Б

Б

Б

БЛОГЕРЛЕРДИ ЖЕТИ ТҮНДЕ ПРОКУРАТУРАҒА АЛЫП КЕТИЎГЕ КИМ ТАПСЫРМА БЕРДИ?



яки ески кейпият пенен жасап атырған ҳәмелдарлар ҳаққында


Мәмлекет басына әдил басшы, яғный ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев келип, тепсең тебиренбейтуғын, жүрегин қурым қаплап, нызамның белинен басып, мықлы гүрсиде беккем орнасып алып, ширенип отырған бирнеше ҳәмелдарлардың түбине суў қуйды. Лекин, жасырарлығы жоқ, базыбир басшылар буннан бес жыл бурынғы үйренип қалған жаман иллетлеринен елеге шекем баспүкил қутылып кете алмай атыр...

Бир ғана мысал, Президент мырза конституция талабын үстин қойып,«әдиллик» аталмыш уллы туйғыны сөз еркинлиги менен жарыққа шығарыў ушын биринши гезекте журналист ҳәм блогерлердиң нызамлы ҳуқықын тәмийинлеў шәртлигин ескертип өткен еди. Қайта-қайта еслеўге еринбеймен, Ш.Мирзиёев усы лаўазымға келгенге шекемги аралықтағы мәмлекеттеги унамлы өзерислерди дизип санай басласақ, биз әллеқашшан ҳүрмет жарлықларын алар едик. Мабада, жаман ҳәм унамсыз тәреплерин санамаласақ, сиясатқа жөнсиз араласқан болып жазаға тартылар едик...

Биз усы күнге шекем сиясат бойынша гәп кетсе, көрпе астында сөйлеп шаршадық, сол себепли қолымызға қәлем алмаға туўра келди.


ГӘПТИҢ ПОСГЕЛЛЕСИ


Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары лаўазымына А.Давлетов келди. Әдетте, ел ағалары салмақлы, қәтқуда, етек-жеңи кең болатуғынлығын билемиз. Бирақ, негедур бул жасуллы кеше ғана бул тараўға кирип келген, шаппаттай журналист Лолагүл Қаллыханованың үстинен Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирхановқа «Ҳүрметли Айтбай Жақсымович» деп хат пенен шығып,«Л.Қаллыханованың ҳәрекетинде экстремистлик идея барма, соны анықлап бериң, бар болса нызамлы ис көриң» деп мүрәжат еткен. Бул жасуллының бундай ҳәрекетинен соң мен елеге шекем мына сораўларға жуўап таба алмай атырман:

Жоқарғы Кеңес Баслығы орынбасары сын мақала жазған адамды «жынаятшы» деп түсинеме екен, сонда?..

Ал егерде, экстремистлик ҳәрекети бар-жоқлығын билиў ушын хат берди, «буның неси жаман» дейтуғын болса, онда ертең басқада комитет баслықлары, Министрлер Кеңеси ҳуқыққорғаў органларына мүрәжат етеди. Сонда журналист еки ортада сергиздан болып, бүгин ананың мүрәжаты ушын, ертең мынаның мүрәжаты ушын органба-орган жүребереме? Неге енди сол жасуллы адам, экстремистлик ҳәрекетлер қайсы журналистте бар екенлигин тийисли органлар қадағалап отырғанлығын, сол ушын олар ис ҳақы алып атырғанлығын билмеген болса...Мәселен бармақ бүгип санасақ, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети тиккелей усы бойынша жумыс ислейди, ишки ислер тараўында бул бойынша үлкен бир бөлим бар, прокуратурадада тап сондай. Солай екен, бул органларға қайсы лаўазымлы шахс болсада «мынаны көриң, ананы көриң » деп түртки бериўи шәрт емес, онысызда бул органлар кимниң не қылып жүргенлигин саррас билип отырыпты.


ҮЙГЕ БАСТЫРЫП КИРИЎ – КИМНИҢ ПИКИРИ?


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетовтың екинши қуўдалаўы. Лолагүл Қаллыханова менен басқада журналист ҳәм блогерлердиң 2020-жыл 25-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының қазасы бойынша берген мағлыўматына көре, әйне сол ўақыттың өзинде дәрҳал Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры Ф.Алламбергеновқа шара көриўди сорап мүрәжат еткен. Өз гезегинде Прокурор ағамыз да дәрриў хызметкерлерине тапсырма берген. Ақыбетинде, бирнеше журналист блогерлер, соның ишинде Лолагүл Қаллыханованыда түнги саат 24-лер шамасында алты бирдей арнаўлы автотранспортта «қәўипли рецедивист» таўып, тап соны услағандай етип үйинен алып шыққан ҳәм үш-төрт саат даўамында сораўға тутқан.

