Paxta 2019

Paxta 2019



ХОЖЕЛИ РАЙОНЫ ҲӘКИМИНИӉ ХАЛЫҚҚА МҮРӘЖАТИ!

Ҳүрметли пуқаралар!!! Бүгин районымызда ғалаба пахта терими басланды. Быйылғы пахта терими бурыӊғы жыллардан кескин парық қылып, еӊ баслысы мәжбүрий емеслиги, ал керисинше, ықтыярыйлық пенен қосымша дәрамат табыўға қаратылғанлығы менен ажыралып турады.
Яғный, Ҳүкиметимиз қарарына муўапық, биринши теримде 1 кг. пахта ушын – 800 сўм, ал екинши теримде 1 кг. пахта ушын – 1000 сўм етип анық баҳалар белгиленди. Бул дегени, орташа 60 кг. пахта терген пуқара бир күнде 48.000 сўм (1-терим) яки 60.000 сўм (2-терим), 1 айда болса жәми 2.000.000 сўм әтирапында қосымша дәрамат табыўы анық.
Сондай-ақ, пахта атызларында теримшилер ушын барлық шараятлар жаратылған болып, олардыӊ аўқатланыўы, дем алыўы ҳәм кеўилли мийнет етиўи ушын қолайлы имканиятлар таярлап қойылған.
Хожели районында 108 пахта терим отряды дүзилген болып, бүгинги күнде жәми 13.895 теримши анық дизимге алынған. Олар менен нызамлы тәртипте мәўсимий мийнет шәртнамалары рәсмийлестирилип, бәршеси отряд баслықларына бириктирилген.
Биз Конституциямыздыӊ 37-статьясындағы: «ҳәр бир шахс мийнет етиў, еркин кәсип таӊлаў, әдалатлы мийнет шараятларында ислеў ҳәм нызамда көрсетилген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықына ийе», сондай-ақ, Мийнет кодексиниӊ 8-статьясындағы «Ҳәр бир шахстыӊ мийнет ҳуқықлары кепилленеди» деген қатаӊ нормаларды өзимизге уран етип алғанбыз!!!
Солай екен, районымызға жақын болған бәрше қала ҳәм районлардыӊ қосымша дәрамат табыў нийетиндеги Гүллан Халқын Хожелимизде пуқта шөлкемлестирилген пахта теримине белсенди қатнасыўына шақырып қаламыз! Өзлериниӊ мийнет сүйгишлиги, пидайылығы ҳәм жанкүйерлиги менен районымыз қырманына салмақлы үлес қосқан ҳәр бир теримши айрықша хошамет ҳәм баҳалы сыйлықлар менен сөзсиз тәмийнленеди!
Районда пахта терими бойынша «Мәлимлеме орайы» дүзилген болып, төмендеги телефон рақамларға қоӊыраў етиў арқалы дизимге алыныўыӊыз ҳәм отрядларға биригип нызамлы жумыс ислеўиӊиз мүмкин:

1. 61 554-17-30 «Мәлимлеме орайы» (жуўапкер Халдар Ачилов)
2. https://t.me/hokimgamurojaat
«Хожели районы ҳәкимине электрон мурәжат» телеграм группасы
3. 61 554-15-52 район ҳәкимлиги нәўбетши бөлими
4. 61 554-10-31 ҳәкимликтиӊ аўыл-хожалығы бөлими

Еслетпе: Бюджет кәрханалары, оқыў орынлары, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, медицина хызметкерлери, жас өспиримлер ҳәм өз разылығы болмаған бәрше пуқаралар пахта теримине шығыўы нызам бойынша кескин қадаған етилген. Атап өтилген шахсларды пахта теримине қосқан ҳәр бир лаўазымлы шахс жуўапкершиликке тартылатуғынлығы ескертиледи.
БИЗ МӘЖБҮРИЙ МИЙНЕТКЕ ҚАРСЫМЫЗ!!!
Хожели районы ҳәкими Ж.М.Ермашев



Report Page