Е

Е

Е

Ер азамат екенлигимизди сезинип жасайық


Ата-аналардың ҳәр бир ҳәрекети шаңарақтағы бала тәрбиясы ушын үлкен әҳмийетке ийе, шаңарақта ҳаял өмирлик жолдасының «жаманын жасырып, жақсысын асырып» билиўи керек.

          Дана ҳалқымыз: «Алп анадан, Ат бийеден, Нар тайлақ туўа бермес, ҳәр түйеден»-деп бийкарға айтпаған.

Мусылманшылықтың шарият талабы бойынша шаңарақты ер адам басқарыўы керек, ҳаял адамда, өз гезегинде ийбелиги, жақсы пазыйлетлери, адамгершилик қәсийетлери қәлиплескен болыўы дәркар. Соның менен бирге, ҳаял адам өмирлик жолдасына шаңарақты басқарыўында, оны қоллап-қуўатлап, оған ҳәр тәреплеме жәрдем берип турыўы лазым.   

Себеби, бундай тәрбияны перзентлери көрип үлги алып өседи ҳәм унамлы ҳәм унамсыз болсын, ҳәр бир ҳәрекетти өзинде, санасында сиңдирип, минез-қулқына қәлиплестирип барады. Уяда не көрсе, ушқанда соны иледи деген гәп бийкарға айтылмаған.

          Жасырарлығы жоқ, редакция тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары бойынша мәҳәлле ҳәм басқа да орынларға көп барамыз.

Көпшилик жағдайларда мүрәжатлар бойынша келген шаңарақтың басқарыўшысы болған ер азаматлар мүрәжатларын анық, дәл, избе-из ҳәм мәдениятлы түрде түсиндириўдиң орнына, еркеклик намысты жасырып, өзиниң бала-шағаларын сөйлетип өзлери 10, 15 метр қашықлықта топар-топар болып бақлап турғанлығын көремиз. Мүрәжатларды шешилиўи бойынша мәсләҳәтлер берилип, «мақулма?» делинсе, «қәйдем, бала-шаға биледи, бала-шаға шешеди» деўшилерде табылатуғынлығына арланасаң.

«Қылышты сермей алмаған өзине тийгизер»-дегениндей, азаматлардың бундай унамсыз ҳәрекетлери жәмийетке өзиниң кери тәсирин тийгизери анық.   

          Бундай унамсыз ҳәрекетлеринен жас шаңарақ ийелери, әсиресе, өз баллары үлги алмаўына ким кепил? Яғный, ҳәр бир ул-қыз ең дәслеп өз ата-аналарынан тәрбия алып ер жетедиғой, ақыры. 

Бул дегени, өз келешегиниң еркеклик қәсийетлерин жоғалтып бара береди деген сөз. Сонлықтан да, ҳәр бир «Шешиўши қарар»ды шаңарақ басшысы болған ер азаматлар белгилеўи тийис.

  Халқымызда «Ер жигиттиң жүреги арысланға теңкелер»-деген нақыл бийкарға айтылмаған. Солай екен, ер жүрек азаматлар өз шаңарағын басқармаса, елден батырлар шығыўына гүман.

  Буның менен, өз шаңарағына жарасықлы болып отырған ҳәзирги күнимиздиң ер азаматларына – «бала-шаға не дер екен, көрейин»-дегенди көп айтпаўын соранған ҳәм мәсләҳат берген болар едик. Ертеде ата-бабаларымыз «Ер жигиттиң жүрегине ер-жүўенли ат жайғасады», «ҳасыллар өсер уяда, батырлар гезер қыяда»-деп тосыннан айтпаған болса керек.

   Соның менен бирге, усындай жағдайға байланыслы және бир мысал келтиретуғын болсам, өткен жылы жақын жорамыздың әкеси қайтыс болған ўақытта қайғысын бөлисиўге барғанымда бир нашар адам келип, –«сен үйт, сен бүйт», «жаназаны атқарыў ушын, ақмайын, басқада затларын алдырып беремен»-деп кәтқудашылық етип атырғанлығына көзим түсип, ким екенлигине қызықсынып көргенимде, сол аймақтың мәкан пуқаралар жыйыны баслығы екенлигин билдим. 

Арадан бир неше айлар өтти, бир күни сол мәкан пуқаралар жыйынындағы баслық апай, телевизорда өзин МПЖ ақсақалыман, деп таныстырғанлығын көрип, аң-таң болып қалдым. Бул апайдың МПЖ ақсақалыман деген сөзи сөйлеў мәденияты жағынанда, нызам жағынанда надурыс еди.

Нызамда ер адамғада ҳаял адамғада мәкан пуқаралар жыйыны баслығы статусы сөзинен пайдаланыў белгиленген. Ал, аўыл пуқаралар жыйынында болса, егер ер адам болса онда оған ақсақал деген, ал ҳаял адам болса, онда өз-өзинен баслық деген статустан қолланыў белгиленген.

 Әне ҳаял менен еркек адамның бир-биринен парқы ажыралмай атырғанлықтың ақыбети.

         Ҳүрметли газета оқыўшылар! Солай екен, биз азаматлар шаңарақтада, жәмийеттеде өз орнымызды аңлап билиўимиз керек. 


     «Ел хызметинде газетасы» 

Бас редакторы Дәўлетмурат Тәжимуратов   


Report Page