Ақыбети не болғанын билесиз, жағдай ушығып кетип, пүткил дүньяға даўрығы шығып кетти, өз гезегинде шет ел ғалаба хабар қуралларында бул ҳәрекетти Өзбекстандағы сөз еркинлигиниң буўылыўы, деп баҳа берди. 


БУНДАЙ ИС ТУТЫЎЫНА НЫЗАМЛЫ ҲУҚЫҚЫ БАР МА?


Өзбекстан Республикасы Жынаят процессуал кодексиниң 97-статьясында (буннан кейин «ЖПК» деп жүритиледи) сораў өткериў ҳәм шақырыў деген талап бар. Соған сәйкес, гүўаны, жәбирлениўшини, гүманланыўшыны, айыпланыўшыны хат арқалы шақырыў керек екенлиги көрсетилген. Тилекке қарсы, жоқарыдағы органлар таң атқанға шекем шыдамы жетпей, нызамның бул талабынан атлап өткен.

Екиншиден, журналистлердиң жеке мүлки болған уялы телефон, ноутбуклары алып қойылған. Бул ҳәрекетлерге келсек, усы Кодекстиң 162-статьясында жеке тинтиў, алып қойыў тәртиби көрсетилген болып, бунда шахс исте гүманланыўшы яки айыпланыўшы болған тәғдирде ғана, ондада сорастырыўшы, тергеўши тәрепинен тинтиў өткериў ҳәм тинтиў баянламасының бир нусқасын шахсқа бериўи шәрт екенлиги көрсетилген. Бул жерде де орган тәрепинен журналистлердиң нызамлы ҳуқықы бузылғанлығы оқымаған адамғада аян. Ал енди...


ПРОКУРАТУРА ЖУЎАБЫ



Редакция тәрепинен бул жағдайлар бойынша Республика прокуроры атына сораўнама берилди. Ашынарлысы, берилген сораўларға нызамның қәлеўи емес, ал өзлериниң қәлегени бойынша жуўап берген.

«Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 27-статьясында: егер мүрәжатта келтирилген барлық мәселелерге толық жуўап берилген жағдайда, мүрәжат көрип шығылған деп есапланатуғынлығы айқын сәўлелендирилген. Лекин, прокуратура органы редакцияның берген сораўларына толық жуўап бермеди.

Усы орында қыялымда мыналар өтпекте... ЖПКниң 1-статьясында ЖПКте көрсетилген талаплар бирнеше органлар менен бирге ишки ислер ҳәм прокуратура органы ушын мәжбүрий характерге ийе делинген. Ал енди усы Кодекстиң 22-статьясында ҳақыйқатты анықлаў принципидәл  көрсетилген болып, оған көре кодексте көрсетилген талаплардан тысқары пуқаралардың ҳуқықларын шеклеп ҳәрекет етиўге нызам жол қойылмайтуғынлығы да белгилеп өтилген.

Редакцияға Прокуратура органы, телефон ҳам ноутбукларын «Судқа дейинги комплекс экспертиза тайынлаў мақсетинде айғақлы зат сыпатында алынған» деп жуўап берди. Усы орында сораў туўылады: экспертиза кимлер ушын өткериледи, оның ушын журналист ҳәм блогерлерди гүманланыўшы ямаса айыпланыўшы деп табыў керек емес пе? ЖПКниң 22-бабында да бул бойынша анық түсиник берилген, сораў туўылады айғақлық зат деген термин қашан, қандай ўақытта қолланылады? Айғақлық зат деп табыў ушын шахслар иске гүманланыўшы ямаса айыпланыўшы сыпатында тартылған болыўы керек, бул ҳәрекет ЖПКниң 207-статьясында анық көрсетилген.

Жынаят кодексиниң 9-статьясында айып ушын жуўапкершилик принципи нәзерде тутылған, сол екен усы кодекстиң 142-статьясында пуқаралардың турар жайына қол қатылмаслығын бузыў, яғный пуқаралардың үйине биймезгил ўақытта бастырып кириў ушын жаза шарасы көрсетилген. Ал, 234-статьяда болса шахсты қысқа мүддетке еркинен айырыў, яғный себепсиз түрде (гүманланыўшы, айыпланыўшы, судланыўшы болмасада) услап турғанлық ушын жаза шарасы көрсетилген, ис бойынша  ҳақыйқаттанда журналист ҳәм блогерлердиң ерки қысқа мүддетке болсада айырылған еди. Усы орында және сораў туўылады бул статьялар кимлер ушын екен, ҳуқыққорғаў орган хызметкерлери нызамның белиненде емес ал нызамды женшип өткен болсада оларға жаза жоқпа?

Қулласы орысларда:« С сильным не борись, с богатым не судись» деген гәп бийкарға айтылмағанба, - дегим келеди.


Дәўлетмурат Тәжимуратов

Ел хызметинде газетасы Бас редакторы


Report Page