*   *   *

*   *   *


Үндемесов енди өзин кишигирим бөлме де емес, ал мәжилислер залының минберинен сөйлеп атырғандай сезинип, даўысына салтанатлы түс бермеге қарады.

-Мағлыўмат ушын айтып өтейин. Ҳүрметли ҳәкимимиз усы мәселе бойынша таң қаларлық усыныс берди. Таң қаларлығы сол, оны заманагөй тилде «инновациялық проект» деп атайды. Мине, усы проекттиң сызылмалары.

Ол рәңбәрең сызылмалар түскен қартаны бойынан жоқары көтерди.

-Көрип турғаныңыздай, ҳәкимлик имаратының күн шығар тәрепиндеги майсазарлық өз ҳалына таслап қойылған. Буннан отыз-қырық жыл бурын егилген тереклер қуўрап қалды. Проект бойынша сол майсазарлықтың ҳәкимлик имаратына жақын мүйешинен он бес сотих жер ажыратылады. Усы жерде заманагөй тандыр қурылып, халық, биринши нәўбетте қабыллаўға келгенлер ҳәм басқа да пуқаралар күндиз-түни узликсиз, ып-ыссы миллий шөрек нанлар менен тәмийин етиледи. Проекттиң әҳмийетлилиги сол, тандырда бир ўақыттың өзинде тойханалар, балалар бақшалары ушын да нан жаўылады. Проекттиң қуны, алдын ала есаплаўларға қарағанда, 8 миллиард 764 мың 545 сум етип белгиленген. Ҳәзирше…

Шляпасын мәжбүрий шешкен бағанағы жигит гәп қосты.

- Ҳаў, Сәдир тандыршы өзи ислеген тандырларының ҳәр бирин алпыс мың сумнан сатып атыр. Екеўин алсаң, елиў мыңнан да береди…

Ол гәпин айтып, жуўмақлай алмады. Үндемесов енди проектти көрсеткиш бармағы менен көрсетип, нықлап сөйлемеге қарады.

-Сәдир гүлалдың тандыры бир мәрте ғана қолланылатуғын ылай буйым! Мына проектке қараң, деймен сизлерге! Тандырдың турысы- үлкен бир комплекс. Сегиз сотих жерде он еки бөлмели заманагөй имарат бой тиклейди. Бирим-бирим түсиндиремен. Мынаў, тандыр қурылатуғын бөлме .Кең ҳәм жарық. Тандырдың дөгереги сырт еллерден алып келинген заманагөй кафельлер менен төселинеди. Ҳаўаны тазалап турыўшы үскенелерди Европаның раўажланған еллеринен алдырамыз. Төрт дийўалы миллий шөреклеримиздиң сүўретлери түсирилген орнаментлер менен безетиледи. Бул жумысларды атқа шыққан халық өнерментлери буйыртпа тийкарында орынлайды.

 Енди, мына жаққа қараңлар ! Екинши бөлме, нанбайлардың жатып дем алыўы ушын қурылады. Себеби, жақсы мийнет еткен адам, жақсы дем алып та билиўи керек. Бул жерге жуп-жумсақ мебеллер, үлкен экранлы телевизор қойылады. Нанбайлар ушын интернет хызметин жақсылаў мәқсетинде, жанынан байланыс минарасы бой тиклейди. Оннан кейингиси-жазғы ҳәм қысқы бассейнлер. Және, усы жерге… анаў бар-ғой, атың қурғыр, ҳе-е.. «жакузи» деген нәрсени қоямыз. Кейингилери баслық, баслықтың орынбасары, бухгалтерия, қабыллаўхана кабинетлери ҳәм адамлардың дем алыс бөлмелери болады. Кеминде отыз жумыс орны ашылатуғын бул кәрхана басшылары ушын офисте заманагөй талғам менен безетиледи. Ким биледи, бир күн болмаса, бир күни бул жерде жабылған шөреклерге сырт еллерден келген туристлер қуштар болып қалса, уялып қалмайық деп атырмыз. Қәне, не дейсизлер ? 

 Отырғанлардан саза шықпады.


 *   *   *   *   *


Канал: @Atamakannews

Report Page