди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларының прогнозы берилди. Онда фискал көрсеткишлерге тәсир көрсетиўши тийкарғы сыртқы ҳәм ишки факторлар, 2020-2021-жылларға байланыслы салық-бюджет сиясатының стратегиясы, 2019-жылға мөлшерленген ҳәм 2019-2021-жылларға прогноз етилген фискал қәўип-қәтерлер, 2019-2021-жылларға мөлшерленген Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң параметрлери сыяқлы мәселелер өз көринисин тапқан. Экономиканы модернизациялаўды ҳәм диверсификациялаўды тәмийинлеўге, экономика секторларының макроэкономикалық көрсеткишлериниң жоқары пәтлерде өсиўине ерисиўге, халықтың абаданлығын жоқарылатыўға қаратылған инвестициялық тартымлылық ҳәм исшеңлик орталығын арттырыўға байланыслы илажларды избе-из әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Мәжилисте атап өтилгениндей, 2019-жылда жалпы ишки өнимниң өсиўи кейинги жылларда оның унамлы динамикасын сақлап қалған ҳалда 5,4 процент (2020-жылда 6 процент, 2021-жылда 7 процент) муғдарда болатуғыны нәзерде тутылмақта. Соның ишинде, санаат ислеп шығарыў көлеми 4,9 процент, қурылыста 8,4 процент, аўыл хожалығында 3,3 ҳәм хызметлер тараўында 6,2 процентке көбейеди, тийкарғы капиталға инвестициялар 17 процентке, товарлар ҳәм хызметлер экспорты 15,5 процентке ҳәм импорт 6,3 процентке өседи.

2019-жылғы салық сиясатының тийкарғы бағдарлары Президентимиздиң 2018-жыл 29-июньде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жетилистириў концепциясы ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық ислеп шығылған. Оған муўапық барлық пуқаралар ушын физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығының бирден-бир ставкасын 12 процент муғдарында енгизиў, соннан 0,1 процентин жеке жыйналып барылатуғын пенсия есап бетлерине жибериў, юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығының ставкасын 14 проценттен 12 процентке шекем, коммерциялық банклер ушын 22 проценттен 20 процентке шекем азайтыў, пуқаралардың мийнет ҳақы түриндеги дәраматларына бюджеттен тысқары Пенсия қорына услап қалынатуғын қамсызландырыў төлемлерин бийкар етиў нәзерде тутылмақта. Улыўма алғанда, усыныс етилип атырған илажлардың әмелге асырылыўы есабынан салықлар менен мәжбүрий төлемлердиң түри 19 дан 15 ке шекем азаяды.

2019-жылға мөлшерленген Бюджет сиясаты пуқта ойланған фискал сиясатты әмелге асырыўға, экономикалық көрсеткишлердиң турақлы өсиўине ҳәм елдиң финанслық системасының турақлылығын тәмийинлеўге қаратылған.

Бюджет қаржыларын режелестириў, олардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға ҳәм бюджетлераралық қатнасықларды жетилистириўге бағдарланған бир қатар илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда, Мәмлекетлик бюджетти режелестириў ҳәм орынлаў процесин, бюджетлераралық қатнасықларды жетилистириў, тийисли ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалардың салық төлеў имканиятларын кеңейтиўден жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының мәпдарлығын арттырыў, бюджеттиң турақлылығын тәмийинлеў ушын бюджетке қатаң әмел етилиўине ерисиў, бюджет системасында бюджетлердиң финанслық ағымларын сәйкеслендириў сыяқлылар солар қатарына киреди. Бюджетти режелестириўдиң турақлылығын арттырыў мақсетинде прогноз жылы ушын Мәмлекетлик бюджетти ҳәм кейинги еки жылға мөлшерленген бюджет бағдарларын тастыйықлаў жолы менен орта мүддетке мөлшерленген бюджетти режелестириў механизмин енгизиў усыныс етилмекте.

2019-жылда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет дәраматларының түсими 102,6 триллион сум ямаса жалпы ишки өнимге салыстырғанда 24,2 процент дәрежесинде болатуғыны прогноз етилмекте. Мәмлекетлик бюджетке түсимлердиң усы жылғы көрсеткишине салыстырғанда 37,8 процентке өсиўи режелестирилмекте.

