Инновациялық идеяларды турмысымызға енгизип атырған Қубла Кореялы оқытыўшы ҳәм волонтёрлар

Инновациялық идеяларды турмысымызға енгизип атырған Қубла Кореялы оқытыўшы ҳәм волонтёрлар

Salamat Avezov

Бүгин өмиримиздиң бәрше салаларында заманагөй технологиялар кирип бармақда. Булсиз раўажланыўды көз алдымызға келтире алмаймыз. Ҳәзирги жаслар алдын компьютерди терең үйрениўи, заманагөй илимди өзлестирилиўи, дүньядағы басқа теңлеслери менен еркин ингилис тилинде сәўбетлесиўине ҳәўес қыламыз.

Кейинги жылларда мәмлекетимиз басшысының ҳәрекети менен усы тараўда да қатар өзгерислер әмелге асырылмақта. Сөзимниң дәлили есабында Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалына Қубла Кореяның Сунг Кьюн Хван университетинен бир қатар оқытыўшылар ҳәм волонтёрлар өз инновациялық идеяларды турмысымызға енгизиў мақсетинде келди.

Қубла Кореядағы информациялық технологиялар тараўындағы усы тәжирийбели оқытыўшылар ҳәм волонтёрлар Мухаммед ал-Харезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалы басламасы ҳәм шақырыў жойбары тийкарында Нөкис қаласына келди. Олар 1 ай даўамында филиал студентлерин, соның менен бир қатарда Мухаммед ал-Харезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалы қасындағы академик лицей оқыўшыларын соңғы заманагөй технологиялар бойынша оқытады, тәжирийбе алмасады ҳәм әмелий-лабораториялық жумыслар алып барады.

Келген мийманлар дәслеп филиалы дирекциясы тәрепинен қызғын ҳәм салтанатлы түрде күтип алынды. Қубла Кореядағы информациялық технологиялар тараўындағы усы тәжирийбели оқытыўшылар ҳәм волонтёрлар филиалы басламасы ҳәм шақырыў жойбары тийкарында пайтахтымызда мийманда болып турыпты.

Олар 1 ай даўамында филиалымыз студентлерин, соның менен бир қатарда ТИТУ Нөкис филиалы қасындағы академик лицей оқыўшыларын соңғы заманагөй технологиялар бойынша оқытады, өз-ара тәжирийбелерини алмасады ҳәм әмелий-лабораториялық жумыслар алып барады.

Бул өзиниң мәмлекетимиз жасларымыздың билим ҳәм көнликпелерини еледе асырыўға инновациялық идеяларыны раўажландырыўына Қубла Кореялы оқытыўшы ҳәм волонтёрлар менен тәжирийбелерини турмысымызға енгизиўимизге түртки болыўы сөзсөз.  

Саламат АВЕЗОВ,
Мухаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университетиниң Нөкис филиалы «Оқыў бөлими»ниң лаборанты, ӨзЛиДеП ағзасы.

05.07.2018 11:07:49



Report Page