А

А

А

Улыўма нырқы 300 млрд сумлық жаңа Мойнақта аэропорты ҳаққында 


 

Мойнақ қаласындағы улыўма нырқы 300 млрд сум болған жаңадан бой тиклеп атырған аэропортқа өткен ҳәптеде  27 жыллық үзилистен соң биринши мәрте Аэробус А-320 жолаўшы самолети Ташкенттен келип қонды. 

Аэропортта әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумыслары жойбарластырыў жумыслары менен бир ўақытта әмелге асырылмақта. 

Аэропорттың ушыў-қоныў жолағын қурыў жумыслары Автомобиль жоллары комитети тәрепинен алып барылмақта. Жаңа терминал имаратын қурыў ҳәм аэропорт әтирапын ораў жумыслары болса “Өзбекстан темир жоллары” АЖ тәрепинен әмелге асырылмақта.  


Мойнақ аэропортын реконструкция етиў жумыслары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16-январьдағы “Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарарына муўапық әмелге асырылмақта. 

Жойбардың улыўма нырқы – 300 млрд сум.  

Объекттиң 2,3 километр узынлықтағы ушыў-қоныў жолағы, ҳәрекетлениў жолақларын ҳәм перронды қурыў жумыслары ушын 100,9 миллиард сум ажыратылыўы нәзерде тутылған.  

Ҳәзирги күнде аэропорттың ушыў-қоныў жолағы, ҳәрекетлениў жолағы ҳәм перронда топырақ жумыслары, қум-шағыл араласпасын ҳәм асфальтлы бетон қапламасын төсеў жумыслары толық жуўмақланды. 


“Өзбекстан темир жоллары” АЖ қаржылары есабынан аэропорт шегарасына 9 км узынлықтағы тосықлар орнатыў ҳәм 50 жолаўшыға мөлшерленген терминал қурыў жумысларына 16 миллиард сум ажыратылыўы режелестирилген. Ҳәзирги күнге шекем объектнинг фасад тәрепи, төбеси толық питкен. 

Сондай-ақ, сигнал шамлары ҳәм радиолокация үскенелери ушын 60 миллиард сум ажыратылыўы белгиленген болып, “Өзбекстан ҳаўа жоллары” компаниясы тәрепинен Германияның “Protec Automation GmbH” компаниясы менен үскенелерди орнатыў ҳәмде иске түсириў бойынша шәртнама дүзилген. 

 

Күниге 19 мәрте рейс әмелге асырылатуғын еди 

Мойнақ аэропорты биринши мәрте 1947-жылда қурылған. 3-дәрежели "Мойнақ" аэродромы Ан-24, Як-40 сыяқлы жеңил самолётларды, сондай-ақ барлық түрдеги вертолётларды қабыл еткен. 

Өткен әсирдиң 90-жылларына шекем Мойнақ қаласы атаўда жайласқанлығы себепли оған автотранспортлар қатнамады. 

1960-жыллардан 90-жыллардың басларына шекем аэродромда Ан-2 самолётлары базасы жайласты. Қоңырат, Нөкис, Үргениш, Тахтакөпир, Қазақдәрья, Аспантай, Төлей елатлы пунктлери менен күниге 19 мәртеге шекем жолаўшы рейслери әмелге асырылды. Ташкенттен де ҳәптесине 3 рет самолёт қатнаған. Жолаўшылар тасыў ушын мөлшерленген ақырғы пәрўаз 1993-жылда әмелге асырылған.  

90-жыллардан баслап теңиз суўы қурып кеткеннен кейин Мойнақ аэропорты аэронавигациялық жумысларды әмелге асырыў ушын, айрықша, Аралдың қубла регионындағы шегиртке ошақларына қарсы гүресиўде агрохимиялық илажлар ушын қоным жайы сыпатында ислетилген. 

 

Е. Қанаатов, ӨзА

Report Page