Мәмлекетлик бюджет дәрамат бөлегиниң түсими тиккелей салықлар бойынша дәраматлар есабынан 20,7 триллион сум, тиккелей емес салықлар бойынша 55,5 триллион сум муғдарында, ресурс салықлар ҳәм мүлкке салынатуғын салықлар бойынша 14,6 триллион сум, жер асты байлықларынан пайдаланғаны ушын салықлар бойынша 10,7 триллион сум, суў ресурсларынан пайданғаны ушын салықлар бойынша 0,3 триллион сум муғдарында болыўы күтилмекте.

2019-жылда Мәмлекетлик бюджеттиң қәрежетлери 107,1 триллион сумды қурайды. Бул өткен жылдағыға салыстырғанда 1,4 есеге көп болып, онда Мәмлекетлик бюджеттиң қәрежетлери тийкарынан социаллық тараўларға жумсалады. Соның ишинде, социаллық тараўдың қәрежетлери 57,8 триллион сумды ямаса улыўма қәрежетлерге салыстырғанда 54 процентти қурады. Онда бул қәрежетлердиң өсиўи алдынғы жылға салыстырғанда 34,4 процентке көбейеди.

Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қаржыландырыўға 4 триллион сум, улыўма билимлендириўге 17,1 триллион сум жибериледи, кадрлар таярлаўға ажыратылатуғын қаржылар 3,8 триллион сумды қурайды.

Денсаўлықты сақлаўды қаржыландырыўға болса 12,1 триллион сум қаратылады ямаса бурынғы жылға салыстырғанда 30,5 процентке өсим менен улыўмалық қәрежетлерге салыстырғанда 11,3 процентти қурайды.

Мәдениятты қаржыландырыў ушын 1 триллион сум, илимге 0,8 триллион сум жумсалады. Социаллық напақалар, кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем төлеў ҳәм компенсация төлемлери ушын қәрежетлер өткен жылдағыға салыстырғанда 61,8 процентке артқан ҳалда 5 267,2 миллиард сумды қурайды.

«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» Мәмлекетлик бағдарламаларын әмелге асырыў ушын барлық қаржыландырыў дәреклери есабынан 6,3 триллион сум жумсалады, бул болса 478 елатлы пунктте турмыс шараятларының жақсыланыўын тәмийинлейди.

Мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыў шеңберинде 2019-жылда 372 объектте ишимлик суўы тәмийнатын ҳәм канализация системасын реконструкциялаў және модернизациялаў, 1 916,1 километр узынлықтағы суў өткериў тармағын қурыў ҳәм реконструкциялаў нәзерде тутылмақта. Көрилген илажлар нәтийжесинде орайласқан суў тәмийнатын қамтып алыў 2019-жылда 77 процентке жетеди.

Улыўма алғанда, 2019-жылғы Бюджетнамада нәзерде тутылған дәраматлардың избе-из өсиўи, салық сиясатында енгизилип атырған тийкарғы өзгерислер халықтың турмыс шараятларын жақсылаўға қаратылғаны менен әҳмийетли екени атап өтилди.

Мәжилисте Бюджетнама ҳәм оның тийкарғы бағдарлары депутатлар тәрепинен ҳәр тәреплеме додаланды.

Бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыўда тәсиршең жәмийетлик ҳәм парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў үлкен әҳмийетке ийе. Жергиликли бюджетлердиң дәрамат дәрегиниң беккемлениўин ҳәм олардың еркинлигиниң избе-из арттырылып барылыўын есапқа алған ҳалда, жергиликли ўәкиллик уйымларының ўәкиллик ҳәм имканиятларынан мақсетке муўапық пайдаланылыўын, бюджетке түсимлердиң толық болыўын тәмийинлеў жумысына белсенди қосылыўлары талап етиледи. Бул бағдарда парламент халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлары корпусына ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиўи атап өтилди.

Соның менен бирге, мәжилисте ҳүкиметке сиясий партиялар фракциялары, Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлар топарының пикир-усыныслары, сондай-ақ, халықтың Нызамшылық палатасының депутатлары менен орынларда өткерилген ушырасыўлар ўақтында билдирилген пикир-усынысларын инабатқа алыў усыныс етилди.

Парламент ўәкиллериниң бас финанслық ҳүжжет жойбары бойынша берген сораўларына Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.Қўчқоров ҳәр тәреплеме жуўап берди.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов шығып сөйледи.

Барлық сиясий партиялар фракциялары ҳәм Экологиялық ҳәрекет депутатлары топарының сөзге шыққан ўәкиллери Ҳүкимет тәрепинен усынылған Өзбекстан Республикасының 2019-жылғы Мәмлекетлик бюджет, мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлери және салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларын қоллап-қуўатлаўды усыныс етти. Жойбар Нызамшылық палатасы тәрепинен тастыйықланды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети


Report Page