#Экономика

#Экономика


Өзбекстан Казақстанды ун базарынан шығарып жибермекте, бирақ мәмлекет ишинде ол қымбатлап атыр

 

Өзбекстан Казақстанды ун базарынан шығарып жибермекте, бирақ мәмлекет ишинде ол қымбатлап атыр


 Фото: Sputnik

Дән егинлериниң улыўма ҳасылына бола, Қазақстан дүньядағы жетекши мәмлекетлерден бири есапланады. Усы жылы ғәллениң улыўма ҳасылы 20 миллион тоннаға, экспорт потенциалы болса 9 миллион долларлық дәрежеде баҳаланбақта, Қазақстаннан ғәлле тийкарынан Орайлық Азия мәмлекетлери, Иран ҳәм Аўғанстанға жибериледи, деп жазбақта Kapital.kz.

Бир неше жыл алдын Қазақстан ун экспорт бойынша жәҳан базарында жетекши еди. Бирақ ҳәзир емес. Қазақсанлы дигирманшылар өз ислерин тоқтатып атыр – жыл сайын мәмлекетте ислеп атырған дигирманлар саны кемеймекте.

«Биз ун сатыў бойынша дәстүрий базарларды жоғалттық - Тәжикстанды анық жоғалттық, енди Өзбекстан ҳәм Аўғанстанды жоғалтпақтамыз. Аўғанстан сонғы бир неше жыл даўамында Қазақстанның пәс сапалы унын белсене сатып алды, бирақ енди Қазақстан бийдайинан таярланған өзбек унын сатып алып атыр. Сатыў базарлары болмағаны себепли Қазақстан дигирманлары тоқтап қалмақта - өткен жылы жүдә көплеген дигирманлар иси орнында турып қалды», - дейди «Диқаншы» коммерция ийеси Игорь Денисенко.

Ун экспорты 2010-жылы ең шыңына шықты, сол гезде Қазақстан 2,3 миллион тонна ун сатқан. Соннан кейин экспорт көлеми жылдан-жылға кемейип барды, дигирманлар болса тоқтады.

Дигирманшылардың пикиринше, дигирманларды сақлап қалыў ушын дәнди экспорт етиў бойынша акцизди енгизиў ямаса дигирманшыларға дотациялар бериў керек. Бирақ тийисли министрлик я оны, я буны режелестирмей атыр.

Соның менен бирге, Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан дәл оған акциз салығы менен қазақстанлы дигирманшыларға үлкен тосық қойды.

«Мысалы, 2012-жылға шекем Өзбестанда барлық ун Қазақстаннан болған еди, бирақ енди қоңсылар бизиң дәнимизди сатып алып, өзиниң қайта ислеў санаатын раўажландырмақта», - делинген хабарда.

Сонғы алты жыл ишинде Өзбекстан Аўганстанға унды экспорт етиўши мәмлекетлер дизимине кирди, бул болса Қазақстан өнимлериниң экспорт үлесин қысқартты.

Август айы соңында Өзбестан компаниялары унды импорт қылынған дәннен экспорт қылыў имканиятына ийе болды. Экспорт етилиўши ун көлеми импорт етилетуғын дән көлеминиң 75% нен артпаўы керек.

Ғәлле импортына келетуғын болсақ, 2020-жыл 1-январьға шекем дән өнимлери (бийдай, жүўери, тары, арпа) бажыхана төлеўшилеринен азат етиледи (рәсмийлестириўден тысқары).

Соның менен бирге, сентябрьде биринши сорттағы ун баҳасы 1400 сўмға шекем асты, ноябрь айында болса ол және бир неше есеге қымбатлаўы мүмкин, себеби ҳүкимет жақында «буханка» менен жүз бергениндей, унға баҳаларды «қойып жибериўди» режелестирген, деп жазады kun.uz.

 

Аўдарма: makan.uz 


Report Page