#Экономика

#Экономика


2020-жыл 1-январға шекем бажыхана төлемлерин төлеместен алып кириў мүмкин болған өнимлер.

Товар базарларында саўданы жәнеде еркинлестириў ҳәм бәсекини раўажландырыў ис-илажлары ҳаққындағы Президент Пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муўапық 2020-жыл 1-январға шекем төмендегилерди бажыхана төлемлерин төлеместен алып кириў мүмкин:

 - тири қарамал, қой ешкилер;

 - қарамал, қой ҳәм ешки гөши;

 - картошка, соя лобыясы;

 - айғабағар, гүнжи туқымы;

 - қумшекер, гүриш.

Бунан тысқары цемент, асбест, қурылыс айнасы, ағаш ҳәм көмир өнимлери импорты бойынша ҳәм 2020-жыл 1-январға шекем бажыхана жеңилликлери усынылады.

Бунда бажыхана жеңилликлери ислеп-шығарыўшы кәрханалар өзлериниң мүтәжликлери ушын тийкарғы қурылыс материаллар, соның ишинде цемент клинкери ҳәм асбестти импорт қылғанда да қолланылады.

 


Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme


Report Page