#Армия

#Армия

Kuchkaroff.S

Әскерий хызметке баратуғынлар үш басқышлы арнаўлы таңлаўлардан өткериледи

Ҳүкиметлик қарар тийкарында Шақырылыўшыларды сайлап алыў тәртиби ҳаққындағы устав тастыйықланды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

Бул устав шақырылыўшыларды әскерий-техникалық қәнигеликлер бойынша таярлыққа шақырыў ҳәм мүддетли әскерий хызметти атқарыў ушын сайлап алыў тәртибин белгилейди.

Таңлаў шақырылыўшылардың улыўма физикалық таярлығын баҳалаў, кәсиплик таңлаў ҳәм жеке тәртиптеги сәўбет формасында район ҳәкиминиң қарары менен тастыйықланатуғын Таңлаў кеңеси тәрепинен әмелге асырылады.

Таңлаў шақырыў жылынан алдынғы жылдың 10-августынан шақырыў жылының 10-февралына шекем өткериледи.

Таңлаўда қатнасыў ушын шақырылыўшылардың саны шекленбейди.

Шақырылыўшылардың улыўма физикалық таярлығын баҳалаў төмендеги нормативлер бойынша өткериледи:

– турникте тартыныў;

– 100 метрге жуўырыў;

– 3000 метрге жуўырыў.

Бул нормативлерди тапсырмаған шақырылыўшылар кәсиплик таңлаў илажларына қойылмайды.

Кәсиплик таңлаў компьютер арқалы 60 сораўға жуўап бериў арқалы шөлкемлестириледи.

Сораўлар мектеп, колледж ҳәм лицей бағдарламалары шеңберинде дүзиледи және сораўларды шешиў ушын 1 саат 30 минут ўақыт бериледи.

Сораў-жуўаплардың жуўмақлаўшы баҳасы мониторда автомат түрде көринеди ҳәм кәсиплик таңлаўды қайта тапсырыўға рухсат берилмейди.

Жеке тәртиптеги сәўбет видеобақлаў камералары қадағалаўында Өзбекстан тарийхы, Әмир Темур ўәсиятлары ҳәм басқа уллы ата-бабаларымыздың өмири және хызметлерине байланыслы билимлерин анықлаў арқалы әмелге асырылады.

Жеке тәртиптеги сәўбет жуўмағында Таңлаў кеңеси шақырылыўшыны әскерий-техникалық қәнигеликлери бойынша таярлыққа шақырыў ямаса мүддетли әскерий хызметти атқарыў ушын усыныс етиў яки усыныс етпеў бойынша қарар қабыл етеди.


 


Report Page