*   *   *

*   *   *


Үндемесов ҳәммени және бир мәрте көзден өткерип, сөзлерин баслады.

- Ҳәзирги сиясатымыз- халыққа жақын болыў, халықтын ишине тереңирек кирип барыў. Халыққа жақынласыўдың бирден-бир жолы- адамлар ушын қолайлы жағдай, шараят жаратып бериў. Мине, бәриңиз жақсы билесизлер, ҳәр ҳәптениң сийшемби күни ҳүрметли ҳәкимимиз пуқараларды қабыллайды. Таң сәҳәрден қас қарайғанға шекем, гейде күн батқаннан кейинде ҳәкимликтиң алды үмбе-дүм ,жүзлеген адамлар топланады. Бәри өзлериниң қабыллаў гезегин күтеди Мине, сол гезек күткенлерге биз қандай шараят жаратып берип қойыппыз? Көрдиңлер-ме, гәп қаяқта жатыр!

Ол бир минуттай тыныс салды. Бирақ,жыйналғанлардан саза шықпады.

-Адам баласы-темир емес. Қарыны аш болады, суў, шай ишкиси келеди. «Гезегим өтип кетер» деп, ана Батыр бизнестиң шайханасына барып келиўге де ўақыт таппайды. Туўры-ма ?

 Бир-еки адам «туўры» дегендей болды, және үш адам бас ийзеди.

 Үндемесов енди мәқсетке қарай туўры киятырғанын аңлап, даўысын көтерип, сөйлемеге қарады.

-Айтың, енди не қылыў керек ? Ишиңизде биреўиңиз болмаса, биреўиңиз усы мәселе бойынша ҳәкимге бир аўыз болса да, усыныс айтып көрдиңиз-бе? Айттық-па? Айтпадық! Тым-тырыспыз. Ҳәтте усы қабыллаўға өзлеримизде қатнасып, шөлден еринлеримиз қақ-қақ айырылып жүрген ўақытлар көп болған болса да!

Үндемесов оң тәрепинде отырған жасы үлкен адамға жүзленди.

-Мине, сиз Салыйжанов, көпти көрген тәжирийбели хызметкерсиз.Бизлер жумысқа енди ғана келгенимизде сиз бөлим баслығы едиңиз. Ҳәтте, сиз де усы мәселе бойынша бир мәрте болса да, аўыз ашпағансыз. Туўры-ма ?

Салыйжанов сийрекленип қалған шашларын сыйпап, «енди, енди…» деўден арыға бармады.


Канал: @Atamakannews

Report Page